Кейинги ўақытлары ҳаял-қызлар арасында бул ишимликти ишиўшилер саны көбейип баратырғандай. Хош, бул ишимлик ҳаял-қызлар организми ушын қаншелли зыянлы?
Пиво спиртли ишимлигиндеги хмель қурамында ҳәр еки жыныс ўәкилиниң организмине унамсыз тәсир етиўши көп муғдардағы фитоэстроген бар. Негизинен фитоэстроген ҳаяллар гормонына уқсайды ҳәм оның артып кетиўи ақыбетинде организмде түрли бузылыўлар гүзетиледи. Мәселен, ҳәр түрли кеселликлер, перзентсизлик ҳәм менструация циклиндеги өзгерислердиң жүзеге келиў итималлығы артады.
Дүнья алымларының пикирине қарағанда, көп пиво ишкен ҳаялдың жатырын қаплаған силекей қабат ҳәдден тыс жумсарып кеткенлиги себепли, ҳәмилени көтере алмайды екен. Сондай-ақ, пиво ишкен ҳаялда ҳәмиледарлық болған жағдайда да, бала түсиўи ямаса жатырдан тыс ҳәмиледарлық жағдайлары көп ушырайды.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, аз муғдарда болса да пиво ишкен ҳаялдың организминде эстроген гормоны муғдары ҳәдден тысқары асып кетиўи есабынан клеткалар надурыс бөлиниўди баслайды. Ақыбетте ҳаял организминиң қандайда бир ағзасында жақсы ҳәм жаман сапалы өспелердиң келип шығыўына тийкар жаратылады.
Буннан тысқары, пиво үстиндеги көбиктиң көп тутынылыўы нәтийжесинде асқазан-ишек системасында рак клеткалары көбейеди. Сол себепли улыўма пиво ишпеген ҳаялларға қарағанда бул ишимликти турақлы түрде қабыл етиўшилердиң рак кеселлигине шалыныў қәўпи анағурлым жоқары.
Пиво ишкен ҳаялдың психикасында да унамсыз өзгерислер гүзетиледи. Бул спиртли ишимликке үйренип қалған ҳаялда алкоголизм ҳәм басқа да түрли психикалық кеселликлер раўажланады.
Пивоның семиртетуғынлығы ҳаққындағы пикирлерди жүдә көп еситкенсиз. Хош, бул мыш-мышлар орынлы ма яки орынсыз?
100 мл пивоның өзи 50 килокалорияға теңлиги себепли оны тутынған ҳаялдың иштейи жүдә ашылып кетеди. Ол нормасынан зыят азықлық жеп атырғанлығын ҳәм күннен-күнге салмақ топлап атырғанлығын ақырғы минутларда сезеди. Сондай-ақ, пиво менен шор өнимлер, дузланған шимишки, торақ, чипс, ғоза ҳәм сухариклердиң тутынылыўы ақыбетинде нәзик жыныс
ўәкиллерин артықша салмақ ҳәм денсаўлық пенен байланыслы болған басқа да машқалалар қыйнайды.
Көпшилик ҳаяллар түрли дәрилер жәрдеминде артықша салмақтан қутылыўға өзбилдигинше урынады. Бирақ, пиво тутыныўшы ҳаялларға тағамлардың калориясын төменлетиў имканияты болмайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…