Қумшекерсиз өмир

RA-img

Егер инсан, улыўма алғанда, қант жемейтуғын болса, онда жүрек-қан тамыр кеселликлери себепли жүз бериўши өлим ҳалатлары үш мәртеге кемейеди!


Егер сен күнделикли аўқатланыў рационыңнан қант ҳәм қумшекерди шетлеттире алсаң, өз саламатлығыңа үлкен пайда келтирген боласаң. Оларды шеклеп атырсаң ба? Онда итибарлырақ болыўыңа туўра келеди. Себеби, бунда қант-қумшекер салынған ыдыстан емес, ал ярым таяр өнимлерди жеўден сақланыўың лазым болады.

АҚШ-тың Арқа Каролина университети алымларының изертлеўлерине қарағанда, организмимизге күнине 300 ккал қант салғыштан алынбаған өнимниң есабынан кирип келеди екен. Шама менен, адамлардың 20 проценти усындай «көринбес» қанттан күнине 700 ккал муғдарында жейди. Ол көзге көринбесе де, шама менен бир стакан қумшекердиң муғдарын қурай алады. Бул көринбейтуғын қантлар ҳәр түрли шийринликлер, лимонад қурамында жасырынған болса ҳеш гәп-ғой. Бирақ, бир жаман жери, сатып алып атырған өнимиңиздиң жорықнамасын дыққат пенен оқысаңыз, онда салатлар ушын мөлшерленген зирәлер пачкасында да, кетчуплар ыдысы ишинде де, иримшик ҳәм йогурт өнимлеринде де  қанттың «жасырынып турғанлығын» аңлайсыз.

 

Жүрек жақсы ислей баслайды

Америкалық алымлардың анықлаўларына қарағанда, егер инсан, улыўма алғанда, қантты жемейтуғын болса, онда жүрек-қан тамыр кеселликлери себепли жүз бериўши өлим ҳалатлары үш мәртеге кемейеди екен. Олар арасында қандай байланыс бар? Көп қант жеў симпатик нерв системасын активлестириўши, қан басымын ҳәм жүрек соғыўларын асыратуғын инсулиннинг созылмалы түрде артыўына себеп болады.

Қәнигелер бир неше ҳәпте қанттан ўаз кешиў қанда «жаман» холестерин муғдарының 10 процентке, зыянлы триглицеридлердиң болса 20 – 30 процентке кемейтетуғынын гүзеткен.

 

Күндизги уйқысыраў ҳәм түнги уйқысызлық жоғалады

Қанда қант муғдарының артыўы инсанның күн ярымында ҳәлсизлик ҳәм уйқысыраўды сезиўине себеп болады. Көп қант жеў кешқурын кортизол гормонының ислеп шығылыўын асырады ҳәм бул сизге өз ўақтында уйықлаўға кесент береди.

 

Кейпият жақсыланады

Бәршеге мәлим болғанындай, қант өзиниң шийрин дәми арқалы стресске қарсы антидепрессант болып, нерви шығып турған адамды тынышландырыўға жәрдем береди. Бирақ, соның менен бирге, көп инсанлар бундай мақсетте қоллана бериў үйирсек болып қалыўға алып келетуғынын ҳәм бундай әдеттен ўаз кешиў «бийкар қылыў» синдромын қозғаўы мүмкин екенлигин билмейди. Бул синдромды физикалық активликти асырыў ҳәм қандай да бир қызығарлы бир ис пенен шуғылланыў арқалы сапластырыў мүмкин.

Организм қандағы инсулин муғдарының артыўынан жәбир тартпаса, онда өзин жақсы сезе баслайды. Колумбия университети алымларының тастыйықлаўларына қарағанда, қанттан ўаз кешкенлер қәўетерлениў, тәсиршеңлик ҳәм түскин кейпиятлардан 2-2,5 есе кем жәбир тартады екен.

 

Әжимлерге қарсы кремлерден пайдаланбасаңыз да болады

Алымлардың айтыўларына қарағанда, қанттан ўаз кешиў териниң қартайыўын 1,5 есеге әстелетеди. Мийўелерге шийрин дәм бериўши фруктоза болса қартайтыў қәсийетине ийе емес. Соның ушын да, шийрин мийўелерди көбирек жеп турың.

 

Қәтийраны беккемлейди

Еслеп қалыў қәбилетиң төмен бе? Соның ушын да, орынланыўы керек болған ислерди қағазға жазып барасаң ба? Бәлким, бунда да қанттың айыбы бар шығар? Калифорния университети алымларының анықлаўларына қарағанда, көп қант жейтуғын балалар төмен билим алады ҳәм өтилген сабақларды жаман еслеп қалады екен.

Мәлим болғанындай, қант мийдиң искерлиги ушын жүдә әҳмийетли. Бирақ, гәп бул жерде — адамның жетерли муғдарда қантты тутыныўында. Азанғы аўқат ўақтында ямаса жумыс ислеў барысында желинген ярым чай қасық муғдарындағы қант — мийдиң искерлиги ушын норма болып табылады.

 

Артықмаш 5 килограммды жоғалтасыз

Өнимлердеги жасырын қантлардан ўаз кешиў күнделикли аўқат рационын 200 ккал-ға кемейттириўге жәрдем береди. 3-5 ай ишинде бундай жағдай 5 килограмм азыўыңа себепши болады. Бунда организм ҳасыл болған энергияны сарыплаўға мәжбүрлиги себепли, артықмаш майлар пәршеленеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар