«Шыпакер менде цинк элементи жетиспеўин, түрли қолайсызлықлар себеби усы екенлигин айтты. Бул элемент нениң қурамында болады? Оның орнын қалай толтырыў мүмкин?»
Дилбар Нийетуллаева, Шоманай
Цинк – организмниң ҳәрбир клеткасы ушын оғада әҳмийетли химиялық элемент. Ол клеткалардағы зат алмасыў процесинде, иммунитет, ас сиңириў ҳәм репродуктив (нәсил қалдырыў) системалар искерлигинде де тиккелей қатнасады. Бирақ организм ушын керекли цинк элементине магний ҳәм кальцийға қарағанда аз итибар қаратылады.
Айтып өтиў орынлы, организмге цинк жетиспеўин анализлеў жүдә қурамалы мәселе. Бул элемент жетиспеўшилигиниң белгилери тап басқа витамин ҳәм минераллар жетиспеўшилиги сыяқлы болады.
Цинк көплеген азықлық өнимлер қурамында бар. Әсиресе, теңиз моллюскасы, гөш, балық, сүт, дәнли өнимлер, гүнжи, мак туқымлары, сельдерей, горчица, ноқатлар, ғоза, асқабақ ҳәм айғабағар туқымлары, қара смородина, кукуруза, алма, алмурт, қәрели, шийе, картофель, капуста ҳәм геширде көп болады.
Тийкарынан диета услаўға берилип кеткен ҳәм толық аўқатланбайтуғын адамлар цинк жетиспеўшилигине дуўшар болады. Шыпакер усынысысыз кальций элементин көп қабыл етиўшилерде де бул машқала байқалады. Себеби кальций организм тәрепинен цинк элементи өзлестирилиўин қыйынластырады.
Буннан тысқары, онкологиялық кеселликлерде, қалқан тәризли без бенен байланыслы машқалаларда, кофе ҳәм алкоголлы ишимликлерге берилип кеткен адамларда цинк жетиспеўшилиги көринеди. Күйиў ҳәм организмниң зәҳәрлениўи, хирургиялық әмелияттан кейинги тиклениў дәўиринде ҳәм узақ ўақыт гормонал препаратларды қабыл етиў нәтийжесинде де цинкке болған мүтәжлик күшейиўи мүмкин.
Цинк жетиспеўшилиги – бийпушлық себепшиси
Организмде цинк жетиспеўшилиги белгилери жасқа қарап түрлише көринеди. Балаларда бул элемент дефицит болғанда бой өспей қалыўы, иштей жоғалыўы, түскин кейпият сыяқлылар байқалады.
Кекселер организминде бул элемент азайып кеткенде иммунитет төменлеўи ҳәм бас мий искерлигиндеги ақсаўлар көзге тасланыўы мүмкин. Сол себептен 45 жастан өткеннен кейин ўақты-ўақты менен цинк элементин анықлаў бойынша қан анализи тапсырып турыў керек.
Алымлар цинк жетиспеўшилиги ҳәм еркеклерде ушырасатуғын простата бези аденомасы кеселлиги ортасында тиккелей байланыс бар екенлигин анықлады. Соның менен бирге, еркеклердеги туқым сапасы жаманласыўы, тестостерон ислеп шығарылыўының кемейиўи, бийпушлық ҳәм жынысый әззиликке де цинк элементи жетиспеўшилиги себеп болыўы мүмкин екен.
Организмдеги цинк запаслары жарлыланыўы ақыбетинде денеде буўын кеселликлери ҳәўиж алып кетиўи де мүмкин. Цинк дефицитинде қәўипли өспелер жедел үлкейиўи анықланған.
Цинк жетиспеўшилиги белгилери:
• Кишкене жарақатлар да тез питпейди;
• Шашлар ҳәм тырнақлар сыныўға бейим болады;
• Қоллар қалтырайды;
• Ашыўшақлық, тез шаршаў, ҳәлсизлик байқалады;
• Теңсалмақлылықты сақлаў қыйынласады;
• Ийис ҳәм дәм билиў қәсийети пәсейеди;
• Тез-тез стоматит байқалады;
• Түнде көриў қәбилети төменлейди;
• Қолда аллергиялық бөртпелер пайда болады;
• Иштей пәсейип, аўқат сиңиўи аўырласады.
В2 ҳәм В6 витаминлери бул микроэлементтиң өзлестирилиўин активлестирип, сидик арқалы шығып кетиўиниң алдын алады. Кальций болса керисинше цинктиң сиңиўин жаманластырады. Азықлық өнимлер жәрдеминде цинк жетиспеўшилигин тез сапластырыў қыйын. Соның ушын 45 жастан кейин шыпакер менен кеңескен ҳалда витамин комплекс көринисиндеги дәри-дәрмақларды қабыл етип турыў тийис. Бундай дәри-дәрмақлар қурамында цинк болып, организмдеги жетиспеўшилик орнын толтырыўға жәрдем береди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…