Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.
— Адамларды «торғай» ҳәм «байыўлы» деп ажыратқанымыз дурыс па? — Бундай ажыратыўлар турмыста, адамлар арасында ислетиледи. Бирақ, кеш жатыў ҳәм ертеңине кеш уйқыдан турыў көбинесе ертерек жатқысы келмейтуғын адамларға ылайық деп тастыйықлаўлар да надурыс.
Сиңлим 18 жаста. Жас болыўына қарамастан кийим-кеншек сатып алыўға өш. Қанша айтсақ та пайдасы болмай атыр. Бир кийген кийимин екинши мәрте киймейди. Не ислесек, оны бул «ғулғула»дан қутқарыўымыз мүмкин? Наргиза, Нөкис
Қан – өмир бериўши суйықлық, ол адамның жүрек-қан тамыр системасы бойлап ағып, пүткил денени, орган ҳәм тоқымаларды кислород ҳәм азық-элементлер менен тәмийинлейди. Адам организминдеги барлық процесслер қан жәрдеминде әмелге асады. Қан инфекцияларға қарсы гүреседи, зат алмасыўынан артып қалған шығындыларды сыртқа шығарыўға үлес қосады. Қан плазма ҳәм формалы элементлер: эритроцитлер, лейкоцитлер ҳәм тромбоцитлерден қуралған. Қанның реңи эритроцитлер қурамындағы гемоглобин есабына қызыл болады. Лейкоцитлер иммунитет «әскерлери» есапланады. Олар бизди түрли микроблардан қорғайды. Тромбоцитлер болса жарақаттан көп қан кетпеўи ушын қан уйыўына жуўап береди.
Дүнья халықлары арасында ең узақ өмир көретуғынлар Кавказ ҳәм Орта Азияда жасайды екен. Бул қатарда бизиң адамлар да бар екенлиги адамды қуўандырады. Узақ өмир көриў себеплеринен бири – бул көк шөплерди молдан қабыл етиў екен. Әлбетте, көк шөплердиң қандай қәсийетлери бар ҳәм олар нелерге пайда екенин билгеннен кейин, неге көк шөп жейтуғынлар узақ өмир кешириўин билип аласыз.
Егер еркек ҳаялынан өтиниш еситпесе, онда ол «Мен оған керек емеспен!» деген жуўмаққа келеди. Ҳайран қаларлық пикир. Оның, өзи билген ҳақыйқаты бар. Еркек жақсы көрген ҳаялының машқаласын шешкиси келеди, ал ҳаял машқала ҳаққында сөйлемейди, ол мәселе қоймайды, ҳаял «күйеўимниң өзи менде қандай машқала, қандай мүтәжлик бар екенин түсинип алыўы керек» деп ойлайды. Еркек анық буйыртпа күтеди: «Қәдирданым! Бириншиден мынаны ислеў керек, екиншиден мынаны, үшиншиден болса ананы, ҳаў айтқандай төртиншиси де бар екен-ғой, өтиниш ислеп жиберш…». Гейбир ҳаяллар «Ҳаў! Мен күйеўимнен өтиниш етип көрдим, лекин ол ҳеш нәрсе ислемейди!» деўи де мүмкин. Жуўап мынадай: Не ушын күйеўиңиз өтинишиңизди бежермейди? Өйткени, бул жүдә әҳмийетли нәрсе жетиспейди: мысалы сиз күйеўиңизден бир нәрсени бежериўди сорадыңыз, ол орынлады ҳәм буннан кейин сизде оның исине таңланыў ҳәм мақуллаў болыўы керек. Сонда күйеўиңиз сиз бенен болған усы мүнәсибеттен қуўанышты, өзин керекпен деп сезеди: «Мен ҳаялымның өтинишин орынлап едим, ол маған таң қалады, мен оны таң қалдырдым!» Ол бул сезимди және бир мәрте басынан кеширгиси келеди, ол және бир мәрте ҳаялының мақуллағанын ҳәм таң қалғаның сезгиси келеди. Солай етип, ол «Не ислейин? Қәне, айт. Және не сатып әперейин? Және не алып келейин?» дейди.
