Ҳәзирги заманымызда санаатымыз ҳаялларымыз ушын хожалықты тебиретиўде көп қолайлылықлар жаратқан. Буннан қырық-елиў жыллар бурын олар асханадағы қазан-табақ, ыдыс-аяқлар, газ-плита ямаса ванна корытасын жуўыў ушын күл ямаса қум ислеткен болса, ҳәзирги ўақытта булардың орнын көзди ашып-жумғанша жалтыратып-ағартып беретуғын гель ҳәм чистольлер ийелеген. Ҳәр бир нәрсениң жақсы да, жаман да тәрепи болады — бул, жуўыўшы порошокларға да тийисли.
Дем алыў жолларында машқалалар пайда етеди
Yй-руўзыгершилик буйымларын азада сақлаўда химиялық жуўыўшы порошоклар, қай тәрептен алып қарасаң да, қолайлы. Мәселен, гельлер ыдыстың майлы жуғын жүдә жақсы кетиреди. Бүгинги күнде ҳәр бир шаңарақтың асханасында гель ҳәм чистольлар тыянақлы орын ийелеген. Лекин, соны да умытпаў керек, чистоль ислетилип болғаннан кейин оның қурамындағы химиялық элементлер асхана бойлап ушып жүреди, нәтийжеде дем алыў органларымызды тәсирлендиреди. Бул тәсирлениў қандай ақыбетлерге алып келеди? Бириншиден, усы дем алыў жолларында жергиликли ҳәм улыўмалық иммунитет пәсейеди. Билсеңиз, дем алыў жолларында түрли клеткалар бар ҳәм олардың ҳәрқайсысы өз ўазыйпасын атқарады. Атап айтқанда: бир клеткалар қақырық ислеп шығарады, және биреўлери болса, оларды сыртқа қарай ысырады, басқа биреўлери исиниў процесслерин жүзеге келтиреди. Химиялық нәрселер бул клеткалардың сезгирлигин асырып жибереди. Яғный клеткалардың түрли-түрли бактерия ҳәм вирусларға берилиўшеңлиги тезлесип, өз ўазыйпаларын атқармай қояды. Нәтийжеде дем алыў жолларында ҳәр қыйлы машқалалар жүзеге келе баслайды. Екиншиден, гель аңсатлық пенен суўда жуўылып кетеғоймайды, ал ыдысларда жуғы қалғанлықтан, азық-аўқат пенен организмге түседи. Нәтийжеде асқазан-ишек системасында машқалаларды келтирип шығарады.
Асқазан аўырыўының себепшисине айланады
Ҳаял-қызлар гельден пайдаланғанда асханадағы ыдыстың раковинада тап-таза етип шайылғанына итибар бериўи шәрт. Өйткени, ыдысларда сақланып қала берген гельлер арадан бираз күнлер-айлар өткен соң асқазан-ишек системасына өз тәсирин өткизе баслайды. Мәселен, ишеклерде — иш кетиў, асқазанда — аўыртыў, аллергия қусаған жағымсыз ҳаллар дөрейди. Сондай-ақ, асқазан ҳәм ишекте иммун системасы ҳәлсирейди. Мудамы чистоль ҳәм спрейлерден пайдаланып жүрген үй бийкелеринде аллергия белгилери көрине баслайды. Өйткени, бундай суйықлықлардың қурамында аллергия қозғатыўшы нәрселер де бар. Сол себепли, ыдысларды гельлеп жуўған соң, жақсылып шайыў, сүлги менен артыў ҳәм қурғатыў керек. Жақсысы, гель орнына нан-содадан пайдаланың.
Дурыс пайдаланыў жоллары
Гельлердиң қурамындағы элементлер ыдыстың жүзесинде қалып, кейин-ала қыйынлық пенен жуўылатуғын қатламды пайда етеди. Бул ыдыслардан соңғылығында пайдаланғанымызда зыянлы нәрселер туўрыдан-туўры ишки ағзаларымызға кирип, асқазан-ишек арқалы сорылады ҳәм пүткил денемизди зәҳәрлейди. Олардың қурамында инсан организми ушын зыянлы химиялық зат — формальдегид бар. Онда көздиң силекей пердесин ҳәм жоқары дем алыў жолларын зыянлайтуғын қәсийет бар екенлиги көп адамлардың қыялына да келмейди. Буннан тысқары, спрейлердиң үзликсиз қолланыла бериўи организмдеги рак клеткаларына қозғаў салады.
Жоқарыдағы сөзлерди оқыған ҳәр бир инсанның «Бундай жүдә керекли, соның менен бирге қәўипли болған суйықлықлардан зыянланбаў ушын не ислеў керек?» деген сораў көңилинен өтиўи тәбийий. Дәслеп, усы товарларды сатып алып атырғанда, олардың ярлыгын дыққат пенен оқыўымыз шәрт. Егер олардың қурамында ПАВ анионлары (жуўыўшы суйықлықлар ҳәм порошоклар), натрий гипохлориди (затларды ағартады), нашатырь спирти (әйнеккөзлерди тазартады), фенол ҳәм крезоллар (бактерицидлик қәсийетке ийе), нитробензол (мебель ҳәм полларды тазалайды) бар болса, онда ықтыятлық пенен қолланыў талап етиледи. Жақсылап таза суў менен шайып тасласақ, олардың зыянын бирқанша азайтқан боламыз. Буннан тысқары, жуўып атырғанда арнаўлы қолғапларды ислеткен, исти питиргенде қолды кремлеген мақул.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…