Ўақыттың күши. Кең тарқалған надурыс түсиниклер

О.Г. ТОЛКУШКИН, психолог
RA-img

— Адамларды «торғай» ҳәм «байыўлы» деп ажыратқанымыз дурыс па?

— Бундай ажыратыўлар турмыста, адамлар арасында ислетиледи. Бирақ, кеш жатыў ҳәм ертеңине кеш уйқыдан турыў көбинесе ертерек жатқысы келмейтуғын адамларға ылайық деп тастыйықлаўлар да надурыс.


Егер адам түнги саат 10 да уйқыласа, онда ол Айдың энергиясы менен азықланады. Бул энергия организмди дөретиўшилик күш пенен толтырады, оны беккемлейди, химиялық затлардың синтезин активлестиреди ҳәм адам психикасына дем береди. Ал, бундай ўақытта уйқыламай жүргенлер Жердиң ҳәм Қуяштың зыянлы энергиясын қабыллайды. Өз гезегинде, түнги 12 ден кейин Ай өз күшин жойтады, сонлықтан да тек 10-12 ўақыт аралығында ғана терең уйқы болыўы мүмкин. Бундай уйқы ақылға, психикаға пайдалы ҳәм нормаль уйқылаўға имкан береди.

Кеш жататуғынлардың денсаўлығы төменлейди, психикасы унырайды. Оларда гипертониялық кеселлик пайда болады, зат алмасыўы бузылады, иммунитети пәсейеди, эмоционаллық фоны бузылады. Ерте жатып, ерте туратуғынлардың саламатлығы жақсы болады.

— Ондай болса, «байыўлы»ларға айтатуғын қандай мәсләҳәтлериңиз бар?

— Өз ўақтында жатыўға организмди мәжбүрлеўди мәсләҳәт берер едим. Буның ушын кешки саат алтыларда жыллы душ қабыллаў керек, кешқурын ҳәрқандай актив ҳәрекетлерди тоқтатқан мақул. Бул ўақыт ишинде адам күшениўге мәжбүрлейтуғын жумысларды ислемеўи тийис. Оларды ертеңги, азанғы ўақытқа қалдырған жақсы. Кешқурын руўхыятты байытыўшы китапты оқыған жанға жағымлы болады. Бирнеше айлар даўамында организм өзгереди, ал кейинги ўақытларда әдеўир ерте турыўды әдетке айландырыўға болады. Организм тиклене баслайды.

— «Азанғы аўқатты өзиң же, кешки аўқатты душпаныңа бер» деген мақалға қалай қарайсыз?

 — Адам азанда жүдә тойып аўқат жесе, оны асқазан жақсы сиңире алмайды, өйткени бундай ўақытта Қуяш еле аспанға көтерилмеген болады. Ал, асты сиңириўге күшти Қуяш энергиясы береди.

Түслик пайыт, яғный саат 12-14 аралығында тойып аўқат жеп алыў керек. Соң организмге азғана дем берилгени жақсы. Сонда барлық энергия аўқатты сиңириўге кетеди. Соның ушын да азанғы аўқат жеңил, яғный сүтли ҳәм мийўели, ал түски аўқат тойымлы болыўы керек. Ең жақсысы, кешки аўқат жемеген мақул ямаса палыз бенен-ақ шекленген дурыс. Палыз кешки алтыдан соң организмге жеңил ғана сиңеди.

— Ал, гейпара адамлар «Уйқы алдынан барынша тойып жеп алыңлар, жегенлериң түн даўамында сиңип болады» дейди...

— Бундай адамлар тойып жейди, соң түн бойы организмлери сиңбеген аўқатлардан зәҳәрленеди. Зәҳәрлениў сондай күшли болады дейсең, ертеңине күндиз аз ғана аўқат жеўге шамасы келеди, ал ашырқаўлары тек кешке таман жүз береди.

— Алым-медиклердиң айтыўларына қарағанда, ересек адамлардың организми сүтти сиңире алмайды екен...

— Бул — оншелли дурыс пикир емес. Аюрведаның тастыйықлаўына қарағанда, сүт көплеген кеселликлерди емлейди. Ҳәзирги алымларымыздың «Қуяштың тәсириндеги ас сиңириў» (ол күндиз ҳәрекетке кириседи) ҳәм «Айдың тәсириндеги ас сиңириў» (ол түнде ҳәрекетке кириседи) ҳаққында дым түсиниги жоқ. Палыз өнимлери ҳәм сүт — Айдың тәсиринде сиңетуғын азықларға жатады. Бизиң илимпазларымыз сүттиң қәсийетлерин жетерли изертлемеген. Олар сүтти күндизги ас сиңириў турғысынан қарап, сиңимли емес деп тапқан. Ҳақыйқатын алғанда, ол сиңеди — тек кешқурын ҳәм адам уйқылап атырған ўақытта. Балалар сүтти күн удайы ишип жүре берсе болады, өйткени жети жасқа шекем олар Айдың тәсир шеңберинде жүреди. Ал, ересек адамлар Айдың тәсирине тек түнде бериледи. Олардың сүтти уйқылардан алдын ямаса сәҳәрде, Қуяш еле шықпай турған мәҳәлде ишкени мақул. Усы ўақытларда сүт жақсы сиңеди ҳәм денсаўлық ушын хызмет ете баслайды. Ол мийдиң жумысын дурыс жолға салады, патасланыўына жол қоймайды. Сүт Айдың энергиясын тутыныўға адамның санасын үндейди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар