Әййемги грек шыпакерлери асқазан асты безин «pancreas» – «турысы менен гөш», деп атаған. Кеселлик аты да соннан келип шыққан.
Бул бездиң организмдеги ўазыйпасы – аўқатты сиңириў. Сондай-ақ, ол энергия алмасыўы және басқа да бир қатар әҳмийетли процесслерде қатнасады. Мәселен, бул бездиң ферментлери ишеклерде белок, май ҳәм углеводларды сиңириўге жәрдем береди. Ондағы гормонлар болса (инсулин, глюкагон ҳәм басқалар) қандағы глюкозаның дәрежесин қадағалайды.
Панкреатит – асқазан асты безиниң исиниўи болып, өткир ҳәм созылмалы түрлерге бөлинеди. Оның созылмалы түри де ўақты-ўақты менен өткирлесип (қозып) турады. Оған спиртли ишимликти тутыныў, өт қалтасы, он еки бармақлы ишек кеселликлери, асқазандағы ҳәм өт жолларындағы хирургиялық әмелиятлар, ҳәр түрли дәри-дәрмақларды көп тутыныў, зат алмасыўының изден шығыўы, гормонлар жумысының бузылыўы, қуртлар ҳәм басқа да инфекциялы кеселликлер себеп болады.
Кеселлик тутқан ўақытта, түрли факторлар тәсиринде асқазан асты безиниң ишекке түсер жолы тосылады ҳәм басым көтериледи. Нәтийжеде ферментлер ўақтынан алдын жумысқа кириседи. Ақыбетте, олар аўқатты майдалаўдың орнына асқазан асты безиниң өзин «кемире» баслайды. Соңынан, өткир исиниў жүзеге келеди.
Созылмалы панкреатитте болса без тоқымасы тыртықланып қалады. Бул жағдай ферментлердиң нормада ислеп шығарылыўына ҳәм асқазан асты безиниң өз ўазыйпасын «жуўапкершилик пенен» орынлаўына тосқынлық етеди.
Белгилери: қарынның жоқарғы бөлиминде, оң ҳәм шеп қабырғаның астында күшли аўырыў бақланып, оның белге тарқалыўы панкреатиттен дәрек береди. Көпшилик жағдайларда буған қосымша қусыў, ҳәлсизлик ҳәм мий айланыўы да бақланады. Наўқасты көп гекириў, кеўил айныўы, иштиң желлесиўи, иштейдиң жоғалыўы қыйнайды.
Ақыбетлери: кеселлик дурыс емленбесе ҳәм диетаға әмел етилмесе асқазан асты безиниң исиниўи, ириңлесиўи, базы жағдайларда қарын қуўыслығынан қан кетиўи және перитонит (қарын қуўыслығының исиниўи) келип шығады. Созылмалы панкреатит тийкарынан, дурыс аўқатланыў тәртибине әмел етпегенде, спиртли ишимлик тутынғанда өткир түрге өтеди. Егер ол өз ўақтында емленбесе, қантлы диабет кеселлигин келтирип шығаратуғыны медицинада дәлилленген. Панкреатитти терапевт ҳәм гастроэнтеролог емлейди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…