Күлкитерапия

RA-img

Наўқас емлеўхана коридорында ана жақтан мына жаққа жуўырғанынша қышқырып атыр. Бир мийирбийке оннан сорады:

‒ Неге қышқырып атырсыз?

‒ Мени операция етиў керек еди. Бир мийирбийке «Қорықпаң, бул операция аңсат, жеңил өтеди» деп айтты.

‒ Дурыс айтыпты.

‒ Ей, бул гәпти маған емес, хирургқа айтты.


*** *** ***

Мени не ушын жумыстан босатқанына түсине алмай атырман. Ақыры, мен ҳеш нәрсе қылғаным

жоқ ғой!

‒ Тап усының ушын да сени жумыстан босатқан-дә!

*** *** ***

‒ Доктор, ҳәр күни азанда уйқыдан оянғаннан кейин, бир сааттай басым айлана береди.

‒ Онда бир саат кешлеў ояның.

*** *** ***

‒ Доктор, аўырыў сезиле ме?

‒ Ҳәммеде ҳәр қыйлы.

‒ Бул не дегениңиз?

‒ Наўқасларға сезиледи, маған болса яқ.

*** *** ***

‒ Сәлем Алишер! Жумыслар қалай?

‒ Қандай Алишер?! Мениң атым…

‒ Көп ўақыттан бери көриспедик. Сеннен пул алған едим. Соны қайтаражақпан.

‒ Алишер болса, мейли, Алишер-дә!

*** *** ***

Әкеси баласына дәкки берип атыр:

‒ Ўаҳ-ўаҳ, күнделигиңди «еки»-лер басып кетипти-ғо!

‒ А-аға!

‒ Сөйлеме! Сендей ўақтымда «үш» алсам да уялар едим. Сен болсаң…

‒ Аға-а, аға деп атырман!

‒ Ал, не дейжақсаң өзи?

‒ Ақыры бул сизиң оқыўшы ўақтыңыздағы күнделигиңиз-ғо. Кеше ески китапларыңыз арасынан

таўып алдым.

*** *** ***

Оқытыўшы:

‒ Азат, расын айт! Үйге тапсырмаларды ким ислеп берди?

‒ Расын айттым, муғаллим! Мен уйқылап қалған едим. Анығын билмеймен…

*** *** ***

Бир адам адвокаттың алдына келип депти:

‒ Мени қорғап шықсаңыз.

‒ Не бойынша айыпланып атырсыз?

‒ Пулларды қәлбекилестириўде.

‒ Мейли, сизди өз қорғаўыма аламан.

‒ Рахмет. Мине сизге нақ пуллар!

*** *** ***

‒ Ҳә Бекбосын, глобус көтерип алыпсаң?...

‒ Байрамға ҳаялыма саўға етежақпан.

‒ Ҳаялың муғаллим емес еди-ғо.

‒ Муғаллим болмаса да мениң дәўиримде бир дүньяны көрсин.

*** *** ***

Емлеўханада жыйналыс болып атыр. Пульмонолог (өкпе шыпакери) ортаға шығып:

‒ Мениң айлығымды 2 есе көтериўиңиз керек. Себеби адамда өкпе екеў болады.

‒ Қабыл етемиз, орныңызға барың.

Соннан кейин қулақ, көз, бүйрек шыпакерлери де соны талап етипти. Ҳәммесиниң талаплары

қандырылды. Кейин бир шыпакер ортаға шықты. Баслықлар сорады:

‒ Сиз кимсиз?

‒ Стоматологпан.

‒ Отырың орныңызға!

*** *** ***

Ярым түнде музыканттың есиги қағылыпты.

‒ Кеширесиз, маған скрипкаңызды берип тура алмайсыз ба?

‒ Шертип көрежақсыз ба?

‒ Яқ, уйқылайжақ едим!

*** *** ***

Бақшадан қайтқан бала анасына депти:

‒ Мама, бүгин бизди кеселликке қарсы емледи.

‒ Жыламадың ба, әйтеўир?

‒ Яқ, мени қуўып жете алмады…

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар