ӨТ ҚАЛТАСЫ АЛДЫРЫЛҒАННАН КЕЙИНГИ ӨМИР

RA-img

«Өт қалтасы алып тасланғаннан кейин қандай машқалалар келип шығыўы мүмкин? Олардың алдын алыў ушын не ислеў керек?»

Мырза АХМЕДОВ, Шымбай


– Әдетте, баўыр ислеп шығарған өт өт қалтасында жыйналады. Бирақ, бул қалташа белгили бир себеплерге бола алып тасланғаннан кейин өт он еки бармақлы ишекке тиккелей тамып турады. Соның ушын да, өттиң концентрациясы төменлеп, ас сиңириўи қыйынласады.

Бундай наўқас көбирек аўқат жеп жиберсе, асқазан аўырыўы, кеўил айныўы бақланады. Бул жағдай асқазан асты безине де тәсир етип, ол жерде исиниў процесиниң басланыўына тийкар жаратады.

Буннан тысқары, өт қалтасының алдырылыўы ас сиңириў ағзалары жумысының бузылыўына алып келеди.

 

Сақланыў тәртиби

Өт қалтасы алып тасланғаннан соң дәслепки айларда қырғыштан өткерилген ҳәм пуўда писирилген тағамларды тутыныў керек. Қуўырылған, майлы, ашшы, дузланған азық-аўқатларды тутынбаған мақул. Бул тәризде аўқатланыў – ас сиңириў ағзаларының жаңа шараятқа бейимлесиўине жәрдем береди. Ярым жылдан соң диетаны кеңейтиўиңиз мүмкин. Тағамнамаңызға мийўе ҳәм палыз өнимлерин (пияз, сарымсақ, түрпи және лимоннан тысқары), балық гөшин қосыўыңызға болады.

Бир-бир ярым жылдан соң бурынғыдай аўқатланыў тәризине қайтасыз. Тек ғана майлы гөш ҳәм жүдә ашшы тағамлардан бир өмирге өзиңизди тыйыўыңыз шәрт.

 

Және тас пайда болыў қәўпи

Өт қалтасының алып тасланыўы – өт жолларында енди тас пайда болмайды, дегени емес. Тийкарында, өт қурамының өзгериўи ямаса оның ҳәрекетсиз бир жерде тоқтап қалыўы (өт суйықлығы ҳәрекетиниң бузылыўы) өт қалтасында тас пайда болыўына алып келеди. Тилекке қарсы, өт қалтасы алып тасланғаннан соң да өттиң қурамы жақсыланбайды. Оның ҳәрекетсиз бир жерде тоқтап қалыўы және қайталаныўы мүмкин. Енди тас баўыр ҳәм өт жолларында пайда болады.

 

Узақ шайнаң!

Ең мақулы бир күнде 5-6 мәрте аўқатланың. Ҳәр бир тислемди 30-40 мәртеге шекем шайнаў да асқазан ширесиниң ислеп шығарылыўын тезлестирип, аўқаттың жеңил сиңиўин тәмийинлейди. Узақ шайнаў нәтийжесинде организмде птиалин ферменти ислеп шығарылады. Бул элемент аўқатты мазалы етеди ҳәм сиңиў процесин күшейтеди.

Азық-аўқат өнимлериниң асқазанға әсте-ақырынлық пенен түсиўи фермент (тири клеткада ислеп шығарылатуғын ҳәм организмде зат алмасыўын тәртипке салып туратуғын органикалық элемент)лерди «оятыўға» ҳәм баўырдың өз жумысын баслап алыўына жәрдем береди.

Өт қалтасы алып тасланғаннан соң организмге жетиспей атырған ферментлердиң орнын толықтыратуғын препаратларды қабыл етип турыў керек. Шыпакерге ушырасып, керекли дәри-дәрмақларды жазып бериўин өтиниш етиң. 

 

Қорғаныў илажлары

– Тез-тез ҳәм аз-аздан аўқатланың. Ҳәр бир аўқатланыў өттиң шығыўын тезлестиреди. Бул процесс қаншелли көп болса, өттиң жыйналыўына соншелли жол қойылмайды.

– Холестеринге бай азық-аўқат өнимлерин тутыныўды тоқтатың. Холестерин себепли де тас пайда болады. Сары майды күнине 20 граммнан көп тутынбаң. Сүт ҳәм гөш өнимлериниң де аз муғдарда майсыз түрин тутының.

– Көбирек физикалык ҳәрекетте болың. Операциядан 1,5-2 ай өткеннен кейин, бир күнде 30-40 минут пияда жүриўге әдетлениң. Пияда жүриў өттиң топланып қалыўына тосқынлық етеди. Жүзиў де тап сондай тәсир көрсетеди: суў қарын қуўыслығын жеңил уўқалайды. Жүзиўди операциядан 6 ай өткеннен кейин баслаўға болады. Азанғы дене тәрбия да оғада пайдалы. Бирақ, бул процессте қарынның булшық етлерин ҳәддет тыс зорықтырып жибермең.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар