Гепатит С-да шыпакер мәсләҳәтлери

RA-img

«Мен акушерка болып ислеймен. Бизлерге, медицина хызметкерлерине, жумыс процесинде түрли-түрли вируслардың жуғыў итималлығы жоқары. Жақында қанымда гепатит С-ның вирусы бар екенлиги анықланды. Бул жаңалық маған жүдә жаман тәсир етти. Өзим шыпакер болғанлықтан, бул кеселлик ҳаққында мағлыўматқа ийемен. Ҳәзирги жағдайымда мен маман қәнигелерден вирус жуққаннан кейинги профилактика шаралары ҳаққында мәсләҳәт алмақшы едим. Гепатит С баўырға өз тәсирин көрсетпеслиги ушын нелерге итибар бериўим керек?»


Қанында гепатит С анықланған ҳәр бир кисиниң бундай күтилмеген хабардан қәўетерге түсип қалыўы тәбийий. Бул вирустың көбинесе наўқас пенен тығыз контактте болған медицина хызметкерлери — мийирбийкелер, акушеркалар ҳәм стоматологларға жуғыў итималы жоқары болады. Шыпакер қаншелли гигиена ҳәм медициналық әмелият талапларына раўа қылмасын, наўқастың өмири менен байланыслы қыстаўлы ҳәм күтилмеген жағдайларда оған вирус жуқпаслығына ҳешким де кепиллик бере алмайды. Өйткени, көплеген шыпакерлер бундайда жылдам ҳәрекет етиў ғамында жүрип, өз саламатлығын қәўип астына таслайды.

Саламатлыққа итибар қылып, диетаға қатаң әмел етилсе, вирус көп ўақытқа дейин тынышыңды алмайды. Қалаберсе, ҳәзирги заманымызда вирусқа қарсы шығарылған жаңа дәрилер жәрдеминде гепатит С-ны даўалаўға ерисилмекте.

Соны да айтыўымыз керек, кеселликтиң биринши басқышы сезилерсиз өтеди дерлик. Лекин, бундай пайытта да гепатолог-шыпакерге көринип, мәўсимлик даўаланыў илажларын әмелге асырыўың, яғный өз ўақтында шыпакер көригинен өтип турыўың, вирусқа қарсы тайынланған терапияны қабыллаўың лазым. Соның менен бирге, арнаўлы диетаға әмел қылыўың шәрт.

Гепатит С-да тутынылатуғын диетада майлы, ашшы, шор аўқатлар қадаған етиледи. Диетаның созылмалы рәўиште бузылыўы баўыр жетиспеўшилигине алып келетуғынын умытпа.

Буннан тысқары, қандағы гепатит С-ның вирусы шаңарақ ағзаларына жуқпаслығы ушын наўқас гигиенаға қатаң әмел етиўи керек. Санитария-гигиена әнжамлары — сабын, мочалка, сүлги, сақал-мурт алатуғын устара, тарақ, қайшы, пинцет өз алдына болыўы талап етиледи.

Диета ҳәм дәри-дәрмақлар баўырға ҳәм улыўма асқазан-ишек трактине түсетуғын зорығыўларды кемейттириў, қайта тиклениў процесин муўапықластырыў, өт суйықлығының ажыралыўын активлестириў ҳәм наўқастың иммунитетин көтериў мақсетлерине қаратылады. Соның ушын да, системалы түрде даўаланыўды тоқтатпаў керек.

 

Диетада нелерге итибар бериледи?

Тутыныўдан шегирип тасланған өнимлердиң дизими: жаңа жабылған ыссы нан ҳәм писириклер, шийринликлер, спиртли ишимликлер, майлы, шор ҳәм суўық сорпалар, ысланған, дузланған ҳәм консерваланған гөш ҳәм балық өнимлери, қуўырылған ҳәм қайнатылған мәйек, собықлылар, шоколад, торт, кофе ҳәм ашшы чай. Бул өнимлер баўырдың зорығыўын асырады.

Диета тутқанда организмди керекли азықлық элементлер (белоклар, углеводлар) менен жетерли тәмийинлеўди умытпаў керек.

Кеселликте қандай диетаны қоллансаң да, тағамларды писиргенде тек демлеў, қайнатыў ҳәм пуўға писириў усылларынан пайдалан.

Күнине 5 мәрте аўқатланыў норма есапланады.

Күнине 2 литр суйықлық ишиў керек.

Шеклеўлер көп болса да, палыз ҳәм сүт өнимлери (майлылығы аз болсын) көмегинде рационды жанға жағымлы етиўге болады.

Бисквитлер ҳәм печеньелерди аз муғдарда жеў керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар