Тынышлық керек

RA-img

Арасында бизлерге тынышлық керек. Не ушын?


1.Тынышлық мий клеткаларының тиклениўине жәрдем береди. 
Ҳәр қыйлы шаўқымлардың мийге тәсири бойынша алып барылған соңғы изертлеўлер нәтийжелерине көре, күнине 2 саат тынышлық гиппокампта (мийдиң бөлекшеси) жаңа клеткалардың қәлиплесиўине алып келеди екен. Мийдиң бул бөлеги есте сақлаў, үйрениў ҳәм эмоциялар ушын жуўап береди.

 
2. Тынышлық дөретиўшилик имканиятымызды арттырады.

Ҳәттеки биз уйқылап атырғанымызда да мий өз жумысын алып барыўын тоқтатпайды. Бизлер тынышланған гезимизде мийимиз күн даўамында алынған мағлыўматларды қайта ислейди ҳәм өзлестириў менен бәнт болады. Егер бул процесс табыслы жуўмақланса, яғный оған ҳеш қандай шаўқым яки басқа нәрселер кесент етпесе эмоциялардың ҳәм бурыннан мийимизде сақланып киятырған мағлыўматлардың биригиўи жүз береди. Ҳәмде  фантазия, көз алдымызға келтириў ҳәмде жасырын имканиятларымызды оятыў менен байланыслы режим иске түседи екен. Нәтийжеде тынышлықта бизиң дөретиўшилик қәбилетимиз әдеўир жоқарылап, бул әлемге ашылыса баслаймыз.

 
3. Тынышлық стресс ҳәм зорлықты алады.
Турақлы түрдеги шаўқым мийге унамсыз тәсир етип, стресс гормонларының көбейип кетиўине алып келеди екен. Тынышлық болса, керисинше, унамлы тәсир көрсетиў қәсийетине ийе, мийде ҳәм организмди күшли зорығыўлардан қутқарады. Мийдеги қан айланысын ҳәмде қан басымын изертлей отырып, илимпазлар 2 минутлық тынышлық музыка еситип тынышланғанға қарағанда әдеўир дәрежеде тәсирли болып келетуғынын дәлийллеген.


4. Тынышлық бизиң ақыл ресурсларымызды толықтырып барады. 
Шаўқым жумыста ҳәм оқыўда ўазыйпаларымызды лазым дәрежеде алып барыўымызға кесент етеди, мотивациямыздың, дыққат-итибарымыздың пәсейиўине, қәтелеримиздиң көбейиўине себепши болады. Үлкен автомобиль трассалары, темир жол вокзаллары  бойында жасаўшы яки тәлим алыўшы балалар тыныш районларда жасайтуғын балаларға қарағанда оқыў ҳәмде тиллерди өзлестириў бойынша көрсеткишлери төменирек болады екен. Бирақ усындай жағымлы бир факт бар: мий тынымсыз шаўқым нәтийжесинде келтирилген зыянлардан өзин тиклеў қәбилетине ийе. Буның ушын оған – тынышлық керек.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар