Шүкирлик етпеймиз…

RA-img

  


Бир адам жумыс столына отырып, қолына қәлем алды ҳәм өткен бир жылы ҳаққында жаза баслады: “Өткен жылы өт қалтам операция жолы менен алып тасланды. Бир неше ай жатақта жатып қалдым. Алпыс жасқа толдым. Отыз жыл даўамында ислеген баспаханадағы жумысымнан кеттим. Әкем қайтыс болды. Балам машинасында жолдан шығып кетип аварияға ушырады, бир неше ай оқыўға бара алмағанлығы себепли бакалаврлық дәрежесинен айырылды»

Бул жазыўлардың ақырына: “Өткен жылы жүдә жаман жыл болды“ деп жазды.

 

Ҳаялы кирип келди. Күйеўиниң кейпиятсыз отырғанын көрип, оған жақынласты. Күйеўиниң жазғанларын оқыды. Ҳеш нәрсе демей, бөлмеден әсте шығып кетти.

Арадан азырақ ўақыт өтип, қолында бир қағаз бенен кирип келди. Күйеўине ҳеш нәрсе демей, қолындағы қағазды оның алдына қойды. Күйеўи ол қағазды алып оқый баслады:

“Өткен жылы көп жыллардан берли азар берип турған өт қалтаңыздан қутылдыңыз.

Алпыс жасқа кирген болсаңыз да, Аллаҳға шүкир денсаўлығыңыз жақсы.

Жумысыңызды қойып, напақаға шыққаныңыз, үйде отырып бир неше китапларды аўдарыўыңызға түртки болды. Әкеңиз тоқсан бес жыл жасады. Ҳеш кимге сүйенип мүтәж болмады. Қыйналмастан, жеңил, тез ҳәм аңсат жан берди.

Балаңыз машинасында аварияға ушыраған еди, аман-саў қалды. Нәгиран болып қалмастан, машақатсыз тәўир болды“.

 

Бул жазыўлардың ақырында: “Аллаҳ таала өткен жылды бизлер ушын қаншелли қайырлы етти. Ҳәммеси жақсылық пенен жуўмақланды“ деп жазылған еди.

Екеўи де бир қыйлы ҳәдийселерди жазды.

 

Жуўмақ:

Биз удайына кемшиликти көремиз. Соның ушын, Аллаҳ тааланың берген инамларына шүкирлик етпеймиз. Бизден алып қойылған нәрселерди ойлап, бар итибарымызды соған қаратамыз. Қолымызда турған инамларды умытамыз, есимизге де келмейди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

КЕЙПИЯТТЫ ЖАҚСЫЛАҢ!

Дүнья жүзи илимпазларының атап өтиўинше, келешекке үмит пенен қарайтуғын адамлардың узақ ҳәм саламат өмир сүриўи ушын имканиятлары көбирек болады екен.

Категориялар