Әўмет – биз оның ҳәмийше жанымызда жүриўин қәлеймиз. Ата-бабаларымыз пәтия берген ўақытта да «әўмет» сөзине айрықша итибар қаратып келген. Бирақ, әўметтиң де инсан пазылетлеринен бирине айланыўы ушын оны тәрбиялаў керек екенлигин билесиз бе? Буның ушын оның өзине жараса қағыйдаларына бойсынсаңыз, болғаны. Демек, перзентлеримизди әўметли инсан етип тәрбиялаўды баслаймыз. Оның биринши қағыйдасы – мийнетсүйгишлик.
Мийнетке болған меҳир
Егер, итибар берген болсаңыз, еки-үш жасар балаларда ата-анасына жәрдем бериўди қәлеў сезими оғада күшли болады. Мәселен, кишкене ғана қоллары менен үйди сыпырғысы келип сипсени көтереди ямаса папасына уқсап атызда жумыс ислемекши болады. Сондай-ақ, ананы-мынаны алып келиўге де жүдә епшил болады.
Минекей, перзентиңиз бенен бирге туўылған мийнетке болған меҳирди усы ўақытта сөндирип алмаң. Илажы барынша үй жумысларын биргеликте орынлаң. Егер ол сизиң жаныңызда жумыс ислегиси келсе, өзине сәйкес бир талап таўып бериң. Мәселен, аўқат писирип атырғанда ол сизге жәрдем бермекши болса, картошка-пияздың қабығын мусор шелекке таслап келиўин буйырың.
Сондай-ақ, үйдиң шаңын тазаламақшы болсаңыз, оның қолына да бир шүбекер берип қойыўды умытпаң. Бундай жумысларды перзентиңиз жан-жан деп орынлайды. Усы тәризде оның кеўлинде мийнетке муҳаббат оятасыз.
Мақтаў сөзди аямаң
Әлбетте, кишкене балалардың ҳәр қандай жумысты кемшиликсиз орынлаўы қыйын. Соның ушын, сизден әдеўир сабырлылық талап етиледи. Ең тийкарғысы, балаңызға оның ислеп атырған жумысының шаңарақ ушын оғада әҳмийетли екенлигин айтыўды умытпаң. Олардың ҳәр бир ҳәрекетин итибарсыз қалдырмаң.
Мәселен, ол қандай да бир жумыс ислеп атырса: «Мениң ақыл балам, мамасының (папасының, апасының) жәрдемшиси, сен болмағанда не ислер едим?» деген мақтаў сөзлерди тез-тез айтып турың. Себеби, бундай сөзлер перзентиңиздиң мийнетсүйгиш инсан болыўында оғада әҳмийетли.
Жәрдем бермекши болса «Яқ» демең
Тилекке қарсы, көпшилик ата-аналарға перзентлериниң олар жумыс ислеп атырған ўақтында қосылып ислегени оншелли унай бермейди. Керисинше, «Қолымды иркип болдың», «Пайдаңнан зыяның көп» деп кеўлин қайтарып таслайды. Ең жаманы, балаңыз сизге жәрдем керек емеслигин түсингеннен соң, соңын ала жаныңызда жумыс ислегиси келмей қалады.
Мәселен, арадан жыллар өтип, балаңыз 10 жасқа толғанда, «Маған жәрдемлесип жибер» десеңиз, «Сабақ таярлаўым керек» деген сылтаўды еситесиз. Себеби, балалық ўақтында оның сана астына «Мениң қолымнан келмейди, ҳәзир бир нәрсени шала ислесем, бақырады» деген түсиниқ орналасып қалған.
Жуўмақлап айтқанда, әўметли инсан болыў ушын мийнеткеш болыў керек. Өйткени, мийнеткеш инсанның өзине деген исеними де жоқары болады ҳәм өзиниң кереклигин ҳәмийше сезинип жасайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…