ЖАСАЛМА АЗЫҚЛЫҚ ЗАТЛАР БАЛАНЫҢ ДЕНСАЎЛЫҒЫНА ҚӘЎИП ТУЎДЫРА МА?

RA-img

Бала ушын ана сүти ҳәр тәреплеме идеал азықлық. Анасының сүти менен өскен баланың иммунитети беккем болады. Ол нәрестениң ҳәр тәреплеме жақсы раўажланыўын тәмийинлейди. Ана сүти жоқары дәрежеде пайдалы ҳәм күшли күшли болыўына қарамастан, тез және аңсат сиңеди. Сондай-ақ, баласын емизиў ўақтында олардың арасындағы байланыс күшейеди ҳәм анасының саламатлығы да тез тикленеди.


Дурыс, ана сүтин қаншелли мақтасақ та аз. Бирақ, бүгинги күнде көпшилик аналарымыз арзымаған себеплерди сылтаўлап, баласын усындай бийбаҳа жемистен бос қалдырмақта. Олар перзентлерин исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған жасалма сүт ҳәм кашалар менен бағып атыр. Демек, олар нәрестелердиң саламатлығына қандай тәсир көрсетпекте? Балалар ушын мөлшерленген жасалма азықлық затлар тийкарында пайдалы ма ямаса зыянлы?

 

Рахит кеселлигин келтирип шығарады

 Жасалма сүт пенен азықланып атырған балаларда:

– кальций жетиспеўшилигинен келип шығатуғын рахит кеселлиги;

– қантлы диабет;

– қурамындағы химиялық қосымталардың себебинен аллергия;

– тәбийий сүтке салыстырғанда сиңиўи бираз қыйын болғанлығы ушын асқазан-ишек кеселликлерине бейимлилик пайда етиўи мүмкин;

– балада ўақты-ўақты менен иш қатыўы ямаса иш өтиўи де болып турады. Бундай нәрестелер иммунитети төмен, әззи болып раўажланады. Сол себепли, сыртқы кеселликлерге қарсы гүресе алмай, тез жеңиледи;  

– қарнында газ топланыўы да көп бақланады. Буның нәтийжесиде аўқат ўақтында ямаса аўқатланып болғаннан кейин дәрриў жылайды.

Сондай-ақ, жасалма азықландырылған балаларда диарея ҳәм жоқары дем алыў жолларының инфекциясы (көкирек сүти менен тойынған балалар тамақ, қулақ, асқазан ҳәм түрли инфекциялық кеселликлерге аз жолығады), А витамини жетиспеўшилиги келип шығыўы мүмкин. Жасалма сүтлер баланың витаминге болған итияжын толық тәмийинлей алмайды.

 

Аллергия шақырады

 Нәрестени түрли жасалма, қурамында химиялық элементлери бар азық-аўқатлар менен бағыў оның организминде ҳәр түрли көринистеги аллергиялық кеселликлердиң келип шығыўына ҳәм ҳәўиж алыўына себеп болады.

Туўылғанында диатези бар нәрестени жасалма сүт пенен азықландырыў кеселликтиң аўыр түри есапланған атопиялық дерматитке жол ашады. Диатезде баланың тек ғана бетинде бөртпелер пайда болса, атопиялық дерматитте бөртпе пүткил денесин, әсиресе, бүгилетуғын ағзаларды қамтып алады. Бул процесс күшли қышыў менен өтеди. Бала жылаўық болып қалады, аўқат жемейди. Машқала өз ўақтында сапластырылмаса, ишки силекейли қабатлар зыянланыўы, сондай-ақ, териниң және де аўыр исиниўи болған екилемши экземаға алып келиўи мүмкин. 

 

Жасалма сүт ишим өскен бала жылаўық болады

 Көкирек сүтин емген бала менен жасалма сүт ишип үлкейген баланың арасында аспан менен жердей парық болады. Анасының сүтине тойынған бала мийирман, бийғәрез пикирге ийе болады. Ең әҳмийетлиси, анасының ыссы қушағынан, мийриминен руўхый азық алып, үлкейеди. Қандай да бир нәрсеге кеўли толмай жылағанда да анасының меҳирге толған сөзлерин еситип жубанады. Сондай-ақ, емизиў процесинде ана менен баланың арасында беккем, бир өмирге жететуғын меҳир көпири орнатылады, олардың бир-бирине талпыныўы артады.

Жасалма сүт пенен өскен балада бул белгилер аз болады. Оның руўхыятында да унамсыз өзгерислер бақланып, тез ашыўланғыш, бир гәпке көнбейтуғын, өзиниң айтқанын тыңлататуғын, жылаўық болады.

Жасалма азықлық өнимлер экономикалық тәрептен де анағурлым зыян. Ол шаңарақтың бюджетине тәсир етеди.

Және: балалар ушын жасалма азықлық затлар пайдалы 40 нәрседен туратуғын болса, олар тәбийий ана сүти 400 ден аслам!

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар