Пайдалы кеңеслер
1. Түнге таман ҳеш нәрсе жемей, аш қарынға уйқылап көриң. Сонда сиз бир-еки ҳәпте даўамында жеңил-жарқын түслер көре баслайсыз. Ҳәр күни таңда көтериңки кейпият пенен көзиңизди ашасыз, қандай да бир исти орынлаўға илҳамланасыз, азанда уйқың қанып, орныңыздан жеңил турасыз.
2. Сиз аўқатыңызды дузсыз ҳәм бурышсыз жеп көриң. Сонда сиз бурынғыға қарағанда еки-үш есе аз татсаңыз да, тойыўға болатуғыңызды аңлайсыз. Бир-еки ҳәпте даўамында өзиңизди жеп-жеңил сезип жүресиз. Семиз болсаңыз, онда бир айдан соң әдеўир салмақ таслайсыз.
3. Дүканларда сатылатуғын лимонадларды ҳәм ҳәр қыйлы газленген ишимликлерди ишпей көриң. Сонда әпиўайы суўдың қандай татлы екенлигине
көзиңиз жетеди.
4. Кофе ҳәм шайды еки ҳәпте даўамында ишпей көриң. Сонда тыныш уйықлайсыз, терең уйқыға тез кетесиз. Жүзиңизден қатыўланған жыйрықлар кетеди, нервиңиздиң шығыўлары, ең кем дегенде, еки есе азаяды.
5. Шөптиң үстинде, тереклер арасында, тәбият қушағында жатып көриң. Сонда сиз өзиңиздиң бурыннан берли күткен тынышлығыңызға ерисесиз.
6. Көшелерде тик жүрип, ханалардағы стулларда тик отырып көриң. Сонда еслеп қалыў қәбилетиңниң жақсарғанын, мийиңниң жақсы ҳәм жылдам ислейтуғын болып кеткенин байқайсыз.
7. Унатпайтуғын адамыңыз есиңизге түскенде, оған қыялыңызда ең қымбат баҳалы (ямаса айрықша жақсы) саўғалар берип, оның қатты қуўанып қалатуғынын көз алдыңызға келтирип көриң. Сонда оның бул турмыста сизге мүнәсибети жүдә жақсы тәрепке өзгергенин көресиз.
8. Уйқылаўға бир-еки саат қалғанда телевизор ҳәм компьютерди өширип көриң. Сонда сиз өз қәлеўлериңизди ҳәм дөретиўшилик импульсларыңызды сезе баслайсыз.
9. Еки ҳәпте даўамында телефоннан тек жумыс бабында сөйлесип көриң. Сонда сиз бир суткада 36 саат бар екенлигине исене баслайсыз.
10. Қолыңызды пачкадағы сигаретаға емес, ал мандарин, алма, апельсин, банан ямаса бир стакан суўға созып көриң. Сонда өзиңизди еки есе беккем, шыдамлы ҳәм күшли сезе баслайсыз.
11. Өзиңизди қызықтырып қалған исти (сизге тән емес, бурын ислеп көрмеген ис болса да), көп ойланып-толғанып отырмастан-ақ, қылып көриң. Сонда сиз анағурлым көп жумысларды дөндирип таслайтуғыңызды биле баслайсыз.
12. «Мен туўралы қолайсыз ойлап қалар-аў» деп қысынып-қәўипсинбестен, жаныңыздан өтип баратырған бийтаныс адамға бир-еки секунд күлимсиреп қарап қойыўды әдетке айландырып көриң. Сонда сиз бир ай даўамында ҳәр бир адамды өзиңизге таныстай ҳәм қәўипсиз көре баслайсыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…