Балаларға нелер жеў мүмкин емес?

RA-img

    


ШИРЕЛИ ЗАТЛАР

Қант ҳәм қурамында қант бар болған кондитерлик өнимлер, музқаймақ, ҳәрқыйлы колалар, шийринлетилген шербетлер — буларды балаға 3 жасқа шықпағанша сирә бермеў керек. Шоколадта, соның менен бирге, қанттың, какаоның ҳәм басқа да қосымталардың муғдары жүдә көп болады ҳәм олар көбинесе аллергия оятады. Балалардың тағамларына қант қосып бериў қадаған етиледи. Крахмал ҳәм белоклар менен бирге желинген қант баланың қарнында ҳәрқыйлы жағымсыз сезимлер пайда болады, қарын иседи. Ал, орташа муғдарда қосылған пал бундай жағымсызлықларды келтирип шығармайды, соның ушын да, егер де балада оған аллергия болмаса, онда оның ушын таярланған ишимлик суўына, кашасына 1-2 чай қасық пал қосса болады.

 

ДУЗ

Баланың дурыс тағамында дуз дерлик қолланылмайды. 1-3 жастағы бала ушын күнине 3 грамм дуз (шама менен ярым чай қасық) норма болып есапланады. Дәмин татып көрген ересеклерге баланың тағамы жетерли дәрежеде дуз қосылмағандай болып сезилиўи тийис. Дуздың шамадан тыс көп болыўы суйықлықты организмде услап қалады, нәтийжеде баланың бүйрегине ҳәм қан тамырларына аўырманлық түсип кетеди. Әдетте, балаға тағам таярлағанда, оны дузламайды — өйткени өнимлердиң өзлериндеги тәбийий дуздың өзи-ақ жетеди.

Баланың тағамнамасынан қышырлаўық картошканы, дузлы крекерлерди ҳәм соған уқсаған өнимлерди шегирип таслаў керек.

 

Приправалар

Аўқаттың дәмин жақсылаў ушын приправаларды пайдаланса болады (1 жастан баслап — петрушка, укроп, базилик, кинза; 1,5 – 2 жастан баслап — сарымсақ, пияз, щавель). Бул приправаларды өзиңниң таярлағаның жақсы: укроп, кинза, базилик ҳәм петрушканы қуяшта кептириўге; көк пиязды айна алдында жыл даўамында өсирип-жетистириўге ямаса жаңасын базардан сатып алыўға; таза сарымсақты таяр тағамға мап-майда етип туўрап салыўға да болады. Дүканда сатылатуғын приправалар балалар аўқатына ислетилмейди. Өйткени, оларда шөплерден басқа, дуз ҳәм натрий глутаматы уқсаған дәм күшейттиргиш те болады. Бул нәрсе орайлық нерв системасында импульсларды жөнелтиўде қолланылады ҳәм қоздырыўшы қәсийетке ийе. Сонлықтан да, ол психиатрияда дәри ретинде қолланылады. Қурамында көп глутаматы бар аўқатты адам қабыл ете берип, ол оған физикалық ҳәм психикалық жақтан үйренип қалады. Дәмди күшейттиргиш аўқат сиңириў системасын кеселлендиреди — инсанды гастрит, асқазан язвасына ушыратады. Илимий экспериментлер натрий глутаматының мийге ҳәм көз перделерине зыянлы тәсир ететуғынын дәлиллеген. Натрий глутаматы қосылған аўқатларды жеп жүрген балалар бас аўырыўына, жүректиң тез-тезден соғыўына, булшық етлердеги ҳәлсизликке шағым етеди. Сондай-ақ натрий глутаматы организмниң гормональ статусын өзгертеди. Ол тек аўқатқа себилетуғын хош ийисли порошоклардың қурамында ғана болып қалмай, ал сондай-ақ фастфуд, колбаса, қақламалар, чипслер, сухариклер ҳәм снеклерде де ушырасады. Чипслер, сухариклер ҳәм соған уқсаған тағамларда калория болмайды; олар тек асқазанда орын алып турады, адамда алдамшы тойыныў сезимин дөретеди, иштейди қашырады — қулласы, организмге ҳешқандай пайда келтирмейди. Олар көп ислетилген майда қуўырылады. Әлбетте, бундай тәризде таярланған тағамда канцероген затлар жүдә көп болады. Усындай технология бойынша таярланған картофель фри де балалар ушын мүмкин емес.

Уксус, бурыш, томатлық соус, горчица, маринадлар тағамлардың дәмин жақсылайды, бирақ адамның ас қорытыў ҳәм бөлип шығарыў органларын күшли дәрежеде қоздырады, олардың нормаль ислеўине кесент береди ҳәм көплеген кеселликлерди пайда етеди. Соның ушын да, оларды балалардың аўқатында пайдаланыўға болмайды. Бала, сондай-ақ, майонезден де қашық жүриўи тийис, өйткени ол — жоқары калориялы өним, 65 процентке шекем майдан ибарат. Оның қурамында натрий ҳәм холестерин көп болады.

Улыўма алғанда, баланы кишкенелигинен баслап дурыслы аўқатланыўға үйретейик. Өйткени, усы дәўирде оның дәм сезими қәлиплесе баслайды. Егер ўақытты жиберип қойсақ, соңғылығында баланың қәлеўлериндеги, әдетлериндеги надурыслықларды дүзетиўимиз қатты қыйын болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар