Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери
RA-img

Шадлық гормонлары туўралы


Ислеп атырған жумысына кеўли толған, қәбилетин әмелге асыра алған, өзине исенишли, жеке турмысында бахытлы, белсенди турмыс тәризин бастан кеширип атырған оптимистлердиң пессимистлерге қарағанда кем аўыратуғынлығы ҳәм узақ жасайтуғынлығы ҳәммеге де аян болса керек. Адам психикасы ҳәм узақ өмир көриў  өз-ара  беккем байланыста,  өйткени кеўил-хоштың бузылыўы, жағымсыз эмоциялар  (қуўанышлы кейпияттан парықлы)  организмниң  қорғаныс системасын ҳәлсиретеди  ҳәм денсаўлықты төменлетеди.

 

Шадлық гормонлары

Буның себеби жүдә әпиўайы: бизге «шадлық гормонлары» жәрдемлеседи екен.  Бизлердиң шадлығымыз, басқа қонған  бахыттан кеўлимиздиң йошыўы, турмыстан  ләззет ҳәм рәҳәт алыўымыз — булардың бәри де биохимиялық  процесслердиң қурамалы шынжырлары болып, оларды «шадлық гормонлары» басқарып турады. Олардан — серотонин ҳәм эндорфин — бизлердиң кеўил кейпимизге тәсир етеди.

Серотонин  —  тәндарлық,  жақсы кейпият  ҳәм  оптимизмниң  гормоны.  Ол  жумыстағы  ҳәм  турмыстағы кескинлескен  ҳәм  шийеленискен қарым-қатнасықларды  жумсартады, уйқыға  және  иштейге  унамлы  тәсир етеди,  адамға  ләззет  бағышлайды ҳәм  кеўилди  көтериңки  етеди. Оның  көп  муғдары  банан, әнжир, арахис, алмурт ҳәм қурманың қурамында бар.

Ультрафиолет  нурлары  адам организминде  серотонинниң өндирилиўин  жийилестиреди.  Сол себепли,  Жер  шарының  арқа  ҳәм орта  кеңислигинде  жасаўшы халықлар  күнниң  узайыўы  менен өзлерин  анағурлым  тәндар  ҳәм шаққан  сезинеди,  сезонлық  депрессия ҳәм апатияларға берилмейди.

Эндорфинлер  —  биологик  актив бирикпелер болып, олар да «шадлық гормонларының»  қатарына  киреди.

Олар тек бизге шадлық, қуўаныш, эйфория (шектен тыс шадықоррамлық) бағыш  етип  ғана  қалмай,  соның  менен бирге тәбийий анальгетиклер де болып  табылады  ҳәм  иммун  системасы  клеткаларын  активлестиреди, организмниң  қорғаныў  механизмин беккемлейди,  денениң  ыссылығын төменлетеди  ҳәм  исиниўге  қарсы қәсийетке ийе болады.

Эндорфинлердиң  өндирилиўи ҳаяллардың ҳәмледарлық дәўиринде күшейеди,  көбейеди.  Әлбетте, бала  туўылғаннан  кейин  синтездиң дәрежеси  кескин  төменлейди  ҳәм буның  салдарынан  ҳаялларда туўыўдан  кейинги  депрессия  ҳәўиж алып  кетиўи  мүмкин.  Эндорфинлер спортшыларды «жүдә жақсы көреди» — физикалық шынығыўлардың саны ҳәм  даўамлылығы  артқан  сайын «шадлық  гормонлары»ның  муғдары да еселеп көбейеди.

Илимпазлар  эндорфинлердиң синтетикалық  аналогларын  ислеп  шығармақшы  болып,  көплеген тәжирийбелер  өткермекте,  бирақ елеге  шекем  елеўли  нәтийжелерге ерисе алған жоқ. Ҳәзирше «өзимизди бахытлы  етиў»  тек  тәбийий  усыл менен  иске  асырылмақта,  эндорфин  өнимлерин  өзимиздиң  сүйикли организмимизде  ислеп  шығарыўды көбейтиў  менен  қанаатланып  отырмыз.

 

Бизди не бахытлы етиўи мүмкин?

Бул — қыйын емес. Мазалы тағамлар. Әсиресе —  шоколадлар,  бананлар  ҳәм музқаймақлар. Стресс жағдайындағы ҳаяллар тезирек толыса баслайды — буның  лийкини  бар.  Шаршаў,  кеўил қалыспалар ҳәм қайғы-ғамлардың қолда  бар  даўасы  —  шоколадлы торт  болып  табылады.  Оған  ҳәр бир ҳаял өш. Бирақ, ақыбети де бар — буны ҳеш ядтан шығармаўымыз керек.

Жынысый  қатнасықта  усындай машқалалардың даўасы болып бурыннан берли саналып келген.

Спорт. Ярым саатлық физикалық шынығыўлар  қандағы  «шадлық гормонларының»  концентрациясын  5-7  есе  көбейтеди  ҳәм  оның қуўантыўшы  тәсири  организмнен бир ярым-еки саатқа дейин даўам етип  турыўы  мүмкин.  Бул  ўақыт ишинде гейбир қайғы-ғамларыңыз умыт болыўы ҳақ.

Ультрафиолет  нурлар.  Ҳәтте гүз ҳәм қыс айларында да қуяш нурында  қыздырыныўға  умтылыңыз. Ал,  жазда  да  қуяш  әптабында қыздырынып,  «қуяш  ванналарын» абайлап  қабыл  етиў  ядыңыздан шықпасын.

Күлки. «Күлки — өмирди узайттырады»  дейди  халық  даналығы.

Хошкеўилли, устарасы ысық адамлар  мудамы  эндорфинлердиң  ең жақын дослары болып келген.

Мақсетке  ерисиў.  Алға  қойған мақсетке  ерисиў  адамды  қандай қуўанышқа  бөлейтуғынын  ҳәр  ким билсе керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

КЕЙПИЯТТЫ ЖАҚСЫЛАҢ!

Дүнья жүзи илимпазларының атап өтиўинше, келешекке үмит пенен қарайтуғын адамлардың узақ ҳәм саламат өмир сүриўи ушын имканиятлары көбирек болады екен.

Категориялар