Енди бирнеше саат даўамында шыпакерге барып көриниўге үндейтуғын белгилерди қарап өтейик

RA-img

    


Киши дәреттеги қан

Гематурия ямаса қанның сидиктеги муғдары физиологиялық нормадан жоқары  болыўы — бул, бүйреклердиң ҳәм сидик шығарыўшы жоллардың бузылғанын көрсететуғын тийкарғы белги болып табылады. Буны бүйректеги таслар, сидик шығарыўшы жоллардағы инфекция, ҳәттеки рак те келтирип шығарады.

 

Қан аралас жөтел

Өкпе кеселликлери ямаса баўыр циррозы — булар, ересеклердеги қан аралас жөтеллеўлердиң тийкарғы себеплери. Бәлким, пневмония өкпениң көплеген майда тамырларын жемирген болыўы да итимал ямаса өңештиң веналары ҳәр жөтеллеген сайын жарылып атырған шығар? Ҳәр қандай жағдайда да қып-қызыл суйықлық өкпеде болмаўы тийис.

Егер кеселлик белгиси бас айланыў ҳәм сананың алжыўы менен бирге кешсе, онда «Тез жәрдем» шақырың.

 

Үлкен дәреттиң жети күн даўамында болмаўы

«Үлкен дәретке жети күн даўамында шықпадың ба?»  Бул — ишегиңниң жүрмей қалғанын билдиреди. Демек, организмиң ишектеги токсинлер менен зәҳәрленип атырыпты. Ҳәттеки, үлкен дәреттиң 3 күнге иркилгени де адамды тынышсызлардырыўы дәркар.  Гейде иштиң қаталаўы нервлик тийкарда кешеди, ал ҳаял-қызларда менструаллық циклге байланыслы болыўы мүмкин.

 

Галлюцинациялар

Ҳақыйқатында жоқ нәрсениң көзге елеслеп кетиўи, ҳәттеки дени саў адамларда да, әсиресе қатты шаршағанында, жүз бериўи мүмкин. Егер сен арақ ишпеген ямаса наркотик татпаған болсаң, бирақ көз алдыңда шайтанлар бийге түсип жүрген болса, қашшан-ақ арғы дүньяға өткен танысларың көрине берсе, онда оларды қуўып жибериў ушын моллаға барып, дем салдырып отырма, ал тезирек шыпакерди шақыр. Мий өзиниң машқалалары жөнинда сигнал берип турған болса керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар