Сиз ҳәр жылы бир стакан ыдыс жуўыў қуралын ишесиз.
Исенбейсиз бе? Дәлиллеп беремиз.
Ыдыс жуўыў қуралларының қурамы жүдә күшли тәсирге ийе химиялық элементлер ҳәм кислоталарға бай болып, олар ҳәммемиз әдетленгендей, тостағанға суў алып, арман-берман шайған менен тазаланбайды. Олар бәрибир ыдыстың бетинде қалады.
Сиз усы ыдыстан пайдаланғаныңызда тазалаўшы қуралды да қосып жейсиз.
Дурыс, бул бир мәртеде жүдә арзымас муғдардай көриниўи мүмкин. Бирақ жақсы шайылмаған ыдыстан пайдаланыў арқалы сиз жыл даўамында бир стакан муғдарында тазалаўшы қуралды ишкендей боласыз! Мине сизге зәҳәрлениў.
Көргениңиздей, организм патасланады, иммунитеттиң аяғы аспаннан болады, асқазанда гастрит, кейин болса жара, барыпбарып ҳәмме ишки органлар кеселлене береди. дем алыў жоллары зыянланады, бул болса астма менен таўсылыўы мүмкин.
Қарыйдарды қаратыўды мақсет етип алған фирмалар өз өнимин жылтырақ көринис, бәлентпәрўаз сөзлер менен реклама етиўине алданбаң. Реклама роликлеринде ыдыс жуўыў қураллары бир демде ыдыс-табағыңызды жылтыратып бериўи, оларда хош ийис қалдырыўы, ҳәтте қол териңизге азықландырыўшы кремдей пайда бериўин айтысады. Болмаған гәп.
Ыдыс жуўыў қураллары қурамында ПАВ (поверхностно-активные вещества) – жүдә актив элементлерди сақлайды. Олар қуралдың көпириўине хызмет етеди, ыдыстағы май ҳәм кирди тазалайды, бирақ инсан организми ушын зыянлы болып, териде қурғақлық, қышыўды шақырады. Аллергиясы барлар булар тәсиринде дерматитти арттырып алыўы ҳеш гәп емес.
Тазалаўшы қуралдың хош ийиске ийе екенлигине алданып қалмаң. Олардан мақсет сизиң ыдыс жуўыў процесиңизди хош ийислер менен байытыў емес. Улыўма! Бул ийис бериўшилер қурал қурамындағы зыянлы химиялық элементлердиң өткир жағымсыз ийисин жасырыў ушын ғана қосылады.
Егер сиз ушын териңиз саламатлығы әҳмийетли болса, ҳәр дайым ыдыс жуўыўда резина қолғаплардан пайдаланың!
ТАЗАЛАЎШЫ ҚУРАЛЛАРДЫҢ ЗЫЯНЫНАН ҚОРҒАНЫЎ УШЫН…
Оның қурамын жақсылап оқып шығың. Олар жасалма ароматизаторлар, этилендиаминтетрауксус кислотасын сақламаўы, ПАВ элементлери аз муғдарда болыўы керек.
Қуралдан пайдаланып болғаннан кейин, ыдысты 20 секунд даўамында ыссы ағар суўда тутып турыў керек. Сонда ғана оның жүзеси тазаланады. Қуралды суўда көпиртип ислетиң. Суў тәсиринде химиялық элементлердиң зыяны азаяды.
ЕҢ МАҚУЛЫ…
1х1 салыстырмада қырғыштан өткерилген хожалық сабыны ҳәм соданы араластырың. Қарасаңыз, қолбола ыдыс жуўыўшы қурал хызметиңизге тайын. Ҳәм арзан, ҳәм зыянсыз…
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…