Егер билсеңиз, бизлердиң сезимлеримиз оғада күшли. Мен сизлерге ҳәзир тири жанның бул материаллық дүньяға ҳәм ләззетке байланып қалғанын сәўлелендиретуғын кишкене бир гүрриңди айтып берейин.
Бурынғы өткен заманда Акбар деген бир патша болыпты. Оған нәпсиқумарлықтың адам тәғдирине унамсыз тәсирлерин билиў унайтуғын еди. Акбардың бир жасы үлкен, дана кеңесгөйи оған нәпсиқумарлық бәлеси ҳәдден тыс қүдиретли екенлигин түсиндириўге ҳәрекет етипти:
– Сиз дүньяда туўылғаныңыздан өлемен дегенше нәпсиқумарлық сизге жолдас болады.
Сонда Акбар патша:
– Онда буны әмелде көрсетип бер. Бундай болыўы мүмкин емес, – депти ҳәм кеңесгөйи патшаның сөзине разышылық билдирипти.
Арадан көп ўақыт өтпей, патшаның данышпан кеңесгөйи оншелли узақ болмаған жерде жайласқан наўкаслар емленип атырған орынға бирге барыўын өтиниш етипти. Сондай-ақ, патшадан өзи менен бирге гөззал қызын да ертип шығыўын сораныпты. Олар емлеўханаға жетип келгенде кеңесгөй:
– Мына бөлмеде жатырған адамға итибарыңызды қаратың. Оның өлиўине бир саат қалды. Бирақ, биз өжиреге кирип атырғанымызда сизлер оның нәзерине дыққат пенен қараўға ҳәрекет етиң. Сонда, нәпсиқумарлық сезиминиң өлер ҳалатта жатырған адамда да сақланып қалатуғынлығын көресиз, – депти.
Олар үшеўи өжиреге кирген ўақыттан баслап, өлейин деп атырған адам, нәзерин гөззал қыздан үзе алмапты. Акбар сол ўақыттың өзинде кеңесгөйиниң қаншелли ҳақ екенлигин түсинип жетипти.
Сезимлердиң қүдирети солай. Олар ҳәдден тыс күшли, ҳәм егер бизлер оларды дурыс ағымға қарата алмасақ, оларды жеңе алмаймыз. Керисинше, олар бизди өз қулына айландырады. Егер биз олардың ықтыярында болсақ, мақсетимизге қарай жүрисимизди даўам еттире алмай қаламыз.
Бундай дәрежеге түспеўимиз ушын биз бәрқуллы руўхый билимлерди ийелеўге умтылыўымыз керек. Биз өз сезимлеримизди керек болған радиостанция толқынларын излеп, радионың қулағын бурағандай аңсат басқарыўды үйрениўимиз тийис. Егерде биз сезимлеримизди жоқарғы руўхый қанаатланыўға қарата алсақ ғана оларды ҳарам нийетли пәс қәлеўлерден азат етемиз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…