Базар, вокзалларда ипласланған сүт…

RA-img

Биз сүт дегенимизде пәклик белгиси болған, адамзаттың туўылыўынан баслап өмириниң ақырына шекемги аралықта оның өнип-өсиўинде әҳмийетли орын тутатуғын тәбияттың бизге берген инамын түсинемиз. Инсан өмири сүттен басланады ҳәм сүт пенен даўам етеди. Мине, қанша дәўирлерден берли адамлар сүттен түрли өнимлерди таярлаўды үйренип, өзиниң күнделикли турмысында пайдаланып келмекте.


Сүт – тийкарғы азық-аўқат өнимлеринен бири есапланады. Онда адам организми ушын оғада әҳмийетли ҳәм зәрүр болған барлық азықлық элементлер бар. Олардың ҳәммеси адам организми ушын үлкен әҳмийетке ийе. Сүттеги белоклар, майлар ҳәм углеводлар адам организминде дерлик толық сиңеди. Бир литр сүт шама менен 670 ккал береди. Сүттиң қурамы ҳәр дайым бирдей болмайды. Олар сыйырдың нәсили ҳәм жасына, күтими, бағылыўы, саўылыў дәўириниң даўамына ҳәм басқа да факторларға байланыслы болады.

Сатыўға шықпастан бурын сүт пастеризация, ултра-пастеризация, гомогенизация, ултрагомогенизация жәрдеминде қайта ислеў берилиўи мүмкин. Олардан кең тарқалғаны пастеризация есапланады.

Республикамыз аймағында сүт ҳәм сүт өнимлери қайта исленип ямаса қолдан сатылады. Кәрханаларда қайта исленген сүт арнаўлы ыдысларда, сертификатланған ҳалда дүкән ҳәм саўда орынларында сатыўға қойылған. Бундай түрдеги сүт өнимлери қәўипсиз болса да, инсан организми ушын пайдасы жүдә айтарлықтай емес. Қолдан сатылатуғын сүтлер тийкарынан аўыллардан ямаса тийкарғы тиришилиги сүт сатылыўынан болған хожалықлар тәрепинен сатылады. Бундай сүтлер базарда тез өтимли болады, өйткени қала адамлары аўылдан келген қолдың сүтлери пайдалы ҳәм арзан деп есаплайды. Бирақ бул сүтлерди де адам ушын қәўипсиз деп болмайды. Биз буны төмендеги бир қатар фактлер ҳәм гүзетиўлер жәрдеминде дәлиллеўге ҳәрекет етемиз.

Биз базарларда көрип үйренип қалған ҳәм сатып алып жүрген баклажкадағы сүтлер, тийкарынан, аўылдан келеди. Айырым исбилерменлер сатыўға шығарыў алдында сүттиң муғдарын (негизи дәраматтың муғдарын) көбейтиў ушын оған суў қосады. Буны сиз сатып алған сүттиң баклажканы шайқағанда суўдай суйық болып турғанынан билсе болады. Кейин бул сүт үйиңизге барғаннан кейин я қайнатқанда, я қара шай демлегениңизде ирип кетеди.

Енди бул жағдайды көпшилик адамлар басынан кеширгеннен кейин сүт таңлаўда алжаспайын деп алжасады. Дурыс оқыдыңыз, алжасады! Яғный сүт қойыў яки суйық екенлигин тексерип көриў мақсетинде баклажкаға аўзын басып ишип көреди. Сүт қойыў болса алады, егер суйық болса орнына қойып таслап кетеди. Бул жағдайдағы адам еки түрли қәўип арасында болады. Оған көре, бириншиси, бул сүтти алдын да бир адам ишип кеткен болыўы мүмкин. Екиншиси, буннан кейин де биреўлер ишип көреди. Бундай ҳалатта санитария қағыйдалары қатаң бузылған болып, адамлар арасында жуқпалы кеселликлер тарқалыўына себеп болады. Көпшилик адамлар жуқпалы кеселликлерге ушырағанда кеселликтиң қайдан жуққанлығын билмей әўере-сарсаң болады. Оннан қала берсе, адамның аўзы тийген ыдыс, жегилик яки ишимлик патас есапланады. Сонлықтан да, халқымызда биреў пайдаланған ыдысты қайта ислетиўден алдын оны суўға шайқап алады. Адам қәлеген бир ыдысқа аўзын тийгизип ишкенде, оның аўзының ишине тийип шыққан ишимлик қайтадан ыдысқа барып түседи. Енди қыял етиң, көшеде сатылып атырған сүтке, баклажкаға қанша адамның аўзы тийди екен… Бул жерде гәп тек микробларда емес. Гәп – адамлардың аўзы, силекейи тийген сүттиң ипласланғанында! Қанша қайнатсаңда – ол пәкленбейди.

Және қолдан сатылыўшы сүтлер қуйылған ыдыслар (яғный баклажкалар) тазалығына да ҳеш ким итибар бермейди. Бундай баклажкалар көбинесе, газли ямаса спиртли ишимликлер (тийкарынан, пиво) ден босаған болады. Бундай баклажкалар жақсы тазаланбаса оған қуйылған сүт қурамын өзгертип жиберип, адам организминде инфекция қозғаўшы бактериялар пайда етиўи мүмкин. Екиншиден, ишимликлер ушын арналған баклажка бир ирет пайдаланыў ушын арналған.

Тиккелей қуяш нурлары түсип турған сатылыўдағы сүтлер сапасы кескин төменлеп, оны жарамсыз ҳалатқа келтиреди. Бундай сүтлерди қабыл еткен адамлар өткир ишек кеселликлери ямаса диарея менен аўырыўы мүмкин. Сүттиң келип шығыў дәреклерин де есапқа алыў керек. Яғный, сыйырлардың бағылыў процеси ҳәм күтимине дыққат аўдарыў лазым. Инфекция менен кеселленген сыйырлар сүтин қабыл етиў ҳәм сатыў бул адамлар өмири ушын дүзелмес аўыр ақыбетлерди алып келеди.

Өз өмирин сүттиң сапасын анализлеўге бағышлаған доктор Томас Кованның изертлеўлерине қарағанда, жүдә көп кеселликлердиң раўажланыў себеплериниң бири бул халық арасында надурыс ислеў берилген сүт өнимлериниң кең түрде қабыл етилиўи екен.

Солай етип, егер турақлы сүт қабыл ететуғын болсаңыз, ең жақсысы, исенимли шарўа менен келисип, тиккелей оннан сүт сатып алған мақул. Егер де өзиңиз қара мал сатып алып, оның күтимин жақсылап берсеңиз, исенимли ҳәм толық сапасы жоқары болған сүт дерегине ийе боласыз. Сүт адам организми ушын жүдә пайдалы ҳәм сүт ишиўди кең түрде усыныс етемиз. Сүт ишиң ҳәм ҳәр дайым саламат болың!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар