Соңғы ўақытларда ашыўшақ ҳәм шыртылдақ инсанға айланып қалып атырғаныңызды өзиңиз де сезип жүрсиз бе? Бәлким, нервыңыз шаршаған шығар? Бул тест сораўларына «Аўа» ямаса «Яқ» деп жуўап бериў арқалы машқалаларыңыздың нерв пенен байланысы бар яки жоқлығын билип алыўыңызға болады. Ҳәр бир «Аўа» жуўабы ушын 1 балл, «Яқ» деген жуўапқа болса 0 балл берип, есаплап шығың.
1. Сизди қапа етиў аңсат па?
2. Тынышланып алыўға қыйналасыз ба?
3. Уйқысызлық машқаласы бар ма?
4. Уйқыдан алдын тынышландырыўшы дәри ишип көрдиңиз бе?
5. Стресс ҳалатлары тәсиринде тутыўы мүмкин болған кеселлик пенен наўқасланып көрдиңиз бе (мәселен, бас аўырыўы, жүрек аўырыўы ҳәм т.б.)?
6. Қәўетерге берилиў ҳалатлары жүз бере ме?
7. Әтирапыңыздағылардың сиз туўралы қандай пикирге барыўы сизди тәшўишке сала ма?
8. Қаржылық мәселелер бағдарында қәўетерленесиз бе?
9. Уялып қалыўыңыз аңсат па?
10. Өзиңизди кимниңдур басымы астында жүргендей етип сезинесиз бе?
11. Телефон қоңыраўынан сескенип кетиўиңиз мүмкин бе?
12. Денсаўлығыңыздан қәўетерленесиз бе?
13. Өзиңизди мәжбүрият ҳәм миннетлемелери көп инсан деп есаплайсыз ба?
14. Арзымайтуғын нәрселерге де тәшўишленетуғын әдетиңиз бар ма?
15. Адам көп көшелер ямаса жолдағы машиналардың тәртипсиз ҳәрекетинен ашыўланыўыңыз мүмкин бе?
16. Қараңғылықтан қорқасыз ба?
17. Албыраған ўақтыңызда даўысыңыз қалтырап шыға ма?
18. Тынышыландырыўшы дәри қуралларын қабыл ететуғын ба едиңиз?
19. Ислеп атырған жумысыңызға қолыңызды бир силтеп кетиў нийети болған ба?
20. Көп қәўетерленесиз бе?
21. Қандай да бир хабарды еситпегениңизше шыдамай кетесиз бе?
22. Албыраған ўақтыңызда жүзлериңиз қызара ма?
23. Өзиңиз күткен нәтийжеге ерисе алмасаңыз, түскинликке берилесиз бе?
24. Мийманға, дослар менен отырыспаққа ямаса қандай да бир илажға жол алғанда тынышсызланыў, толқынланыў, қысыныў сезимлери пайда бола ма?
25. Сиз туўралы ҳәзил гәп айтса, қапа боласыз ба?
26. Шаўқым, бәлент музыка, адам оғада көп жыйналған орталықлар ашыўыңызды келтире ме?
27. Жаңа дослар арттырыўды жақтырасыз ба?
28. Әтирапыңыздағы инсанлардың талаплары ашыўыңызды келтире ме?
29. Жатардан алдын үй есигиниң илингенлигин бир неше мәрте тексересиз бе?
30. Қандай да бир отырыспақ шөлкемлестирсеңиз, узақ ўақыт таярланасыз ба?
Нәтийжелерди есаплаймыз!
– Топлаған балыңыз 20 дан 30 ға шекем болса, сиз тез ашыўланатуғын инсансыз. Арзымаған нәрселерге де өзиңизди қадағалай алмай қалыўыңыз мүмкин. Сизге шамалап диагноз қоятуғын болсақ, нервлериңиз шаршаған. Руўхыў қәтержамлыққа ерисиў усылларынан қолланыў арқалы нервлериңизге дем бериң.
– Топлаған балыңыз 10 нан 20 ға шекем болса, ашыўшақлықтың дәслепки басқышында турсыз. Сизде нерв шығыўы оншелли көп бақланбайды. Солай болса да, саламатлығыңыз ушын нервлериңизди қәстерлең! Ҳәр нәрсени кеўилге жақын ала бермең.
– Топлаған балыңыз 5 тен 10 ға шекем болса, сиз ашыўшақ емессиз. Өзиңизди қадағалаўды да жақсы билесиз. Әтираптағылардың гәп-сөзлерине де оншелли итибар қартпайсыз. Усы тәризде нервыңызды қәстерлеп барсаңыз, денеңизди түрли кеселликлерден қорғаған боласыз.
– Топлаған балыңыз 5 ямаса оннан да аз болса, сизиң қәтержамлығыңызға ҳәўес етиўге болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…