Егер ҳаял турмыста бахытлы болыўды қәлесе, ол күйеўиниң минезин түсинип алыўы керек ҳәм оның гәпинен шықпаўға ҳәрекет етсин. Ҳаялдың жеңиси – усыда! Ертеде уллы патшалардың қызлары да күйеўлери менен болған мүнәсибетте өзлерин күйеўиниң хызметкери киби тутқан. Ҳаял қай дәрежеде уллы болмасын, ол өзин күйеўи менен әйне солай тутыўы тийис. Басқаша айтқанда, ол күйеўиниң қәлеген тапсырмасын орынлаўға таяр турыўы керек ҳәм бәрқулла оны қанаатландырыўға умтылсын. Тек сол ўақытта ол бахытлы болады. Ал, егер ҳаял күйеўи киби шатақ ҳәм талапшаң болса, олардың турмысы тек қәўетерден ибарат болады ҳәм ақыры бузылады. Ҳәзирги дәўирдиң ҳаяллары түрли себеплерди таўып, күйеўлерине бойсынбай атыр ҳәм сонлықтан көпшилик шаңарақлар әйтеўир нәрселерден бузылып кетпекте. Я күйеўи, я ҳаялы ажырасыўға арза береди. Лекин, көп шығыс журтларында ажырасыў деген түсиниктиң өзи жоқ, себеби, бул журтларда ҳаял-қызлар күйеўине бойсыныў кереклиги үйретиледи. Батыс еллеринде болса бул жағдай ҳаяллардың қуллығы деп есапланады, бирақ ҳақыйқатында олай емес.
Баланы ерте оятыў көпшилик үлкенлер ушын жүдә қыйын жағдай. Әсиресе, қыстың күнлеринде оятыўды айтпайсыз ба? Не ушын бала ерте азанда ояныўға қыйналады ҳәм оны қалайынша тез ояныўға үйретсе болады? Бул нормал жағдай Күнниң қараңғы бөлегинде, қыс күнлеринде еле әтирап жақтыланбағанша уйқылаў адам ушын тәбийий физиологиялық процесслерден бири. Өйткени, адамдағы физиологиялық ҳалатлардың барлығы қуяш шығыўына ҳәм батыўына қарап режелестириледи. Сол тийкарда уйқыға кетиў де, азанда ояныў да. Күнниң қараңғы бөлегинде түнде адамның уйқылаўға кетиўи ушын мелатонин гормоны ислеп шығарылады. Күн жақтыланып, қуяш шыққаннан кейин болса бул гормон кортизол гормоны ислеп шығарылыўы менен алмасады. Кортизол гормоны уйқыдан кейин тетиклесиўге ҳәм организмди энергия менен байытыўға жәрдем береди. Гормон ислеп шығарылыўының көбейген бөлими қуяштың ең жоқары шоққыға көтерилген ўақтына туўры келеди. Бул тәбийий процесс балаларда да бирдей. Бирақ жаўын жаўған күнлерде жақтылықтың бираз кемейиўи себепли организмде кортизол гормоны ислеп шығарылыўы кемейеди. Соның ушын да бундай ҳаўа райында балалар өзин уйқысырағандай, бираз шаршағандай сезеди. Барлығы өз ўақтында болғаны жақсы Негизи баланың тынығып уйқылағаны оның саат нешеде турғанына емес, неше саат уйқылағанына байланыслы. Киши жастағы мектеп оқыўшылары суткасына 9-10 саат уйқылаўы тийис. Бираз үлкенлеў балаларда болса тап үлкенлер сыяқлы уйқы ўақты 8-9 саатты қураўы лазым. Егер бала бул көрсеткиштен аз уйқылаған болса, азанда ояныўында қыйыншылықлар пайда болады. Тынығып уйқылаўға не тосқынлық етеди? Нормада бала организминдеги тәбийий биоритмлер үлкенлер сыяқлы ҳәрқандай күн тәртибине ийкемлесе алады. Бирақ бунда оны бул тәртипке дурыс үйретиў, ийкемлестириў баслы ўазыйпалардан бири саналады. Уйқы сапасына ең көп тәсир көрсететуғын факторлардан бири бул бала күн тәртибиниң тез-тез өзгериўи есапланады. Бала базыда ерте уйқылаўға жатады. Ертеңине болса бир нәрсе себеп болып бираз кешлеў уйқыға жатыўы себепли күн тәртиби улыўма өзгерип кетеди. Буның ақыбетинде азанда тура алмайды, биринши сабаққа да кешигеди. Соның ушын да қәнигелер ата-аналарға баланы өз ўақтында уйқылатыў ҳәм белгиленген ўақытта оятыў әҳмийетли екенлигин көп айтады. Баланы жатыўдан алдын аўқатландырмаң Баланың тынығып уйқылаўына тосқынлық ететуғын және бир фактор бул, кешки аўқатлардың көбейип кетиўи есапланады. Балаға уйқылаўдан алдын түрли ширели затлар, ишимликлер иширмеўге әдетлениң. Себеби олар қанда қант муғдары көтерилиўине себеп болады ҳәм уйқы сапасының бузылыўына алып келеди. Нәтийжеде кортизол гормоны ислеп шығарылыўы төменлейди. Балаға уйқылаўынан алдын ҳеш нәрсе бермең. Қалаберди, бала уйқылайтуғын бөлме жақтыландырғышлары да жүдә жақты болмаўына итибар бериң. Азанда оятыўдан алдын болса бөлмени имканы барынша жақтыландырыўға ҳәрекет етиң. Бул уйқыдағы организмди тезирек «оятыўға» жәрдем береди.
Доктор Джанис Салливан (профессор, педиатр ҳәм клиникалық фармацист) ыссылық негизи бизге душпан емес екенлигин айтады. Оның айтыўына қарағанда, жоқары температура бул организмниң инфекцияларға қарсы гүреси есапланады. Дене температурасы көтерилгенде организмде инфекциялар менен гүресетуғын ақ қан дәнешелери де көбейеди. Бул ақ қан дәнешелери вирус ҳәм бактерияларға қарсы тынымсыз гүреседи. Егер ыссылықты жасалма тәризде түсирсеңиз, организм инфекциялар менен жақсы гүресе алмайды ҳәм кеселлик созылып кетеди. Педиатр Доктор Свансонтың усыныс етиўине қарағанда, ыссылыққа емес, ыссылығы көтерилген балаға итибар бериў керек. Егер ыссылығы жоқары бала жетерли суў ишип атырған болса, ойнап атырған болса ҳәм көриниси жақсы болса, ыссылықты түсириўдиң кереги жоқ. Доктор Чоу-Джонсон дене температурасының көтерилиўи туўралы төмендеги пикирлерди билдиреди: Ыссылық қәўипли емес. Ыссылығы көтерилип атырған баланы дәри ишириў ушын оятпаң. Ол ушын ҳәзир уйқы әҳмийетли ҳәм пайдалырақ.Ыссылығы көтерилип атырған бала жетерли суў ишип атырған болса, жетерли киши дәретке шығып атырған болса ҳәм сизге жуўап беретуғын болса – ыссылықты түсириўдиң кереги жоқ. Керисинше болса, медициналық жәрдем керек болады. Мақсетиңиз ыссылық түсириў емес, ал ыссылығы көтерилип атырған балаға комфорт жаратыў болсын. Балаға комфорт жаратыў ушын оған көбирек суйықлық ишириң. Баланың терисине спирт ямаса арақ жақпаң, себеби спирт тери арқалы қанға сиңеди. Ыссылық түсиретуғын дәрини тек ғана бала өзин жүдә жаман сезсе бериң, яғный сонда да мақсет ыссылықты түсириў емес, ал бала өзин жақсы сезиўи (комфорт) ушын болыўы тийис. Дәрилерди араластырып берип тасламаң, бул дозаның асып кетиўине алып келеди ҳәм зыян етеди.
Японлар узақ өмир көриў бойынша дүньяда екинши орында турады, бул миллет ўәкиллери орташа 83 жасқа дейин жасайды. Буннан тысқары, японлар неше жаста болыўына қарамастан қалайынша жас көриниўи көпшилик ушын қызық есапланады. Төменде итибарыңызға япон ҳаяллары жас көриниўиниң 5 себебин усынамыз.
“Зарурат одамларни тиббий санъатни кашф этишга мажбур қилди” Гиппократ