ҚАТЫҚ – «АСПАН САЎҒАСЫ»

RA-img

Аўқатланыў сабақлары


«Саламатлығым менен байланыслы ҳеш қандай машқалалар жоқ. Бирақ түнде жақсы уйқылай алмайман. Қоңсым түнде бир стакан қатық ишсең, ҳәз етип уйқылайсаң, деди. Ырасында да, қатық жақсы уйқылаўға жәрдем бере ме?»

Гүлмира Нийетбаева, Тақыятас районы

Сүт өнимлери ишинде қатық дүньяда ең көп сатылыўы менен биринши орында турады. Жер жүзинде бул өнимди хош көрип ишпейтуғын адам табылмаса керек.

КАВКАЗЛЫЛАР СЫРЫ

Дереклерге көре, қатық, яғный кефир сөзи негизи кавказ тилинен келип шыққан болып, Кавказда оны «аспан саўғасы» сыпатында түсиндирген екен. Ҳәтте оның таярланыў сырынан ҳеш кимди хабардар етпеген. Бул әжайып сыр тек ғана кавказлыларда әўладтан әўладқа өткен. Олар бир неше жүз жыллардан алдын қатық таярланыў рецептин ҳәммеден сыр тутып келген екен. Саламатлыққа пайдалы қәсийетлери себепли таўлы кавказлылар оны жүдә қәдирлеген. Соның ушын да әййемде бул ишимликти тек ғана олардан сатып алыў мүмкин болған.

УЙҚЫДАН АЛДЫН БИР СТАКАН ҚАТЫҚ

Жоқарыда қатықтың шыпалы қәсийетлери ҳаққында айтып өтилди. Енди оны уйқылаўдан алдын ишиў бойынша сораўға «Аўа, имканы болса, оны ҳәр күни кеште ишиў керек», деп жуўап бериў мүмкин. Себеби бир стакан қатық түнде уйқы бузылыўына себеп болыўшы ашлық сезимин бермейди. Ондағы кальций элементи түнде жақсы өзлестириледи. Уйқыдан алдын ишилген қатық организмди ертеңги күнге таярлайды, иштей менен ояныўыңызға түртки болады. Ең тийкарғысы, бул ишимлик тынышландырыў қәсийетине ийе болып, уйқыны шақырыўда қол келеди. Тек бунда оны жүдә муздай яки ыссы ҳалатта ишиў усыныс етилмейди. Ең жақсысы, бөлме температурасындағы қатықты ишкен мақул. Мейилге қарап қант салыўыңыз да мүмкин. Айтпақшы, оған бир шай қасық пал қосылса, азыўға жәрдем береди.

ШЫПАЛЫ ИШИМЛИК

Қатық майсыз сыйыр сүтин уйытқы жәрдеминде араластырыў жолы менен таярланыўшы сүт өними. Ол әпиўайы сыйыр сүтине қарағанда 3 мәрте тез сиңеди ҳәм сол арқалы ас сиңириўди жақсылаў қәсийетине ийе. Оның қурамы белок, углеводлар, майлар, А, PP, C, B топары витаминлерине бай. Бир банка қатық инсан денесин барлық зәрүрий элементлер менен байытады. Диетологлар қатықты диета тағамы сыпатында артықша салмақтан қыйналып атырғанларға усыныс етеди. Қатықтың бул қәсийети ас сиңириў системасы арқалы тез өзлестирилиўи менен байланыслы. Соның менен бирге қатық:

·        Организмде басқа азықлық элементлер сорылыўын жақсылайды;

·        Ондағы сүт кислоталары асқазандағы бузылыўларды сапластырады;

·        Ишеклердиң перистальтик (азықлық элементлер сорылыўы) ҳәрекетин қуўатлайды;

·        Организмдеги зыянлы элементлерди шығарыўға жәрдем береди;

·        Жүрек искерлигин беккемлейди. Ол киши «мотор»ды қуўатлап, оған түсиўши зорығыўды азайтады;

·        Қалаберсе, қантлы диабети бар наўқаслар ушын идеал диета өними сыпатында қабыл етиледи;

·        Нерв системасын тынышландырады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар