Адам организминиң барлық клеткалары глюкозаға мүтәж. Әсиресе, ол ракке жүдә зәрүр! Қантты бермей, рак клеткаларын ашлықтан өлтирсе болады ма?
Зыянлы исиклердиң (яғный раклердиң) углеводларға ғәрезлилиги өткен әсирдиң 20-жыллары жақсылап изертленип-тәрипленген болса да, лекин бул мағлыўматлар кең дыққат-итибарға сазаўар болмады. Әпиўайы қантларды қаншелли көп жесек, рак кесели соншелли күшейип кететуғынын еле көпшилигимиз билмеймиз.
Биринши болып бул концепцияны Отто Вартбург (немец физиологы ҳәм биохимиги, Нобель сыйлығының лауреаты) алға сүрди. Уллы илимпаз ракти ашлыққа гириптар етип, набыт етиўге болатуғынына тақыйық исенди. Буған адам аўқаттан улыўма бас тартып емес, ал рационның гейпара компонентлерин шеклей отырып ериседи. Өйткени, бул компонентлер малигнизацияның (яғный, зыянсыз исиктиң раклық исикке айналыўының) отын лаўлатып жибереди.
Бул идея толығы менен энергетикалық алмасыўдың биохимиясы ҳаққындағы ҳәммеге мәлим түсиниклерге тийкарланады. Клеткаларда глюкоза — энергияның тийкарғы дәреги болып табылады. Ол ақырғы нәтийжеде «АТФ» деп аталатуғын молекулалар түринде артықша болып жыйналады. Бул молекулалар бир қатар қурамалы химиялық реакциялардың барысында дөреледи. Бул процессти шәртли түрде еки басқышқа бөлиўге болады: кислородтан бийғәрез (процесс цитоплазмада өтеди) ҳәм кислородтан ғәрезли (процесс митохондрияларда өтеди). Шамалаўларға қарағанда, исикли клеткаларда митохондриялар миннетли рәўиште ислей алмайды, сол себептен де процесс биринши басқышта-ақ тоқтайды. Глюкозаның окисьлениўи мүмкин болмай қалады, оның орнына ферментация (көпиршип-ашыў) басланады.
Бул процесс жүдә төмен нәтийжелиликке ийе, соның ушын да басланғыш субстраттың (глюкозаның) сәл ғана таңқыслығы АТФ-тың жетиспеўшилигине алып келеди. Бул — рак клеткасы ушын нағыз катастрофа!
Соның ушын да, рак пенен гүресиўдиң ең әпиўайы жолы — қантты шеклеў! Пирожный, печенье, конфет, торт — булардың ҳәммесин рационнан шығарып таслаў керек. Лекин, бул да — жеткиликли емес. Оншелли мазалы болып көринбеген, рекламалары «Тәбийий өним» деп көкке көтерип мақтаған көплеген азықлар (гейпара йогуртлар, нан-булка өнимлери ҳәм т.б.) ҳақыйқатында жүдә көп әпиўайы углеводлардан ибарат. Сонлықтан да сатып алыўдан бурын, олардың қурамын оқып көриң.
Гәптиң қысқасы, нени жеп атырғаныңа итибарлы бол! Мейли, сенде рак болмай-ақ қойсын, бирақ қантты шеклегениң ҳеш қандай зыян етпейди. Ең аз дегенде, өзиңди жақсы сезинип жүресең, солай емес пе?
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…