Қатық — бәршемизге бирдей сүйикли ҳәм пайдалы өним. Оның қурамында белок, минерал дузлар ҳәм бир қанша витаминлер бар. Кеселликтиң алдын алыў ямаса емлеў ушын оны ишкенде, организмге аңсат сиңеди, ишеклер тәрепинен тез сорылады. Жас балаларда көп ушырасатуғын дисбактериоз ҳәм диареяны емлегенде де қатықтан пайдаланыўға болады. Соның менен бирге, ол денемизди бир қанша кеселликлерден қорғайды.
Антибиотиклер менен емленип, қатық ишкенде ишек микрофлорасы жақсыланады, организмниң иммун системасы беккемленеди. Ол ишеклердеги пайдалы бактерияларды тиклеўге жәрдем береди. Және де бир қәсийети: организмниң зыянлы микроб ҳәм бактерияларға қарсы гүресшеңлигин арттырады. Соның ушын да, иммунитети төмен түсип кеткен наўқаслар ушын қатық жүдә пайдалы.
Илимпазлар узақ излениўлерден соң инсан денесиниң қартайыў себеплериниң бирин анықлады. Олардың жасаған жуўмағына қарағанда, денемиз токсинлерге, аш ишектеги зыянлы микробларға тынымсыз гүресе отырып қартаяды екен. Ал, қатық бул микробларды нейтраллайды. Бундай ўазыйпаны оның қурамындағы сүтли ашқылтым грибок, лактобацил ҳәм бифидобактериялар бежереди. Демек, қатық инсан өмирин узайтыў қәсийетине ийе екен.
Лекин, баўыр кеселлигине шалынған ҳәм аўқаттан зәҳәрленген наўқаслар қатықты шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда қабыл етиўлери шәрт. ¤йткени, ол ишеклердиң желлесиўине шәраят жаратып береди. Асқазаны аўыр түрде қәстеленген наўқаслар да гастроэнтеролог мәсләҳәтлерин ядта тутыўы лазым.
Сүттиң майлылық дәрежеси қаншелли жоқары болса, оннан мазалы ҳәм тойымлы қатық уйыйды. Сүттиң асқазанда сиңиўшилик дәрежеси 30 пайыз болса, қатықтыки — 90. Буннан көринип турыпты, асқазанда узақ ўақыт даўамында сиңетуғын сүттен гөре қатық ишкен пайдалы екен.
Бир қанша пайдалы микроорганизмлердың қосындысы деп саналатуғын бул өним грибоклы ашытқылардан, ашқылтым сирке бактериялары ҳәм де ашқылтым сүтли таяқшалардан ибарат. Бунда дәм бериўши микроорганизмлердиң барлығы бирлесип тойымлы өнимге айланған.
Ол — денениң иммун системасын тиклеўши, руўхый зорығыў ҳәм де уйқының бузылыўының алдын алыўшы ишимлик. Ишеклердеги артықша силекейлерди жуўып түсиреди. Организмниң қорғаныў системасын беккемлейди. Жаз күнлеринде муздай қатық ишиўлер денеге рәҳәт бағышлайды. Сондай-ақ, ол — шөлди қандырады, иштейди ашады ҳәм де нервлерди тынышландырады.
Мудамы қатық ишип жүриў адамның нерв системасын жақсылайды, денедеги руўхый зорығыўды сапластырады. Қатықтың қурамындағы фосфор шаршағанды шығарады ҳәм булшық етлерге қуўат бағышлайды.
Таяр болған соң бир күн өтсе де қатықтың қурамы, сапасы өзгереди. Соның ушын да, әйне уйыған ўақтында ишкен жүдә пайдалы. Оның майлылық дәрежеси қаншелли жоқары болса, денсаўлық ушын соншелли жақсы.
Уйқыға жатыўдан алдын бир кеса қатық ишиўдиң өзи кеўил қәтержамлығын тәмийинлейди. Және соны да айтып өтиўимиз керек, балаларда ушырасатуғын бир қанша жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда, сондай-ақ рахит, кемқанлық, аллергиялық кеселликлерде, шамаллап қалғанда ямаса иштей жоғалғанда қатық ишиў усыныс етиледи.
Кальций ҳәм D витамини балалардың сүйек системасын беккем етип өсиреди. Олар екеўи де қатықтың қурамында бар.
Мектепке шекемги жастағы балалардың тислериниң саламат өсиўи ушын қатықты олардың аўқатланыў рационына кириткен мақул. Бул — тислерди зыянланыўдан сақлайды. Бир суткада ярым литр қатық ишип турыў баланың саў-саламат өсиўине жәрдем береди.
Шыпакерлер ҳәмиледар ҳаялларға ҳәр күни 1 кесадан қатық ишип турыўды зинҳар кеңес етеди. Қатықтың қурамында болажақ ана ушын зәрүр тәбийғый дәри-дәрмақлар бар (12 түрли дәри-дәрмақ, олардың ишинде А ҳәм D витаминлери ана ҳәм бала саламатлығы ушын жүдә әҳмийетли саналады).
Ҳәзирги күнде пүткил дүнья бойлап балалар бақшаларын, мектеплерди қатық ҳәм басқа да сүт өнимлери менен тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылмақта. Балалар сабақ таярлап атырғанда ақылый жақтан зорығады. Бундайда қатық ишип жиберсе әдеўир жәрдеми тийеди.
Дүнья диетологлары қатықты удайы ишип жүриў инсан саламатлығы ушын жүдә әҳмийетли, деген жуўмаққа келген.
ҚАТЫҚТың сүзбеси
Әййемги заманлардағы тәўиплер қатықтың сүзбесин асқазан-ишек, баўыр, бүйрек ҳәм басқа да кеселликлер ўақтында диеталық аўқат ретинде усынған.
Сүзбеден таярланған торақ қан басымын пәсейтеди, иштейди ашады, өтти жақсы айдайды, шөлди жақсы қандырады, тымаў ҳәм жөтелди даўалайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…