ГИПЕРТОНИЯҒА БЕЙИМСИЗ БЕ?

RA-img

Сораўларға  туўры  жуўап  берип,  қаўыс  ишиндеги  балларды  есаплаң.  Гипертония  менен  кеселленип  қалыў  қәўипи  туўылған  болса,  турмыс  тәризиңди  өзгертиў  жөнинде  шынтлап  ойлап  көр.


1. Жасыңыз нешеде?

20-30  (9);  31-40  (12);  41-50  (15);  51-60  (18);  60  тан үлкен (24).

 

2. Жақын туўысқанларыңда гипертония бар ма?

Яқ  (0),  тек  ғана  бир  туўысқаным  (6);  еки  (12);  үш (18); үштен артық туўысқаным (24).

 

3. Күнделик  өмирде  стрессли  жағдайлар  тез-тез ушырап турады ма?

Яқ (0); аўа (24); гейде (12).

 

4. Жумысыңыз стресслер менен байланыслы ма?

Яқ (0); аўа (24); гейде (12).

 

5. Шегесиз бе?

Яқ (0); күнине 10данадан артық сигарета шекпеймен (9); күнине 20дана сигарета шегемен (12); күнине 30 дана  сигарета  шегемен  (18);  күнине 40 данадан артық сигарета шегемен (24).

 

6.  Спиртли  ишимликлерди  тез-тез  ишип  турасыз ба?

Ҳеш  қашан  (0);  тек  ғана  байрамларда  ҳәм  нормада  (3);  орташа  ҳәм  айына  бир  мәртебе  (3);  айына  бир мәртебе,  лекин  көп  (9);  турақлы  ҳәм  аз-аздан  (9); турақлы ҳәм көп муғдарда (24).

 

7. Нелерди тутынасыз?

Көбирек  мийўе-палызлар,  гөш  жүдә  кем,  ярым таяр  өним  ҳәм  дузламаларды  улыўма  жемеймен  (0); кем  май,  гөш,  мазалы  затлар,  дузламалар,  қуўырмалар,  көп  муғдарда  палызлар  (3);  жақтырған  нәрсемди  қәлегенимше  жеймен  (9);  ҳәр  дайым  көп  жеп  қояман  ҳәм  тийкарынан  фастфуд,  майлы,  дузлама  ҳәм қуўырылған өнимлерди жеймен (20).

 

8. Салмағыңыз қанша?

Идеал (0); нормадан 5 кг артық (6); нормадан 10 кг артық  (9);  нормадан 15 кг  артық  (12);  нормадан 20 кг артық (15); нормадан 20 килограммнан да артық (20).

 

9. Физикалық ҳәрекетшеңлигиңиз қандай?

Жоқары,  спорт  менен  шуғылланаман  (0);  орташа, гимнастика  қыламан,  көп  пияда  жүремен  (3);  пәс,  ҳәр заманда  жүремен,  үйде  ислеймен  (9);  зорығыў  жоқ, отырып  ислеймен.  Көбинесе   машинада  жүремен,  телевизор  қарсысында  диванға  жатып  дем  алыўды  мақул көремен (15).

 

 

ТЕСТ НӘТИЙЖЕЛЕРИ:

60  баллға  шекем:  гипертония  менен  кеселлениў қәўипи жоқары емес;

60-85 баллға шекем: гипертония менен кеселлениў қәўипи  жоқары  емес,  лекин  оны  арттырып  алыў  итималың бар;

86-120 баллға шекем: қәўип үлкен;

120  баллдан  жоқары:  жағдай  жүдә  аўыр.  Дәслепки  белгилери  әллеқашан  пайда  болған:  сени  тез-тез  бас  аўырыўы  ҳәм  жүректеги  бийжағдайлық  тынышсызландырып  турады.  Өзиңди  қолға  алып,  турмыс тәрзиңизди тәртипке келтир!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар