Биз адамлар өз ис-ҳәрекетлеримиз, тәртип-интизамымыз бенен өзгелерге үлги боламыз, өз гезегинде олардан өрнек аламыз.
Нәзер салың, ҳәр нәрседе үлги бола алған инсан узақ ҳәм бахытлы өмир кешириўде де басқаларға өрнек бола алыўы мүмкин екен. Төменде буны табыслы орынлай алғанлардан бул ҳаққындағы қызық усынысларын итибарыңызға усынамыз.
«ӨМИР – ҮЗЛИКСИЗ БИЛИМ АЛЫЎДА»
Джин Миллер, 94 жас (Шотландияның Фолкерк қаласы)
Буның сыры сонда, мен қартайған болыўыма қарамай, жүдә белсенди искермен ҳәм өмирге болған қызығыўшылығымды сөндирмегенмен. Кекселикке дейин ҳәм кекселигимде де узақ жыллар шаштәрезханада гардеробшы болып иследим. Буны қараң, ҳәр күни барып жүрген жумысыңа тосаттан бир күн бармай қалыў жүдә ерси сезилер екен. Сүйикли кәсибимди «тәрк еткеннен кейин» ўақтымды мазмунлы өткериў мақсетинде тийкарғы итибарды шаңарақ ағзаларыма қарата басладым.
Дүйшемби күнлери болса 50 жастағыларға мөлшерленген шынығыўларда қатнасыў ушын спортзалға қатнайман. Ҳәптениң орталарында мәдений дем алыў мақсетинде шаңарақ ағзаларым менен бирге театр ҳәм киноға бараман. Сондай-ақ, немис тилин үйрениўди мақсет етип қойдым.
Өмир – бул үзликсиз тәлим алыў. Ең үлкен өмирлик сабақ бул – сабыр етиў. Алдын мен арзымаған нәрселер ушын да қәўетер алар едим. Ҳәзир болса өмирде не нәрсе жүз берсе, бул жақсылыққа ҳәм туўрылыққа деген жуўмаққа келдим. Өмир – бул мектеп. Бул мектепте нени болса да үйренбеў болса жақсы емес. Әтираптағы нәрселерди барынша, өз ҳалынша қабыл етиўди үйрениў лазым.
«ӨМИР БЕРГЕН ИМКАНИЯТЛАРДАН ДУРЫС ПАЙДАЛАНЫҢ»
Пэм Зельдин, 94 жас (Арқа-батыс Англияның Манчестер қаласы)
Мен 98 жасты қарсылаған әжапам Нора менен жасайман. Оның өмирлик жолдасы буннан 10 жыл алдын қайтыс болған еди ҳәм мен оған үйиме көшип өтиўди усыныс еттим. Бирге жасаў даўамында бир-биримизди жақсы түсинисе алатуғын әжайып командаға айландық.
Биз ҳәзирге дейин үй жумысларын өзимиз, бирге ислеймиз. Әжапам 1-қабатты жыйнастырса, мен 2-қабатты тазалайман. Асхана жумысларында, аўқат писириўде де оған жақыннан жәрдем беремен. Кишкене бағымыздағы жумыслар ушын болса мине енди ғана жәрдемши жалладық.
Көп жасаўды қәлесеңиз, саламатлығыңыз ҳаққында қайғырыўды үйрениң. Ҳәр дайым уйқыға тойыўға ҳәрекет етиң. Өмир берген барлық имканиятлардан үнемли пайдалана алыў да көркем өнер. Үйде, бир жерде отырып қалмаң. Ҳәмме нәрсени түскин қабыл ете бермеўге әдетлениў ҳәм өмирден көбирек ләззет алыў да жүдә әҳмийетли есапланады.
«ЖАС – БУЛ КЕЎИЛ ҲАЛАТЫ»
Кришнамурти Дасу, 90 жас (АҚШ тың Нью-Жерси штаты)
Мине усындай узақ жасаўымның себеби, өмиримди жақсы көремен ҳәм оны ең қымбатлы саўға деп билемен. Жас – кеўилдиң ҳалаты. Өз өмирим даўамында соны аңладым, ең тийкарғысы бул өзиңе ҳәм басқаларға пайдалы бола алыў.
Инсан өз ақылы ҳәм денесине ҳәр дайым ғамхорлық етиўи керек. Кекселикте де өзин жақсы сезиў ушын жаслықта көп оқыў, көп пикирлеў ҳәм көп ҳәрекет етиўи керек.
Сондай-ақ, аўқатланыўда норманы умытпаў керек. Ақыры биз жүдә көп аўқат жеўимизди сезбеймиз де!
«ӨМИРДЕН ЛӘЗЗЕТ АЛЫП ЖАСАЎДЫ ҮЙРЕНИЎ»
Дон Андерсон, 99 жас (Англияның Бирмингем қаласы)
Ҳәзир мениң көп ғана унатқан шынығыўларым бар. Китап оқыйман, социаллық тармақлар арқалы сәўбетлесемен. Интернетте жаңа дослар арттырыўды үйренип те алдым.
Ким узақ жасаўды қәлесе, ҳәр нәрсеге күйине бермеўди ҳәм арзымаған нәрселерге басын аўыртпаўды усыныс етемен. Кәсипти тез-тез алмастырыў да керек емес. Ең тийкарғысы, кеўлиңизге жаққан кәсипти таўың ҳәм ол менен шуғылланың.
Мен де өз өмирим даўамында сатыўшылық дейсиз бе, қурыўшылық дейсиз бе, қылмаған жумысым қалмаған. Өмирде асығып емес, ҳәр минуттан ләззет алып жасаўды үйрениң. Стресслерди, жумыстағы үлкен шаршаўларды шетлеп өтиўге ҳәрекет етиң. Жақын инсанларыңызға, унатқан нәрселериңизге абайлы мүнәсибетте болыўды үйрениң.
«ҲӘР НӘРСЕДЕН ҚУЎАНЫШ ИЗЛЕЎГЕ ӘДЕТЛЕНИҢ»
Шейла Китинг, 91 жас (Лондон қаласы)
Қартайып барғаныңыз сайын өмир әстен өтип атырғандай сезиледи. Ҳәрекетлениўге қыйналсақ та, еле де мийимиз орнында. Жыллар өткен сайын мен сабыр етиўди үйрендим. Бирақ бул улыўма бақырмайтуғын ҳәм ҳайран қалмайтуғын болып қалдым дегени емес. Ҳәзир мен әтираптағыларды түсине алатуғын болдым.
Узақ өмир көргеним өмирдеги ең үлкен әўметим екенлигине исенимим кәмил. Ҳәзир ҳәр нәрседен қуўаныш излеўге әдетлендим. Алдынлары жүзиўге барар едим. Бирақ жас өтип, бундай физикалық ҳәрекетлерден узақласып қалғандайман. Бул болса кекселикте жүдә пәнт береди.
Жаслығымда саламатлыққа пайдалы болған тағамлар жеў керек екенлигине яки өмирди узайтырыўға хызмет етиўши ҳәрекетлер орынлаў керек екенлигине көп те итибар бермегенмен. Бирақ мине енди, әўметим келип 91 ге кирип, әтираптағыларға буны усыныс етпеймен. Егер инсан 80 жасында да өзин жақсы сезсе, демек, онда 100 жасқа кириў итималы жоқары болыўына исенимим кәмил. Жеке өзим мине усындай етежақпан.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…