Пияда жүргениң пайда

RA-img

Инсан өмириндеги физикалық активликтиң қунын мына данышпанлық пикир сәўлелендирип тур:

«Ҳәрекет – дүньядағы барлық дәри-дәрмақлардың орнын басады, бирақ дүньядағы барлық дәри-дәрмақлар ҳәрекеттиң орнын баса алмайды».


Әйне ҳәрекет арқалы организмдеги тиришилик ушын зәрүрли процесслер активлеседи. Ҳәрекет организмди қыздырып, денеде қан айланысын жақсылайды ҳәм сананың раўажланыўына хызмет етеди. Сондай-ақ, инсан организмин ҳәр түрли зыянкеслерден тазалаўда оның орны айрықша. Ҳәрекетлер арқалы ҳәрқандай физикалық шынығыўларды орынлаўға кирисиўден алдын еки тийкарғы шәртке әмел етиў лазым:

1) системалы түрде ҳәрекетте болыў;

2) ҳәрекетлерди күннен-күнге асырып барыў.

 

Пияда жүриў

Әййемнен шыпакерлер адамларға саламатластырыўшы әмел сыпатында таза ҳаўада узақ сейил етиўди усынған. Жүриў — бул искерликтиң әпиўайы ҳәм тәбийий, сондай-ақ әдеўир энергия сарыпланатуғын ҳәрекет түрлеринен бири. Өйткени, жүриўлер узақ даўам еткенде организмниң тек ғана ҳәрекетлендириўши ағзалары (қол ҳәм аяқлар) ғана емес, ал сондай-ақ пүткил организм талығады.

 

Пияда жүриўдиң тәртиплери

Жүдә әсте, сылбыр ҳәрекет ететуғын адамлардың организминен зыянкеслердиң тазаланыўы да әстелеседи, қыйынласады. Ал, актив ҳәрекетлениўши адамларда болса — буның кериси. Олардың жүрек булшық етлериндеги капиллярлар саны артып, зат алмасыў күшейеди.

 

Қандай жолдан жүрген мақул?

Тротуарға қарағанда, тегис болмаған, гедир-будыр жолдан жүриў жүдә пайдалы. Өйткени, бунда пүтин дене тербеле баслайды. Бул тербелиўлер қан тамыр дийўалларында қатлам, шөгинди пайда болыўдың алдын алады, шығындылардың ажыралыўын тезлестиреди. Ишки ағзалар хызмети де жақсыланады, өйткени үңки-дүңки жолдан жүриўлер ишки ағзалар ушын уўқалаўшы емлик ўазыйпасын орынлайды.

Егер адам жүрек кеселлигин басынан өткерген болса, машқалалы ағзасына артықша зорығыў түспеўи ушын оған тегис жолдан жүриў тийимли.

Қантлы диабет кеселлигине шалынғанлар да үңки-дүңки болмаған жолдан жүргени мақул. Себеби, бул кеселликте наўқастың аяқларынан, әсиресе, табанларындағы тамырлардан қанның жүриўи қыйын кешеди. Бул топардағы наўқаслар аяқларын көбирек ҳәрекетлендириўи керек. Сонда ғана табанлардың тамырларындағы қанның ҳәрекети активлеседи. Нәтийжеде аяқлар тоңып жүриўден аўлақ болады.

Саламат адамлар ушын болса жаяў жүриў ҳәрқандай жағдайда да пайдалы.

Егер сиз де жүрип, денсаўлығыңызды тиклемекши, қалаберсе, организмиңизди зыянкеслерден тазаламақшы болсаңыз, төменде берилген тәртип (бир минут даўамында тасланатуғын қәдем саны) пенен танысып шығың:

Жүдә әсте жүриў — 60-70; Әсте жүриў — 70-90; Орташа жүриў — 90-120; Тез жүриў — 120-140.

Еслетпе! Семиз ҳәм де илгери бундайлар менен шуғылланбаған адамлар пияда жүриў әмеллерин орынламастан алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиўи керек. Жүрек-қан тамыр системасы кеселликлерине шалынған наўқаслар болса, пияда жүриўге тек ғана шыпакер көрсетпеси бойынша кирискени мақсетке муўапық.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар