Суў ҳәм лимон – мың дәртке бир даўа!

RA-img

Тийкарында суў менен лимонды биз лимонад деп түсинемиз. Әлбетте, биз сөз етпекши болған лимонад дүкәнларда сатылатуғын лимонад емес – оның пайдасынан зыяны баршылық.


Тәбийий лимонлы суўдың жәрдеминде жыллар даўамында организмде жыйналып қалған токсинлерден қутылыў имканияты пайда болады. Нәтийжеде, асқазан-ишек системасы, бүйреклер ҳәмде басқа органлардың искерлиги асады.

Тәбийий лимон шербети араластырылған суў буўынларға жағымлы тәсир етеди. Лекин, ең әҳмийетлиси – суў менен лимон организмнен майларды шығарып, дене салмағының кемейиўине жәрдем етеди.

Егер де адамда лимонға аллергия болмаса (бундайлар оғада аз) ҳәм ол асқазан жара кеселлигинен азап шекпесе, онда суў менен лимонды қәлеген адам қабыл ете алады. Суў менен лимонды ерте таңда, еле азанғы аўқат қабыл етилмей турып ишип баслаған мақул. Аш қарынға ишилген суў менен лимон күтилгеннен де көбирек жағымлы нәтийже береди.

Лимонлы суў – баўырдағы энзимлердиң қәддин қадағалаўшы ең әжайып усыл. Лимонлы суўдың тәсиринде баўыр энзимлерди көп ислеп шығара баслайды. Басқа ҳеш бир өним бундай тәсир ете алмайды. Буннан тысқары, лимон қандағы углеродтың муғдарын қадағалайды ҳәм қандағы кислородтың қәддине жуўап береди. Нәтийжеде, денениң тонусын асырады. Бирақ, лимонлы суўды қабыл етиў арқалы қандай кеселликлердиң алдын алыўда анық пайда келтиреди?

 

1. Лимонлы суў ҳәмиледарларға пайдалы

Ҳақыйқатында да, ҳәмиледарлар лимонлы суўды ҳәр дайым қабыл етиўи пайдалы – бунда С витамининиң қәдди бир қәлипте турақлы турады. Мәлим болғанындай, жүклилик пайытында ҳәм өзин, ҳәм болажақ нәрестеге хызмет етиў ақыбетинде ҳаялдың иммунитети ҳәлсирейди. С витамини ҳәмиледар ҳаялдың организмине ҳәр қыйлы кеселликлерди жеңиўине жәрдем етеди. Лимонлы суў баўырдың хызметин жеделлестиргени себепли, ишеклерде болыўы мүмкин ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алады.

Лимонлы суўда жетерли муғдарда болған С витамини, калий, кальций ҳәм магний элементлери қурсақтағы нәрестениң сүйек тоқымасының, бас мийдиң клеткаларының ҳәм нерв системасының қәлиплесиўине жақыннан жәрдем етеди.

 

2. Жүрек-қан тамыр кеселликлеринде пайдалы

Өткерилген тексериўлердиң жуўмағы бойынша, аш қарынға ишилген лимонлы суў қан тамырларын тазалаўда жәрдем береди. Буның ушын лимонлы суўды күн бойы 10-12 мәрте (ҳәр бир сааттан) бир неше күн даўамында қабыл етиў лазым. Бул емди гия шөплерди қоса ишиў менен алып барған мақул. Бул усыл артықмаш салмақтан қутылыўға, инсулинге сезгирликти асырыўға ҳәм қандағы қанттың муғдарын нормалластырыўға жәрдем береди.

Әлбетте, организмди тазалаўдың бул усылына кириспестен алдын емлеўши шыпакер менен мәсләҳәтлескен мақул. Тазаланыў дәўиринде стресс жағдайларынан аўлақ болыў, таза ҳаўада сейил етиў ҳәм дене шынығыўларын иске асырыў әҳмийетли.

 

3. Лимонлы суў артық салмақты жеңиўге жәрдем етеди

Лимонлы суўдың даўалы тәсирин изертлеў бойынша өткерилген тексериўлердиң жуўмағы бойынша, ҳәрдайым лимонлы суўды қабыллаў денениң артықмаш салмақтан қутылыўына жәрдем береди. Диетологлардың пикирине муўапық, лимонлы суўды қабыллаў менен бирге азыў ушын қандай да бир диета тутқан оғада пайдалы.

 

4. Суў менен лимонның териге тәсири

Лимонлы суў ишке қабыл етилгени менен, ол адамның терисине мақул тәризде тәсирин тийгизеди. Тийкарында бул С витаминиң жасартыўшы тәсири. Лимонлы суўды бирнеше күн ишиўдиң өзинде адамның жүзи қызғыш түске енеди. Тәбийғый шербеттиң суў менен араласпасы адам организмине қартайыўды әстенлетиўши дәрман сыпатында тәсир етеди. Ҳәтте (кимде бар болса), әнжимлер жоғала баслайды.

 

5. Лимонлы суў дем алыў жолларының инфекцияларына қарсы гүреседи

Лимон дем алыў жолларының инфекцияларында ҳәм ангинада организмге жәрдем ете алады. Бул – лимонда аязлаў, исиниўлерге қарсы гүресиў қәсийети барлығынан. Мысалы, ангинаны тезирек емлеў ушын ярым стакан суўға ярым лимонды сығып араластырып, усы араласпа менен тамақты ҳәр дайым шайып турыў керек.

6. Суў менен лимон қанды тазартады

Жоқарыда айтылғанындай, суў менен лимон қан тамырларын ҳәм артерияларды тазалаўға жәрдем береди. Лимонлы суў қанның өзин тиккелей тазалайды. Лимон менен суўдың бул қәсийетин көп қәўипли кеселликлерди (ҳәтте холера ҳәм малярия) емлеўде қолланыўға болады.

Салмағы 70 килограмм саламат адамға 200 грамм тазаланған суўға бир лимонды сығып араластырып бериледи. Әдетте, лимонлы суўды бир күнде еки мәрте ишиў тийис. Егер де адамның салмағы 80-90 килограмм шығатуғын болса, онда лимонның муғдарын көбейтиў керек, яғный 200 грамм суўға еки лимон.

Улыўма орташа бир күнге еки лимон жеткиликли. Егер де таярланған лимонлы суў жеткиликли тойынбаған ямаса жүдә ашқылтым болса, онда суўдың муғдарын көбейтиўге яки азайтыўға болады.

Егер де сиз қабыл етип атырған азықлық затлардан организм ушын толық энергиясын алыўға жәрдем бермекши болсаңыз, онда ҳәрдайым лимонлы суў ишип жүриң. Бул өзиниң организмин саламатластырыў мақсетинде ҳәм нәтийжели, ҳәм пайдалы, ҳәм көпшиликтиң өзине имкан туўдыра алатуғын ис-илаждур.

Цитруслы лимон рак клеткаларын набыт ете алатуғын әжайып өним. Ол киста ҳәмде ҳәр қыйлы өсимтелерге де тәсир етеди. Бүгинги күнде лимонның микробларға, гриблерге, ишки қуртларға ҳәм паразитлерге қарсы нәтийжели тәсири анықланды. Илимпазлардың анықлаўынша, лимон химиотерапия әлеминде әдетте рак клеткаларының өсиўин тоқтатыўда қолланылыўшы Adriamycin препаратынан 10 000 есе күшли екен!

Саламат болың!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар