НЕГЕ ТҮНДЕ УЙҚЫЛАЎ КЕРЕК?

RA-img

«Тигиўшилик цехинде тигиўшимен. Жумысшыларға жумыс жеткерип бериў ушын түнде ислеп, күндизи дем аламан. Бул күн тәртибиниң саламатлыққа тәсири жоқ па? Уйқы тәртибиниң өзгериўи қандай ақыбетлерге алып келеди? Мен нелерге итибарлы болыўым керек?»

Айнагүл, 50 жас


Экологиялық ҳәм генетикалық факторлар күн тәртибин дурыс шөлкемлестириўди талап етеди. Күн ҳәм түн ритми алмасыўы физиологиялық жағдайдың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Түнде уйқылағанда инсанда мий нейрон ҳәм клетаткалары тикленеди. Әдетте ең пайдалы уйқы – түнги 22 тен азанғы 4 ке дейин. Базыда түнде ислеп, күндизи уйқылайтуғынлар тетик, саламат көриниўи яки өзин сондай тәртипке таярман деп есаплаўы мүмкин. Бирақ көп жағдайларда уйқы тәртиби бузылыўы нәтийжесинде шашқа ерте ақ аралап, тез қартайыў, сезимталлы-физикалық стресслер, депрессия, жумыс өнимдарлығы пәсейиўи сыяқлы машқалалар жүзеге келиўи мүмкин. Бундай күн тәртиби организм ушын зорығыў десек те болады. Усы тәртипте ислейтуғынлардың көпшилиги асқазан-ишек кеселликлери, қан басымы көтерилиўи, семизлик, қантлы диабет сыяқлылардан азап шегеди. Не ушын? Себеби инсан өмири тәбият биоритмине тийкарланады, яғный күнлик ҳәм мәўсимлик. Асқазан ферментлери ислеп шығарылыўы, қанда белгили бир гормонлар искерлиги, дене температурасының өзгериўи сыяқлы процесслер күнниң қайсыдур ўақты менен байланыслы. Егер сол ритм бузылса, денениң қайсыдур бөлиминде машқала жүзеге келиўи анық.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар