Транс-майларды ҳәрдайым қабыл ететуғын ҳаяллардан нәренжан нәрестелер туўылады!

RA-img

Жақын  ўақытларға  шекем  өсимлик  майлары  көпшилик  диетологлар тәрепинен  зыянсыз  деп  есапланып келинди.  Анықланыўынша,  барлық өсимлик майлары да пайдалы емес.


Адам  саламатлығына  пайдалы болғаны  менен,  өсимлик  майларының  елеўли  бир  кемшилиги  бар – олар  азғантай  сақланыў  мүддетине ийе.  Және,  өсимлик  майларының дәми  сақланыўы  ушын  айрықша шараятлар жаратылыўы лазым. Атап  өтилген  кемшиликлерин сапластырыў  мақсетинде  илимпазлар арзан  ҳәм  үй  температурасында  да узақ  сақлана  алатуғын  өсимлик майын  ислеп  шығарыўдың  жолын тапты.

Транс-майлар  –  жасалма  жол менен  алынатуғын  майлар.  Гидрогенизация  процеси  нәтийжесинде суйық  өсимлик  майларынан  қатты майлар,  яғный  маргаринлер  ҳәмде басқа майлар алынады.

Гидрогенленген  майлардың  молекуляр  дүзилиси  бурмаланған  болады.  Олар  адам  организминиң  клеткаларына  кирип,  ондағы  болып  өтетуғын  зат  алмасыўға  кесент  етеди. Қәўиплиси  –  гидрогенленген  майлар  клеткалардың  дурыслы  аўқатланыўын  бузады,  токсинлердиң  топланыўына  алып  келеди  ҳәм  нәтийжеде кеселлик келип шығады.

Бир  пайытлары  гидрогенли  майлар  (маргаринлер)  адам  саламатлығына  пайдалы  есапланып,  адамның күнделикли  рационындағы  сары  майды  қысып  шығарған  еди.  Бирақ,  өткен  әсирдиң  90-жылларынан  баслап илимпазлар  маргаринлердиң  зыянлы  екенлигин  тастыйықлап  келмекте.

1999-жылы илимий тексериўлердиң  нәтийжесинде,  транс-майлардың  төмендегише  адам  организмине зыянлы тәсирлери анықланды:

-  Емизиўли  аналардың  сүтиниң сапасы  төменлейди,  бунда  трансмайлар  ананың  сүти  арқалы  нәрестеге өтеди.

-  Транс-майларды  ҳәрдайым  қабыл  ететуғын  ҳаяллардан  нәренжан нәрестелер туўылады.

-  Диабет  пенен  кеселлениў  қәўпи артады.

-  Организмде  простагландинлердиң  жумысын  бузады,  нәтийжеде буўынларға  ҳәм  тоқымаларға  зыян келеди.

-  Организмге  келип  түсетуғын химиялық  бирикпелер  ҳәм  канцероген  затларды  зыянсызландырыўда әҳмийетли  ролди  тутатуғын  цитохром-оксидаза  ферментиниң  хызметин бузады.

- Иммунитетти пәсейтеди.

-  Сперманың  сапасын  төменлетеди.

Клеткаларда  зат  алмасыўдың бузылыўы  атеросклероз,  артериал гипертензия,  жүректиң  ишемиялық кеселлиги,  рак,  семизлик,  көриўдиң пәсейиўи  ҳәм  т.б.  кеселликлерге алып келеди.

Транс-майлар  бар  азықлық  затларды  қабыл  етиў  организмниң стресслерге  қарсы  турыў  қәбилетин  пәсейтеди,  депрессияның  пайда болыў имканиятын арттырады.

 

ТРАНС-МАЙЛАР ҚАЙСЫ АЗЫҚЛЫҚ ЗАТЛАРДА БАР?

Бизлер  маргаринниң  ықласбенти болмасақ  та,  гидрогенленген  майлар организмимизге  ҳәр  қыйлы  азықлық затлар  арқалы  келип  түсип  турады.  Себеби,  транс-майлар  көпшилик азықлық затларда бар. Солардан:

-  маргарин,  басқа  жумсақ  майлар,   рафинирленген  өсимлик  майлары,   майонез,  кетчуп,  көшеде  қуўырылып  сатылатуғын  пирожкалар,  картошкалар,  балық,  торт,  пирожный,  печенье,  крекерлер…,  музлатылған полуфабрикатлар.

Әдетте,  ислеп  шығарыўшылар азықлық  затлардың  қурамында  «гидрогенленген  майлар»  бар  екенлигин  жасырғысы  келеди.  Олар  трансмайларды  басқа  атлар  (псевдоним) менен  көрсетип  өтеди.  Егерде  азықлық  заттың  орамына  «өсимлик  майы» яки қандай да бир май бар екенлиги  көрсетилсе,  демек,  азықлық  зат транс-майға анық ийе.

Дурыс  аўқатланың  ҳәм  саламат болың!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар