БИОЭНЕРГЕТИКАЛЫҚ ҚАБЫҚ – САЛАМАТЛЫҒЫҢЫЗ ГИРЕЎИ

RA-img

Турақлы саламат жүриўимиз ушын биоэнергетикалық қабығымыз беккем болыўы керек 


Бәршемизге белгили, япон халқы узақ өмир сүриў статистикасы бойынша ҳәмийше алдында жүреди. Буның себебин адамлар олардың теңиз өнимлери менен азықланыўында деп есаплайды. Халықтың тығыз жайласыўына қарамастан, олар бир-бирине азар бермей, өз-ара ҳүрметти күшейткен ҳалда өмир сүреди. Тийкарында олар түрли стресске берилмегенликтен узақ өмир сүреди.

Ҳәр бир инсанның биоэнергетикалық қабығы болады. Бул қабық аура деп аталады. Оны өз көзимиз бенен көре алмаймыз. Қорғаныў қабығы қаншелли күшли болса, ол организмди унамсыз тәсирлерден соншелли жақсы қорғайды. Мәселен, биз қол телефонынан нормадан зыят пайдалансақ, мийге зыяны тийип, ол зәҳәрлениўи мүмкин. Мине, усындай көзге көринбейтуғын толқынлар көп, олардан қорғаныў ушын бизде биологиялық аура бар. Биологиялық қабығымыз беккем болса, сырттан келип атырған ҳәр қандай толқынлардан қорғана аламыз. Сондай-ақ, унамсыз энергетикалық ағымлар, яғный унамсыз сөзлер, инсанның ғәзебин келтиретуғын, оны масқаралайтуғын пикирлер де аураға зыян тийгизиўи мүмкин. Сол себепли, турақлы стресс және депрессияда жүргенлер өзлерин басқара алмай қалады. Өйткени, оларға күш-қуўат беретуғын биоэнергетикалық қабығы әззилеп қалған болады.

Демек, турақлы саламат жүриўимиз ушын биоэнергетикалық қабығымыз беккем болыўы керек екен. Бул нәрсени қалайынша әмелге асырыў мүмкин? – Буның бир бири менен байланыслы бир неше жолы бар. Дәслеп сөйлесиў мәдениятын күшейтиў керек. Мүнәсибетлерди дурыс қәлиплестириў арқалы түрли кеселликлердиң алдын алыў мүмкин. Халқымызда оқытыў, дем салдырыў деген сөзлер бар. Мине усы усыллар да биоэнергетикалық қабығы сайыз инсанларға тез тәсир етеди. Егер аурамыз беккем болса, ҳеш қандай нурланыў ҳәм унамсыз ағымдағы пикирлер тәсир ете алмайды.

Буның ушын инсан өз үстинде ислеўи керек. Ол ишиндеги унамлы энергетикалық балансты көтериўи лазым. Мәселен, тәбият қойнында дем алыўы мүмкин. Тереклер де инсанның унамсыз энергиясын тартып алыў қәсийетине ийе. Өзиниң үстинде ислеўди ҳәр қыйлы сылтаўлар менен артқа ысыратуғын адамлардың биоэнергетикалық қабығы әззилегенлиги себепли сырттан келип атырған магнит толқынларды, нурланыўларды организмине сиңдирип алады. Ақыбетте болса онкология келип шығады. Соның менен бирге, организмде еркин радикаллар көбейип кеткенлиги себепли қартайыў процеси де тезлесип кетеди.

Биоэнергетикалық қабықты беккемлеўде медитация усылы да жақсы жәрдем береди. Медитация – бул тыныш ҳалатта өзиңиз бенен жалғыз қалып, қыялыңызды жаман пикирлерден тазалаў дегени. Ҳәр күни өзиңиз ушын 5-10 минут (яки оннан да көп) ажыратып, қолай отырған ҳалатта жағымлы классик музыка тыңлап, көзлерди жумып, тап көкте ушып жүргендей, өзиңиз бенен жалғыз қалған ҳалда космостан күш алып атырғандай сезим болыўы лазым. Сол ўақытта қол телефоныңызды зарядландырғанда оған ток келип атырғандай сезимди басыңыздан өткериўиңиз керек. Ҳәттеки, сыртқы әлемдеги ўақыяларды еситпей қалатуғын дәрежеде пикирди бир жерге жәмлеп, өзиңиз бенен жеке қалыўыңыз лазым.

Соны да айрықша атап өтиў керек, инсанның аурасы омыртқа бағанасы менен тығыз байланыслы. Омыртқа бағанасын шынықтырыўға қаратылған шынығыўлар да биоэнергетикалық қабықты беккемлеўге жәрдем береди. Космостан энергия алып, өзи тойынып жүрген адамлар өзгелерди қапа етпейди, өзи де майда тәшўишлерге араласпайды. Қапа болдыңыз ба, демек аураңыз жуқа, негативлер сизге өз тәсирин тийгизип атыр. Сол себепли, инсан кеўилсиз жағдайды жүрегине жақын алып, өкпелегиш болып қалады. Жүрек кеселликлери, гипертония, қантлы диабет, онкологиялық кеселликлер усылардан келип шығады. Бундай машқалалар бақланбаўы ушын өз үстиңизде тынымсыз ислеўиңиз керек. Биринши гезекте, қыялыңызды қадағалап билиң. Екиншиден, ишки энергетикалық күш-қуўатты жоқарыдағы усыллар менен көтериў лазым. Үшиншиден, әлбетте, физикалық шынығыўларды орынлаў керек. Сондай-ақ, дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етилген ҳалда суў ишиў тәртиби де жолға қойылса, ҳәр бир шахс күшли ҳәм саламат болады.

Дүньяға келген ҳәр бир нәрестениң өз аурасы бар. Бирақ, оның қәлиплесиўи анасындағы ҳәмиледарлық дәўирге қарап белгиленеди. Соның ушын перзентлери саламат болыўын қәлеўши аналар, әлбетте, руўхый ҳалатының үстинде жумыс ислеп, пикирлерин пәклеўи лазым. Өз аурасын беккемлеўге бел байлаған инсан ҳәм саламат, ҳәм шырайлы, ҳәм әўметли болады. 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар