ЖУЎЫРЫЎ ЯМАСА ЖҮРИЎ?

RA-img

Физикалық белсендиликтиң азлығы ерте ме ямаса кеш пе саламатлықтың жаманласыўына ҳәм ҳәр түрли кеселликлердиң раўажланыўына себеп болады. Жүрек-қан тамыр системасындағы машқалалар, артықша салмақ, артериялардағы қан басымының ойнаўы (гипертония ҳәм гипотония) – булардың барлығы ҳәрекеттиң азлығынан келип шығады.

Егер адамның жумысы тек ғана отырыў менен байланыслы болса, қалайынша бул машқалалардың алдын алыўға болады? Демек, усы ҳалаттың шешимин табыўға жәрдем беретуғын усыллардан бири – жуўырыў. Бирақ, илимпазлардың соңғы изертлеўлери жуўырыў саламатлықты сақлап қалыўдың бирден-бир шешими емеслигин дәлиллеп берди. Сондай-ақ, бир қатар кеселликлерде емлеўши шынығыўлардың қурамына жуўырыў усыныс етилмеген.


Кимлерге жуўырыў мүмкин емес?

– Жүрегинде нуқсаны бар адамларға жуўырыў усыныс етилмейди. Олар өзине қандай шынығыўлар мүмкин ҳәм мүмкин емес екенлигин кардиолог шыпакерден сорап билиўи керек.

– Ҳәдден тыс семиз адамларға да көп жуўырыўға руқсат жоқ (ҳәттеки, олар азыў ушын беккем бел байлаған болса да). Өйткени, денесиниң салмағы аўыр болғаны ушын жуўырған ўақытта буўынларына, әсиресе, дизесине жүдә үлкен күш түседи. Бундай ҳалатта буўынларға зыян тийиўи мүмкин. Сол себепли, дәслеп басқа физикалық шынығыўлар ҳәм диета жәрдеминде бираз азыў, соннан кейин ғана шынығыўлардың қатарына жуўырыўды да қосыу усыныс етиледи.

– Таяныш-ҳәрекет аппаратында машқаласы болғанларға да жуўырыў усыныс етилмейди. Олар жүриў ҳәм жүзиў шынығыўлары менен шуғылланғаны мақул.

Егер сизиң денсаўлығыңыз жақсы, тек ғана азырақ салмақ таслаўды қәлеген болсаңыз, ҳеш қорықпастан жуўыра бериң. Бул азыўдың ең нәтийжели усылы. Адам жуўырған ўақтында денесиндеги калориялар жүргенге салыстырғанда тезирек сарпланады.

 

Изертлеўлер

АҚШта өткерилген изертлеўде жуўырыўға қызығатуғын 33 мың адам ҳәм жүриў менен шуғылланатуғын 16 мың адам қатнасты. 6 жыл даўам еткен изертлеўде илимпазлар жуўырыў менен жүриўдиң тәсирин бақлап барды. Изертлеўдиң жуўмағына қарағанда, жүриў жоқары қан басымы, қанда қант ҳәм май муғдарының көп болыўы сыяқлы машқалаларды жеңиў және қантлы диабеттиң алдын алыўда жақсы нәтийже береди екен.

Сондай-ақ, жүриў айырым жағдайларда жуўырыўдан нәтийжелирек екенлиги белгили болды. Егер инсан ҳәр күни 2-3 км жаяў жүрсе, таянышҳәрекет системасында жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардың алдын алады.

Егер де сиз жумыс пенен бәнт болсаңыз ҳәм спорт пенен шуғылланыўға ўақтыңыз болмаса, онда жуўырғаныңыз жақсы. Керисинше, бос ўақтыңыз көбирек болса, денсаўлық ушын жуўырыўдан көбирек жүриў пайдалырақ. Умытпаң, унамлы нәтийже бериўи ушын ҳәптесине кем дегенде 2 саат жүриў керек.

 

Кимге қайсысы мақул?

Жүрегинде машқаласы болмаса, қалғанының барлығы адамның характери менен не нәрсени жақтырыўына байланыслы. Биреў жуўырыўды жақсы көреди, басқасы жаяў жүриў менен шекленеди. Ең тийкарғысы, қайсысы менен болса да турақлы шуғылланып барыў. Ҳәдден тыс шаршап қалғанша жуўырыў ҳәм жүриў де мақсетке муўапық емес. Умытпаң, организмди бундай тәризде шаршатыў пайда емес, ал зыян алып келеди.

Кардиологлардың атап өтиўинше, саламат адам жуўырған ўақытта оның жүрек соғысы минутына 140 мәртеге шекем көтериледи. Нәтийжеде жүрекқан тамыр ҳәм дем алыў системалары активлеседи. Бул болса түрли кеселликлердиң алдын алыўға жәрдемлеседи.

Жуўырған ўақытта аўыздан емес, мурыннан дем алыў керек. Егер де ҳаўа жетиспей атырғандай болып сезилсе, дәрриў жуўырыўды тоқтатыў лазым. Усы тәризде сиз өзиңиз ушын жуўырыўдың нормасы қанша екенлигин билип аласыз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар