Төменде Ла Лече Лига – Халықаралық емизиўли ҳаялларды қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик шөлкеминиң жетекшиси Мария Сорокинаның ықласбентлерди қызықтырған сораўларға қайтарған жуўаплары менен танысасыз.
1. Баланы емизгенде көкирегим аўырады. Буның себеби не?
Аўырыў ҳәр түрли болыўы мүмкин. Бундай машқаланы сапластырыў оны келтирип шығарған себепке байланыслы. Мәселен, көкиректиң ушы аўырса, демек баланы надурыс емизип атырсыз. Сондай-ақ, инфекциялар да себеп болыўы мүмкин. Экзема, вазоспазм (әдетте, бунда емизгеннен соң көкирек ушының реңи өзгереди) сыяқлылар да сийрек ушырасып турады. Егер аўырыў көкиректиң ишинде бақланса, сүттиң көбейиўи, турып қалыўы ҳәм, ҳәттеки, мастит те болыўы мүмкин.
Көкиректи баланың аўызына дурыс тутпаў – аўырыў ҳәм жарықлардың тийкарғы себеплеринен бири. Бундай аналарға төмендеги илажлар жәрдем береди: баланы көкирекке жақынырақ қойыў лазым, бас сәл артқа тасланған, аўызы үлкен етип ашылған болыўы керек. Әдетте, нәрестениң басы қапталға емес, ал туўрыға ҳәм сәл жоқарыраққа қараса, жақсырақ емеди. Бунда баланың тили емип атырғанда төменги еринге тийип турады.
2. Нәрестени неше жасқа шекем емизиў лазым?
Бурынлары баласы бир жасқа толар-толмастан ҳаяллардың сүти келмей қалатуғын еди, сол себепли, нәрестени 3 жасқа шекем емизиў керек, деген мәселе улыўма қозғалмайтуғын еди. Ҳәзир болса, көпшилик ҳаяллар ана сүти менен бағыў ҳаққында толық мағлыўматқа ийе, тәжирийбе алмасады, сол себепли, кем дегенде бир жасқа шекем перзентин емизеди. Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми нәрестени 2 жасқа шекем емизиўди, егер ана ҳәм бала қәлесе, және даўам еттириўди мәсләҳәт береди. Өйткени, узақ ўақыт емизиўдиң ҳеш қандай зыяны жоқ, турысы менен пайды. Солай екен, қәлегенше емизиў мүмкин.
3. Емизиўли ўақытта не нәрселер қадаған етиледи?
Химиотерапия ямаса күшли тәсир ететуғын дәрилерди (сондай-ақ, антибиотиклер, тислерди емлетиўге тийисли дәрилер) шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда қабыл етиў тийис. Рентген ҳәм флюорография руқсат етиледи.
Шегиў қадаған етиледи. Алкоголь ҳәм наркотик затлар балаға унамсыз тәсир ететуғыны бизге мәлим. Сондай-ақ, алкоголь нәрестениң баўырын да истен шығарады.
Шаш бояў, буйралаў, бет ушын крем ҳәм нықаплар жағыўдың балаға унамсыз тәсир етиўи ҳаққында дәлиллеўлер жоқ. Сауна және моншаға барыўға да болады. Спорт пенен шуғылланыўға да руқсат бар, тек ғана туўыўдан соң спортқа бирден кирисип кетпеў керек. Организмниң бейимлесиўи ушын оны әсте-ақырын турмысқа енгизиў зәрүр.
Тәбийий, яғный пайдалы тағамлар менен азықланыў лазым. Азықлық затлардың қурамында консервантлар қаншелли аз болса, соншелли жақсы. Тек ғана бир өнимге «жабысып» алыўдың да кереги жоқ. Себеби, сол өнимге баланың сезиўшеңлиги артып кетиўи мүмкин. Аллергия, колик ҳәм басқа да машқалаларға тоқталатуғын болсақ, олар ҳәр бир ҳаял ушын айрықша мәселе. Базы ҳаяллар қәлеген нәрсесин жей бериўи мүмкин, басқалары болса айырым өнимлерди тутынған ўақытта баласына аллергия шығып кетеди. Бундай жағдайда усы өнимди тағамнамадан шығарып таслаўға туўра келеди. Бул, әдетте, ўақтыншалық ҳәдийсе болып, баласы өскен сайын анасы тағамнамасын кеңейтип барыўы мүмкин.
4. Қашан қосымша аўқатқа өтиў мүмкин?
Қосымша аўқатқа бала таяр болғанда өтиў усыныс етиледи. Бул, әдетте, 6 айлығында жүз береди. Баланың таяр болғанын қалайынша билиў мүмкин? Нәресте бийғәрез отыра алады, үлкенлердиң аўқатына қызығыўшылық билдиреди, аўызындағы тағамды тили менен ийтерип тасламайды. Сондай-ақ, бала тағамды қолы менен алып, аўызына салады.
Қосымша аўқатты қурамында бояў ҳәм консервантлар болмаған тәбийий өнимлерден баслаў керек. Ҳәр бир бала ушын қосымша аўқат айрықша таңланады. Ҳәмме ушын бирдей қағыйда жоқ. Бул баланың салмағына, оның тағамға қызығыўшылығына байланыслы, өнимлер ҳәр түрли болыўы мүмкин.
5. Лактацияны қалайынша көбейтиў мүмкин?
Лактацияны көбейтиўдиң ең исенимли усылы – баланы тез-тез ҳәм көп емизиў зәрүр, сондай-ақ, нәресте менен көбирек қатнасықта болыў, оны қушақлаў, қолда көтерип жүриў де сүттиң көбейиўине хызмет етеди.
Бала көбирек емиўи ушын оған тез-тез көкирек тутып турыў усыныс етиледи. Егерде нәресте көкиректи жақсырақ ембесе, сүт те азая баслайды. Нәресте тек ғана емиўи ҳәм басқа нәрселерге кеўил бөлмеўи ушын емизик және шийшелерден бас тартыў керек. Балаға алдын бир көкиректи, ол толық босағаннан соң, екиншисин тутыў лазым. Кешқурын күндизгиге қарағанда тез-тез ямаса узағырақ емизиўге туўра келеди. Сондай-ақ, әдетте, лактацияға кешки азықландырыў да тәсир етеди. Өйткени, ҳаял организминде кешқурын жүдә көп сүт ислеп шығарылады.
6. Сүти жоқ аналар қандай илаж қолланыўы зәрүр?
Көпшилик жағдайларда бул машқала жасалма азықландырыў менен байланыслы. Мәселен, нәрестеге туўылған ўақыттан баслап шийше ыдыс пенен азықлық берип қояды. Нәтийжеде, ол ембейди ямаса оншелли қәлемей емеди ҳәм сүт жаман сорылады. Нәресте емизикке үйренип қалса, ананың сүти өз-өзинен қашып кетеди. Сондай-ақ, ана ҳәм баланы туўыўдан соң әдеўир ўақыт бөлеклеп қояды ямаса анасының өзи түнде баласын емизбейди, усы себептен де сүт қашып кетеди. Улыўма алғанда, тилекке қарсы, емизиўге кесент ететуғын факторлар оғада көп.
Тийкарында сүти келмесе, анасының өзи не ислеў керек екенлигин жақсы биледи. Базы биреўлер жасалма азықлық затлар бере баслайды, және биреўлери донорлық сүтин табады. Егерде сүт қашып кетсе, нәресте еле кишкене болса ҳәм анасы емизиўди қәлесе, сүтти қайтарыўға ҳәрекет етип көриў керек. Буның ушын тез-тез ҳәм толық саўып турыў лазым. Егерде нәресте емиўге разы болса, сүт толық ямаса белгили бир муғдарда қайтады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…