Бесикти халқымыз әпсана ҳәм рәўиятларда «алтын», «гүмис» сыпатлары менен тәрийиплейди. Ол ата-бабаларымыздың қол өнериниң шеберлиги менен ойлап табылған, неше-неше әўладлар сынағынан өтип, сайқал тапқан қаншадан-қанша даналарды, қаншадан-қанша қаҳарманларды ардақлап өсирген ҳикметли, муқаддес буйым. Бесик басында айтылатуғын ҳәййиўлер де бала тәрбиясы ушын оғада әҳмийетли.
Ата-бабаларымыз бесикти ең беккем, ең хош ийисли ағашлардан ислеген. Ағаштың қандай теректен болыўы айрықша әҳмийетке ийе болған. Тийкарынан, бесик ушын тут ҳәм ерик ағашлары мақул көрилген. «Мийўели теректен исленген бесикте жатқан бала көп перзентли, ырысқы-несийбели болады, өзинен өнип-өседи», деген ырымлар да бар.
Халқымызда: «Бесик баласы – бек баласы» деген түсиник бар ҳәм усыған тийкарланып бала дүньяға келген дәслепки күнлеринен баслап бесикке салынады. Бесик нәрестениң екинши анасына айланады десек те болады. Бирақ, биз айтып атырған бесиктиң нәресте ушын зыяны да бар ма? Жас аналарымыз көпшилик жағдайларда нәрестени бесикке бөлеў қағыйдаларын билмегенлиги себепли оларда айырым машқалалар келип шығады. Яғный, балалар арасында рахит, дем алыў ағзалары кеселликлери, тери, зат алмасыўының бузылыўы, кем қанлық ҳәм басқа кеселликлер пайда болыўы мүмкин. Баланы бесикке бөлеўде оның физиологиялық ҳалатына итибар қаратыў керек. Бесикке баланың аяқ-қолларын дүзиў етип байлаў оғада әҳмийетли. Баланың қолы көкирегине қойылып байланыўы шәрт. Керисинше жағдайда бала денесинде қан айланысы бузылады. Егер баланың басы бийик ямаса пәс болып қалса, ол тынышсызланып, дурыслы уйқылай алмайды.
Бәҳәр, гүз ҳәм қыс айларында балалар бесикте узақ қалып кетеди. Себеби, сыртқы орталық суўық болғанлықтан, бесикке мүтәжлик сезиледи. Бул ўақытта бала денесине қуяш нуры аз түседи. Ақыбетте, денеде витамин «D» жетиспеўшилиги келип шығады ҳәм рахит кеселлиги раўажланады. Демек, буның алдын алыў мақсетинде балаға көбирек итибар берилиўи, оны бесикте көп жатқара бермей, таза ҳаўаға да алып шығып турыў керек екен.
Бесикте баланы узақ сақлап, терлетип қойыў ҳәм ызғар кийимлерин алмастырмастан бесиктен шешиў ҳалатлары оның аязлаўына тийкар жаратады. Соның ушын да, бесиктеги баланың ысып кетиўине жол қоймаў ҳәм терлеген ўақтында дәрриў кийимлерин алмастырыў керек.
Тийкарында, баланы тек ғана уйқылаған ўақтында бесикке жатқарған мақул. Басқа ўақытта таза ҳаўада сейил еттириў, шынықтырып барыў керек. Баланы бесикке салыўдан алдын, әлбетте, емизип алың. Керсинше жағдайда, яғный бала бесикте жатқан ҳалатында емизилип, изинен бесик шайқалғанда аўызға сүттиң қайтып шығыўы себепли онын дем алыў жолларына кетип қалыўы ҳәм асфиксия келип шығыўы мүмкин. Баланы тынышландырыў ушын бесик қатты шайқалса оның мойын омыртқалары ҳәм басына зыян тийиўи де итималдан жырақ емес. Сонлықтан, бесикти шайқағанда абайлы болыў талап етиледи. Егер бала күнниң көпшилик бөлимин бесикте өткерсе, оның ҳәрекет белсендилиги шегараланады. Бундай бала өз қатарласларынан физикалық раўажланыўда артта қалыўы мүмкин.
Бесиктиң қолайлықлары да көп. Мәселен, бесик ишинде балаға әжайып шараят жаратылған, яғный баланың асты қурғақ болады. Егер шаңарақ кем дәраматлы болса, ҳәм тез-тез памперс сатып алыўға қурбы жетпесе, бунын әҳмийети үлкен. Сондай-ақ, бәрқулла памперс кийгизип қойыўдың да зыянлы тәреплери бар. Және бир айта кететуғын нәрсе, бесик нәрестениң сүйек системасының дүзиў өсиўин тәмийинлейди. Тек ғана оннан ақылға уғрас пайдаланыўға итибар қаратыў керек.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…