ТРАНС-МАЙЛЫ ӨНИМЛЕР НЕГЕ ҚӘЎИПЛИ?

RA-img

Күнине қанша-қаншалап транс-май қабыл етиўимизди көпшилигимиз ҳәтте қыялымызға да келтирмеймиз. Төменде қурамында транс-майлар бар өнимлердиң парқына барыўды түсиндиремиз.


АРЗАН – ЖАҚСЫ ДЕГЕНИ ЕМЕС!

Май кислотасы трансизомерлери жүрек-қан тамыр кеселликлерин шақырыўшы ең зыянлы май сыпатында тән алынған, дейди қәнигелер. Адам ушын қатты майлардың дәслепки дереги сары май. ХХ әсир басларында суйық өсимлик майларын водород пенен тойындырып, қатты майларды пайда етиў санааты ойлап табылған еди. Бундай майлар салыстырғанда арзан, оксидлениўге шыдамлы ҳәм бир қатар абзаллықлары болған (ийилиўшең, көпириўшең, тез ериўшең). Сондай-ақ, усы процесс өзгериўшең омега-3 кислоталарын бузған. Бул майдың жаныўға мейиллигин азайтады, жарамлылық мүддетин асырады ҳәм қуўырыў процесин қолайластырады.

Бул процесстиң әҳмийетли кемшилиги сонда, ол зыянлы трансизомерлер пайда болыўына алып келеди. Толық емес гидридленген майда олар муғдары 60% ке жетиўи мүмкин. Май кислоталары трансизомерлердиң денсаўлық ушын тийкарғы қәўипи транс-майларды көп қабыл етиў менен қанда холестерин дәрежеси асыўы ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери ортасындағы байланыслылық пенен түсиндириледи.

Май кислоталары трансизомерлерин қабыл етиў буннан да аянышлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Топланып қалған трансизомерлер ҳаял организминен сүт безлери, еркеклерде ишки секреция безлери арқалы шығады. Бул ҳаялларда көкирек, еркеклерде простата раги қәўипин пайда етеди.

Май кислоталары трансизомерлери бийпушлық қәўипин 73%, екинши тип диабет қәтерин 140%, Альцгеймерди үш есе асырады. Май кислоталары трансизомерлерин қабыл етиўши емизиўли ҳаяллар сүтинде олардың концентрациясы жоқарылап кетиўи дәлилленген. Бул болса, өз гезегинде, раўажланып атырған нәресте организмине унамсыз тәсир өткереди. Көплеген изертлеўшилер ананың надурыс аўқатланыўын балаларда аллергиялық реакция келип шығыўы менен байланыстырады. Трансизомерлерди қабыл етиў иммунитетти пәсейтеди ҳәм жуқпалы кеселликлер пайда болыў қәўипин жоқарылатады.

 

ҚАДАҒАН ЕТКЕН ЕДИ – ӨЛИМ КЕМЕЙДИ

Май кислоталары трансизомерлерин қабыл етиўдиң қәўипсиз дәрежеси ҳаққындағы мағлыўматлар жоқ. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми транс-майлар қабыл етилиўин улыўма энергия қабыл етилиўиниң күнлик нормасынан 1% ке дейин (2-3 г) кемейтиўди усыныс етеди. Бунда өмир тәризи (шегиў, алкоголь ишиў, спорт пенен шуғылланбаў ҳ.т.б) жүрек ишемик кеселликлерине май кислоталары трансизомерлерин қабыл етиўден кемирек тәсир көрсетеди.

Май кислоталары трансизомерлерин санаат көлеминде ислеп шығарыў Дания, Норвегия, Исландия, Австрия, Венгрия, Швейцария, Сиэтл, Нью-Йорк, кейин болса пүткил АҚШ  аймағында қадаған етип қойылған. Данияда 2003-жылы май кислоталары трансизомерлерин қадаған етиў 2009-жылға барып жүрек-қан тамыр кеселликлеринен өлим дәрежесин 70% ке дейин азайтқан.

 

ДУШПАН ҚАЙЕРГЕ ЖАСЫРЫНҒАН?

Егер азық-аўқат өними сатып алынып атырғанда тутыныўшы оларда май кислоталары трансизомерлери барлығынан хабардар етилсе, улыўма аўқатланыў системасында, әсиресе, фастфудта ол бул ҳаққында ойлап та отырмайды. Мәселен, бир порция картошка-фри жеген адам өз организмине шамалап 7 г трансизомер менен зыян жеткереди. Бул күнлик аўқатланыў улыўма калориясының шама менен 3,5%ин қурайды.

Қурамында май кислоталары трансизомерлери болған ас майлары ислетилген печеньелерди де қабыл етиў жақсы емес. Арзан конфетлерди (батончик, начинкалы конфетлер ҳ.т.б) ислеп шығарыўда ислетилетуғын ас майлары қурамында да май кислоталары трансизомерлери жүдә көп.

Және бир қәўипли өним – ҳәмме ушын сүйикли вафли. Өним баҳасын түсириў ушын айырым ислеп шығарыўшылар оның қабатлары арасына арзан ас майларынан қосады. Оларда болса транс-майлар жоқлығына ҳеш ким кепиллик бермейди.

Маргарин қурамында транс-майлар болған тийкарғы өнимлерден бири саналады. Ол тез тағам таярлаў системасы – фастфудта кең қолланылады. Ол дерлик барлық кондитер өнимлери, чипс, попкорн, крекер, ярым таяр өнимлерде бар.

Картошка чипслери зыянлы өнимлерден саналады. Бир киши қадақта дерлик 3 грамм транс-май бар.

Крекерлер зыянсыз көрингени менен олар қурамында да транс-майлар бар.

Сөзсиз, музлатылған өнимлер (пирог, пицца, блинчик, вафли) тез ҳәм аңсат таярланады, бирақ олар қурамында транс-майлар көп.

Ҳәр бир пирожний қурамында 1 грамм транс-май бар. Буннан тысқары, түрли кондитер өнимлерин таярлаў ушын сатылып атырған араласпалар қурамында әдетте транс-майлар болады.

 

ҚАНДАЙ ҚОРҒАНЫЎ КЕРЕК?

Әлбетте, көзди қуўандыратуғын кекс, булочка, пирожкилерди көргенде адам нәпсин тыйыўы қыйын. Транс-майлардың қәўипли тәсиринен адам өз саламатлығын аз болса да қорғаў ушын төмендеги қағыйдаларға әмел етиўи керек.

·        Маргарин ҳәм гидрогенли өсимлик майын сатып алмаң.

·        Фастфудларға барыўды илажы барынша азайтың.

·        Өнимлер қурамын жақсылап үйренип шығың (қурамында гидроген май болған өнимлерди сатып алмаң). Айтып өтиў керек, егер бул қурамлы бөлимлер дизимниң басында болса, демек, ол жүдә көп ислетилгенин билдиреди. Өнимниң, әсиресе, кондитер өнимлериниң жарамлылық мүддетине итибар бериң. Өнимде транс-майлар қанша көп болса, олардың сақлаў мүддети сонша узаяды.

·        Үй шараятында аўқат таярламақшы болсаңыз, пуўлап писириў усыныс етиледи. Қыздырылған майда қуўырыў орнына духовкадан пайдаланың. Тағам таярлаўда маргарин ҳәм таяр соусларды ислетпең.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар