– Доктор, мениң қандай да бир жерим қатты аўырып тур.
– Мен саған ҳәзир қандай да бир дәрини жазып беремен.
*** *** ***
Егер тоғайда адасып қалсаңыз ҳәм жаныңызда компасыңыз болмаса, онда гүзге дейин күтип турың: қуслар түсликке қарай ушады!
*** *** ***
Жас хызметкер ири фирманың баслығынан сорапты:
– Табысларыңыздың сыры неде?
– Тек еки ғана сөзде – «дурыс шешим».
– Қалай етип дурыс шешимге келесиз?
– Тек бир ғана сөз – «тәжирийбе».
– Бундай тәжирийбеге қалай ериссе болады?
– Тек еки сөз – «надурыс шешимлер».
*** *** ***
– Үйлендиңиз бе?
– Яа-аақ, мен өзи бурыннан усындай әбигер болып көринемен.
*** *** ***
– Доктор, сизде ашкөзликке қарсы қандай да бир дәриңиз жоқ па?
– Бар, ҳәзир мен сизге сондай дәрини жазып беремен.
– Бирақ, көбирек, көбирек…
*** *** ***
Шыпакер наўқастан сорады:
– Кеселиңиз бойынша биреўге мүрәжат еткенбисиз?
– Аўа, аптекашы менен ушырасқан едим.
– Э-э-э-э…, оның саған қандай надурыс мәсләҳәт бергенин аңлап турыппан.
– Ол сизге мүрәжат етиўимди мәсләҳәт берди.
*** *** ***
Бир жанан палатадан шығып атырған, ақ халат кийген ҳаялдан сорады:
– Тәңирбергенди көрсем бола ма?
– Сиз оның кими боласыз?
– Туўысқан қарындасыман.
– Онда ишке мәрҳамат! Мен оның анасы боламан.
*** *** ***
– Саған турмысқа шыққан ўақтымда мен соқыр ҳәм герең болған екенмен!
– Мине, көрдиң бе, сени қандай кеселликлерден даўалаппан!
*** *** ***
Шыпакер қабыллаўында наўқас:
– Доктор, гейде сондай жағдайлар да болып турады, мен адамлар менен сәўбетлесип атырғанымда, жүдә көп сөйлеймен. Соңынан ойланып қаламан. Гәплеримди қыялымда айтып атырман ба? Билмей қаламан. Сиз буған не дейсиз? – десе, шыпакер наўқасқа бираз қарап турып:
– Сөйлейсиз бе ямаса усылай отыра бересиз бе? – депти.
*** *** ***
Бир жигит жорасына:
– Саатқа қара! Тек бир тәрепке қарап жүреди. Билесең бе, бул нени аңлатады? Бул өмириңдеги өтип кеткен нәрселерди умыт, ески нәрселерди ойлама, тек ғана алға қарап жүр, деген, – десе, жорасы:
– Ҳей философ, гәпти басқа жаққа бурмай, өткен ай алған қарызыңды қайтар, – деген екен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…