Күлкитерапия
Жақында мединститутты тамамлаған жас илимпаз шыпакер әкесиниң қасына келип:
– Аға! Сиз неше жыллардан берли даўасын таба алмай атырған кеселликке даўа таптым, – десе, әкеси оған ашыўлы түрде:
– Ахмақ! Усы кеселлик арқасында неше жыллардан берли сизлерди бағып киятыр едим-ғой, – депти.
*** *** ***
Операциядан шыққан атаның алдына оны көриў ушын дослары келипти. Үш минуттан соң ата жан айбатта тыпыршылап, қағазға бир нәрсени жазып атырып жан тапсырыпты.
Дослары:
– Өлиминен алдын көрип қалғанымыз жақсы болды. Не жазған екен, деп жазыўды оқып көрсе:
– Кислород шлангасынан аяқларыңды ал, – деп жазылған екен.
*** *** ***
Бир адам жумысқа кирмекши болып, сәўбетлесиўге барыпты:
– Неше тилди билесиз?
– Үшеў.
– Қайсылар?
– Өзбекше, орысша ҳәм инглисше.
– Онда, қәне, инглис тилинде бир сөз айтың.
– Guten Tag!
– Ҳаў, бул сөз немисше сөз-ғой!
– Демек, мен онда төрт тилди биледи екенмен-ғой!
*** *** ***
Кәрхана баслығы трибунада турып:
– Алдын да жақсы жасағанбыз, ҳәзир де жақсы жасап атырмыз, буннан кейин де жақсы жасаймыз! – десе:
Секретарьша қыз орнынан турып:
– Биз не? – деген екен.
*** *** ***
Диагноз қоя алмай атырған шыпакер наўқастан әстен сорапты:
– Бундай жағдай алдын сиз бенен болып па еди?
– Аўа.
– Бәри түсиникли болды. Бул – рецидив.
*** *** ***
Шыпакер қабыллаўында:
– Доктор, мениң басым айланып атыр!
– Өзим де көрип турман!
*** *** ***
Наўқас шыпакердиң қабыллаўына келип:
– Доктор, менде усындай машқала бар, мен қай жерде жүрсем де мени ҳәмме танып қоя береди…
Доктор қағазлардан басын көтермей:
– О, қараң, бизлерге ким келгенин!
*** *** ***
Урюпинск қаласында шыпакерлердиң ис таслаўы болып өтипти. Тилекке қарсы, қойылған талапларды ҳеш ким оқый алмады.
*** *** ***
– Доктор, мен ҳеш адамлар менен ашылысып сөйлесе алмайман.
– Толығырақ етип айтып бериң.
– Яқ.
*** *** ***
Наўқасты көзден кеширип, шыпакер оның ҳаялына айтыпты:
– Есте тутың, сизиң күйеўиңизге дәрилерден басқа және улыўма тынышлық керек.
– Мен енди оған соны күни-түни қақсап атырман-ғой.
*** *** ***
Стоматолог:
– Абат, қорықпа. Барлық нәрсениң биринши мәртеси болады!
Наўқас:
– Ҳаў, мен Абат емеспен-ғой!
– Билемен. Абат – бул мен...
*** *** ***
Хирург операцияға таярлап атырған наўқасына қарап:
– Сиз ҳеш нәрседен қорықпасаңыз да болады. Бул мениң он алтыншы операциям, олардың қайсы биреўи, қашан болса да табыслы жуўмақланыў керек-ғой!
*** *** ***
Емлеўхана аймағына жүгирип кирген бультерьер аяғы паралич үш наўқасты емлеп жиберди ҳәм және еки наўқасты иш қатыўынан қутқарды.
*** *** ***
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…