ҲӘМИЛЕДАР ҲАЯЛҒА КЕҢЕСЛЕР

RA-img

Ҳаяллар саламатлығы


Еситемен, есте сақлайман

Қурсағыңдағы нәресте сырттағы барлық сеслерди еситетуғыны ҳәмийше есиңде болсын. Егер де сен азанғы дене шынығыўды «Ялла» вокал-инструментал ансамблиниң қосығы пенен, ал жатарда «Титаник» фильминдеги қосық пенен уйқыға кетиўди әдетке айландырған болсаң, — онда туўылғаннан соң нәрестениң кеўлин әйне усы қосықлар ғана хошлай алатуғын болады.

 

Ҳәмме дене шынығыўға!

Физкультурадағы белсендилигиң нәрестеңе жүдә қол келеди, өйткени плацентаның қан менен тәмийинлениўи күшейеди. Ҳәр бир ҳәрекетиң оны саламат турмыс тәризине таярлай баслайды.

 

Ойынға түс

Жақсы — егер таза ҳаўада қыдырсаң ямаса дене шынығыўын ислесең. Жүдә жақсы — егер ойынға түссең! Бул — сениң музыкалық сезимталлығыңды шынықтырады.

 

Саған қосық айтып беремен!

Нәрестең ушын дүньядағы ең жағымлы сес — сениң даўысың! Музыка менен қоллап-қуўатланған ана тилиңдеги ямаса шет тилдеги қосықты айт. Нәрестең жан-тәни менен қабыл етеди, сорғыштай сорып алады.

 

Байланыста бол!

Қол тийгизиў арқалы бөпе менен тез-тезден байланыс жасап тур. Жатырдағы нәрестеңниң ҳәрекетлерине дәрҳал жуўап қайтар. Бул — бөпең менен жақсы қарым-қатнас жасаўға тийкар жаратады, тил табысыўға имкан береди.

 

Балансланған аўқатланыў

Бундай аўқатланыўдың саған не кереги бар? Айтпаса да түсиникли: витаминлер, минераллар, бөпе организми ушын зәрүр болған «қурылыс материаллары» болып саналған басқа да пайдалы элементлер. Булар — дүньяға шықпастан бурын-ақ нәрестеңниң кулинарлық талғамын қәлиплестире баслайды.

 

Әке менен контакт

Жатырда жатқаны себепли бөпең өзин сениң менен бир пүтинмен деп сезинеди. Күйеўиңниң қуўанышлы даўысы, қолларының қарныңды сыйпалаўы — булардың ҳәммеси бөпеңниң екинши қәдирдан адам менен байланыс орнатыўына хызмет етеди. Бөпең туўылыўдан-ақ әкени жатырқамайды, оған дәрҳал үйирсек болып алады.

 

Нени көрсем, соны айтаман

Бөпеңниң интеллектуаллық раўажланыўын стимулластыр. Қасыңда ҳеш ким болмаған ўақытта, бир өзиң отырғаныңда, әтирапта не болып атырғанын қарныңа қарап айтып тур. Иштеги бөпең хабар тапсын.

 

Рәңбе-рең дүнья

Реңли журнал бетлерине, жарқын бояўдағы ойыншыққа, үйдеги гүзешеде өсип турған гүллерге қарап турып, олардың бояўларын көзлериң менен «симирип» атырғандай бол. Бул бояўлар бөпеңе әлбетте барып жетеди, оны қуўатландырады, денсаўлық ҳәм жақсы кейпият инәм етеди.

 

Релаксация

Релаксация — яғный босасыў методы — сениң тартылып турған булшық етлериңди тынышландырады, сондай-ақ бөпеңе де арқайын дем алыўға имкан жаратады. Релаксацияға ажыратылған ҳәр күнги 5-10 минутлық сеанслар бөпеңниң денсаўлығына ҳәм интеллектине пайда береди.

 

Бизлер жүзип баратырмыз!

Бөпең суў процедураларын жүдә жақсы көреди. Суўға түскениңде, жүзгениңде ҳәм сүңгигениңде — бөпеңниң кеўли әдеўир көтерилип қалады.

 

Уйықлай ғой, жаным, уйықлай ғой

«Бесик жырлары»н айтыўың тийис. Бул қосықтың бир баптағы сөзлери ҳәм намалары бөпеңди алдарқатады, муҳаббат ҳәм сүйиспеншилик пенен қуўатландырады.

 

Ишек-силең қатсын деп…

Күнине күлкили анекдотлардан биреў-екеўин еситип турғанға не жетсин! Кеўлиң көтериледи, қандағы эндорфин гормонларының қәдди жоқарылайды. Олар бөпеңе барып жетип, жүрек соғысы ҳәм артериаллық басымды бирбирине үйлестиреди, пайдалы азық-аўқатлардың сиңиўин жақсылайды — булардың бәри бөпеңди саламатластырады.

Бөпем, сен қандайсаң өзи?

Бөпеңниң денсаўлығы күшли, ақыллы, қайырқом, ҳәм бәринен де бурын — қандай бахытлы болатуғынын көз алдыңа келтир. Есиңде болсын: ойлағаның оңынан келиўи.

 

Do you speak English?

Англичан тилиндеги қосықларды айт, ертеклерди даўыслап оқы, фильмлерди көр — булардың ҳәммеси бөпеңе келешекте бул шет тилди аңсат өзлестириўине тийкар жаратады. Әтирапыңда англичан тилиниң атмосферасын дөрет, сонда балаң мектепте бул пән бойынша алғыр болады.

 

Мен сени жақсы көремен

Ең ақыллы ҳәм жүдә күшли балалар Муҳаббат Майданында дөреледи. Туўылажақ перзентиң туўралы сүйиспеншилик пенен ой жүрит. Нәтийжеси өзин көп күттирип қоймайды!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар