Күйеў менен мүнәсибет орнатыўдағы ең әҳмийетли қағыйдалар

RA-img

Тек ҳаял-қызлар ушын


1. Егер барлығы жаман болса да, қышқырма. Буның орнына жыла.

Даўысты көтерип бақырыў – бул басқыншылықтың көриниси. Бул ер адамларға тән энергия, оларға тән усыл. Ал, көз жасын төгиў – ҳаялларға тән усыл. Егер ҳаял адам күйеўине даўысын көтерип шаўласа, ол да жуўап қайтарыўға мәжбүр болады, өйткени бул оның тәбияты ҳәм даў-жәнжел күшейип бара береди.

Ҳаялы жыласа – күйеўи өзиниң еркек екенлигин, ҳаялын қорғаўы кереклигин сезинеди. Ҳайран қаларлық нәрсе, ҳәзирги ўақытта базы ҳаяллар жылаўды да умытып қойған.

Жылап үйрен. Көпшилик жағдайларда, биз көз жасын төккимиз келсе де, оны тоқтатып қаламыз ҳәм көз жастың орнына қәҳәримизди төгемиз. Биз өзимизди күшли етип көрсеткимиз келеди. Әзиллигимизди, нәзиклигимизди, сезимталлығымызды жасырамыз.

Бирақ, биз тек ғана жылаў арқалы күйеўимизге қыйналып атырғанлығымызды сездириўимиз мүмкин. Тек усы жол менен ғана керек емес даў-жәнжеллерге шек қойыўымызға болады. Көз жасы – ер адамға «Сен қатты кетип қалдың!» деген белги. Сондай-ақ, ҳаял адамның көз жасы шаңарақтағы унамсыз энергияларды да жоқ етеди. Сонлықтан да, қыйналған ўақтыңызда көз жасын төгиўден тартынбаң.

 

2. Жылап атырғанда – өзиңди өзиң айыпла.

Ер адамға ҳаялының көз жасы оғада күшли тәсир етеди. Егер биз жылап турып күйеўимизди айыпласақ, ол өзин жойтып қойыўы, оғыры қыйналыўы мүмкин. Бундай еткен надурыс болады. Ол сездирмеўге ҳәрекет етсе де, иш-ишинен қан жылайды. Ал, егер ҳаялы жылап турып, өзин өзи айыпласа, күйеўи барлық айыпты дәрҳал өзине алады. Өйткени, айыпты өз мойнына алып ҳәм жылап турған ҳаялын көргенде онда ҳаялын қутқарыў пикири пайда болады. Ҳәм жоқарыда айтылғандай, ол айыпты өзине алады.

 

3. Ҳәр күни аяғын уўқала.

Бул ер адамның жүрегине жетип барыўдың ең қысқа жолы. Ҳәр күни күйеўи жумыстан келгеннен соң, ҳеш болмаса 5 минут оның аяғын уўқалаған ҳаялдың қәлеген тилеги орынланатуғынлығына гүман жоқ. Бул қыянеттиң алдын алыўдағы ең жақсы усыл. Сондай-ақ, бундай жағдайдан кейин, күйеўи өзин ҳақыйқый капитан сыпатында сезине баслайды, ал ҳаялын жәрдемшиси деп биледи. Дүньядағы барлық ер адамлар ҳаялының өзине массаж ислегенлигин жақсы көреди. Бундай ер адам ҳаялының өзин сыйлап, қәдирлегенлиги ушын оған бар меҳирин көрсетип, бәрқулла ғамхорлық етеди. Көрдиңлер ме, кишкене ғана нәрседе сонша сыр жасырынған.

 

4. Күйеўиңниң пикирине қулақ сал.

Дүньядағы ең қүдиретли күшке ийе сөзлердиң бириншиси: «Әлбетте, жаным». Ал екиншиси – «Сиз не десеңиз – сол, жаным» – деген сөзлер. Ер адамның ҳәр бир жағдайға арналған өз жолы ҳәм пикири болады. Өзиниң пикирине ҳаялының қосылыўы, қулақ салыўы ол ушын үлкен әҳмийетке ийе. Сен күйеўиңниң пикирин қабыл етсең, ол ушын бул нәрсе оның өзин қабыл еткен менен барабар.

Бул оншелли қыйын емес: сен оның пикирин тыңлайсаң ҳәм мақуллайсаң. Өзиң қыйын жағдайға түсип қалсаң да, күйеўиңнен кеңес сора, оның пикирин бил ҳәм мәсләҳәти ушын рахмет айт. Ҳәттеки, базы пикирлери саған унамаса да, оның айтқанын тыңлап үйрен. Шаңарақтағы ҳәр бир мәселени күйеўиң шешип үйренсе, оның жуўапкершилиги де артып барады. Егер қабыл еткен қарарында қәтеликти көрсең де, мақуллай бер. Қәтесин өзи көрип үйренсин. Сонда ол ендиги жағында алжаспаўға ҳәрекет етеди. Егер сен күйеўиң қәтелескен ўақтында «Көрдиң бе, мен саған айтып едим!» десең, бул сениң ең үлкен қәтелигиң болады. Ал, егер оның пикирин ҳүрмет етип, қулақ салсаң, оның өзин ҳүрмет еткен боласаң.

 

5. Ер адамның айтқан сөзиниң анық мәнисин түсинип үйрен.

Егер сиз күйеўиңизге қапа болып, жылаған ўақтыңызда ол сизге «Болды, ыңырсый бермесе…» деп айтса, бул оның «Өтиниш, мени кешир. Мен сени өкпелетиўди қәлемеген едим» дегенлигин билдиреди. Ер адамлардың сөйлеў тәртиби сондай. Олар жүрегиндеги сезимлерин тил менен баян етип билмейди. Мәселен, «Мен сени жақсы көремен» дегени мынандай болады: «Ана… өзиң билесең-ғой». Базы ўақытлары улыўма сөйлемеўи де мүмкин, бундайда не демекши екенлигин тек ғана көзлеринен оқып алыўыңыз керек болады.

Ер адамлар ҳаялын мақтап, сезимлерин баян етип келистире алмайды. Тилекке қарсы, оларды ҳеш ким бул нәрсеге үйретпейди ҳәм ҳаялы ушын буның қаншелли әҳмийетли екенлигин түсиндирмейди. Буны ўақыттың өтиўи менен күйеўиңе өзиң үйретиўиң мүмкин. Оған шекем өзиңди сүйкимсиз, керек еместей сезбеўиң ушын оның не демекши екенлигин өзиң түсинип алабер. Бирақ, сезимин баян етиўди үйретпестен алдын, оннан буны талап етпе.

 

6. Не керек екенлигин ашық-айдын айт.

Ер адам телепат емес. Ол сениң «Аўқат жейсең бе?» деген сораўыңның «Бизлер де аш болдық» дегенди билдиретуғынлығын түсинбейди. Өйткени, ер адам аш болса, «Аш болдым!» деп айтады. Ол сениң астарлы сөзлериңди түсинбейди. Ҳаял адамның сөйлегени басқаша. Мәселен:

«Қара, Бәҳәр деген қандай әжайып мәўсим. Күн жыллы, мийўе ағашлары гүллеп тур. Роза гүллер де суп-сулыў болып ашып турған шығар-я…» Буны күйеўиң «Бүгин ҳаўа райы жақсы екен» деп түсинеди. Ал ҳаялы болса, бул арқалы «Маған гүл саўға ет» деп атырған болады. Ҳаял адам «Күйеўим мениң не демекши екенлигимди түсиниўи шәрт, жақсы көрсе – түсинеди. Түсинбесе – жақсы көрмегени» деп ойлайды. Ол қаяқтан түсинсин?! Ер адамларда бундай қәбилет жоқ. Буның орнына: «Маған гүл саўға етиўиңди қәлеймен» деп айт та қой. Егер биз ашық-айдын өтиниш етсек, ер адамлар бизге жәрдем бериўге де, саўға инам етиўге де ҳәмийше таяр.

 

7. Жүрегиңди аш.

Ҳаял адам ушын жақын мүнәсибет үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәм ол бул жақынлықты күйеўи менен шын жүректен сәўбетлескен ўақытта ғана сезинеди. Буның ушын биз өзимиз күйеўимиз бенен ашық-айдын, шын жүректен сәўбетлесип үйрениўимиз керек. Бундай сәўбеттен соң ҳаял адам өзин қорғанғандай сезинсе, ер адам өзин ҳаялы ушын әҳмийетли инсан деп сезинеди.

Егер ҳаялы күйеўине зыянсыз болса да, өтирик сөйлесе, бул арасындағы мүнәсибетке суўықшылық салады. Ҳәр қандай жалған сөз – исенимниң жоғалыўына себеп болады. Ҳәттеки, инсан оның жалған екенлигин билмесе де, жүреги буны сезип турады. Жалған араласқан жерде шын жүректен сәўбетлесиўдиң илажы жоқ. Оннан қала берсе, қәлеген жалған бир күни ашылады.

 

8. Машқала ҳаққында айтпақшы болсаң – сезимлерге берилме, сезимлериңди билдирмекши болсаң – оған машқалаларды араластырма.

Ер адамлардың көпшилиги ҳаялына «Басымды қатырып жибердиң» деп бақырады. Тийкарында, бул ҳақыйқат нәрсе. Ҳаяллар күйеўиниң басын қатырыўға шебер. Ер адам ушын ой-пикир менен сезимди бир ўақыттың өзинде қабыл етиў оғада қыйын. Қандай да бир машқаланы шешиў керек болса, ҳеш қандай сезимлерге берилместен, анық фактлер менен буны күйеўиңизге түсиндириң. Ал, тек ғана күйеўиңиз бенен шын кеўилден сәўбетлесип отырмақшы болсаңыз, буған ҳеш қандай машқаланы араластырмаң.

 

9. Күйеўиңниң ҳәр қандай саўғасын шын жүректен қабыл ет.

Мен бир неше мәрте мынандай жағдайдың гүўасы болдым: достыма күйеўи 8-март күни гүл саўға еткен екен, ол былай депти: «Ақшаңды қалайынша шашарыңды билмей жүрсең бе? Буның орнына пайдалылаў бир нәрсе саўға етсең болмай ма?». Усындай  қылығымыздан кейин де «Күйеўим маған неше жылдан берли гүл саўға етпеди» деп налынамыз. Оны сен шын кеўилден қабыл етпесең, саған гүл алып бергеннен не пайда? 

Ер адам гүл усынған ўақтында сениң қай дәрежеде қуўанғаныңды көриўди қәлейди. Ол сениң қуўанғаныңнан шапқылап, гүл ушын ваза излеп, оны өжирениң қақ ортасына қойғаныңды қәлейди. Күйеўиң сен гүлге ҳәр сапары қарағаныңда «Мына гүллер қанша ўақыттан берли солымай тур. Сен буны маған шын жүректен саўға еткениң ушын да солымай турған шығар» деп айтыўыңды қәлейди.

Күйеўиң алып берген басқа саўғалары менен де тап усындай мүнәсибетте бол. Ер адамлар бәрқулла биз қәлеген нәрсени саўға ете бермейди. Бирақ, олар ҳәр бир саўғасына меҳир-муҳаббатын қосып инам етеди. Сен оның саған алып берген заколкасын тақпасаң да, саўға еткен реңи келиспей қалған помадасын жақпасаң да – булар әҳмийетли емес. Ең баслысы оның саған саўға бергени. Ол буны шын жүреги менен сен ушын алып келди. Сонлықтан, сен де шын жүректен миннетдар бол! 

Ол буннан кейин де саған саўға бериўи ушын ҳәзирги саўғасын өзиңе унамаса да қуўанып-қуўанып қабыл етиўиң шәрт. Егер шын кеўилден қабыл етип билмесең, ол да саўға бергенди тоқтатады.

 

10. Қадаған етилетуғын сөзлер.

Бәрқулла қәлеген даў-жәнжел «Не ушын?» ҳәм «Не себептен?» деген сөзлерден басланады. Соның ушын бул сөзлерди күйеўиң менен сәўбетлескенде сийрек қолланғаның мақул. Сен ушын ырасында да оның не себептен кийимлерин жыйнап қоймаўы әҳмийетли ме? Бул сөзлер күйеўиңизди урысыўға шақыратуғынлығын умытпаң.

«Сен мынаны ислеп жибере алмайсаң ба?» – усылайынша биз күйеўимизден қандай да бир жумыста жәрдем бериўди илтимас етип атырмыз деп ойлаймыз. Бирақ, онда жуўаптың еки варианты бар: ислеп жибере аламан ямаса ислеп жибере алмайман. Бундай жағдайда усы тәризде сораўдың не қәжети бар? Ямаса күйеўиңиздиң сизге жәрдем бериўине гүманыңыз бар ма? Бул сораўдан кейин күйеўиңизде мынандай ой пайда болады: «Демек, мениң жәрдемим оншелли шәрт емес».

 «Мен саған айттым-ғой!». Бул сөз қәлеген ер адамның шаңарағы алдындағы жуўапкершилик сезимин өлтиреди. Буған, ҳәттеки, түсиник берип отырыўдың да қәжети жоқ шығар.

Ер адам ушын ең аўыр, көтериўдиң имканияты болмаған нәрсе «Басқаға тийгенимде бахытлырақ жасар едим», «Сениң маған керегиң жоқ!» ҳәм «Ана Пәленше қурақым жоқсаң!» яки «Ана Төленшедей емессең!» деген гәплер. Буны ҳеш қашан айтыўшы болмаң! Өйткени, бул сөз күйеўиңиздиң жүрегиндеги муҳаббатты өлтиреди.

 

Бул мақаланы оқыған ўақтыңызда жазылғанларға әмел етиў оншелли қыйын еместей болып көринеди. Бирақ, әмелиятта қолланыў аңсат деп те айта алмайман. Буларды өзлестириўимиз ушын бизге әдеўир ўақыт керек болады. Бул жол аңсат емес, жақын да емес, бирақ биз қәлеген шаңарақлық бахытқа алып барары анық. Соның ушын, қанша тез жолға шықсақ, өзимизге сонша жақсы.

Егерде мақала сизге унаған болса, оны басқа досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң.

Сизлерге бахыт тилеп…


Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар