«Денениң түрли жерлеринде пайда болатуғын унамсыз ийислерден қутылыў усыллары ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.»
Меҳрибар, Тахтакөпир районы
– Қолтық асты, шат саласы, аўыз қуўыслығы, аяқлар – адамда пайда болатуғын унамсыз ийислердиң орайы есапланады. Бундай ўақытта пүткил дене пайда болған ийистен зыянланады. Усындай машқалалар жүзеге келгенде төмендеги мәсләҳәтлеримиз нәтийжели жәрдем береди.
Қолтық асты
Қолтықтың астынан келетуғын унамсыз ийистиң себепшиси тер емес. Өйткени, тер өзинен ийис шығармайды. Жағымсыз ийис микроб ҳәм бактериялардың себебинен пайда болады.
Не ислеў керек?
– Бир күнде еки мәрте – азанда ҳәм кешқурын душ қабыл етиң.
– Қолтық астын түклерден тазалаң. Егер билсеңиз, адам денесиндеги керексиз түклер қумырсқаның белине де жетпеўи керек.
– Илажы болғанынша, қолтық астын суўға шайып турың.
Аўыз қуўыслығы
Аўыз қуўыслығында жасайтуғын бактериялар аўқат қалдықлары менен азықланады. Олар өзинен унамсыз ийис шығарады. Егер адам гингивит, пародонтит, кариес, тонзиллит сыяқлы кеселликлерден жәбир тартатуғын болса, ийис және де күшейиўи мүмкин.
Не ислеў керек?
– Тислериңизди, тис етлерин ҳәм тилиңизди күнине кем дегенде еки мәрте тазалаң.
– Ҳәр сапары аўқатланғаныңыздан кейин аўыз қуўыслығын таза суўда шайың.
– Көбирек сельдерей тутының – ол қурамында бактерияларды набыт ететуғын компоненти бар болған силекейдиң ислеп шығарылыўын тезлестиреди. Сондай-ақ, алма мийўесинде де аўыз қуўыслығын тазалайтуғын кислоталар көп.
Шат саласы
Шат саласынан да унамсыз ийис келиўи мүмкин. Әсиресе, вагиноз (қынның исиниўи) дан жәбир тартып атырған ҳаяллардың шат саласынан жаман ийис шығады. Бул кеселлик бактериялардың көбейиўи себепли жүзеге келеди.
Не ислеў керек?
– Бәринен бурын, шыпакерге барып көриниң.
– Бир күнде еки мәҳәл шомылың.
– Ҳәр ҳәжжетханаға барғаннан кейин дәрет алыўға әдетлениң.
– Ишки кийимлерди ҳәр күни алмастырың.
– Пахталы материалдан тигилген ишки кийимлерден пайдаланың, олар ҳаўаны жақсы өткереди. Синтетик материалдан тигилген ишки кийимлер тер ажыралыўын күшейтип, бактериялардың көбейиўине шараят жаратады.
Аяқлар
Аяқта жайласқан безлер ажырататуғын тер – грибоклардың көбейиўи ушын жүдә қолайлы есапланады. Аяқтан шығатуғын унамсыз ийис болса усы бактериялардан таралады.
Не ислеў керек?
– Күн даўамында аяқларыңызды бирнеше ирет суўда жуўың. Кеште жумыстан үйге келгенде аяқлар әлбетте жуўылыўы тийис.
– Сондай-ақ, ҳәр күни кешқурын аяқларыңызды ашшы етип демленген көк чайға 10-15 минут салып отырың.
– Илажы болғанынша жалаң аяқ жүриўге ҳәрекет етиң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…