УЛ БАЛА – ӘКЕНИҢ ИЗБАСАРЫ, ОНЫҢ ТӘРБИЯСЫН ДУРЫС АЛЫП БАРЫЎ КЕРЕК

RA-img

Интернет тармақларында бир хабар тарқалды:

«…Шет ел мәмлекетлериниң биринде компьютер ойынларына берилип кеткен 11 жаслы бала өз үкесиниң өлимине себепши болды…»  Үкесин өлтирген баланың сүўретине қарасаңыз, нәзеринде қылған исинен пушайманлық, қорқыў, тынышсызлық сезилмейди. Сонда «Playstation»ларда экранға үңилип, тынымсыз ур-жық, өлтир-өлтир ойынларға берилген өз балаларымызды ойладым-дә қорқып қалдым: олар да ерте ме кеш пе…Яқ, Қудай сақласын!..


ПАЙДАСЫНАН ЗЫЯНЫ КӨП

Бул мақаланы таярлаўдан алдын үйимиз жақынында жайласқан «Playstation»лардан бирине кирдим. Нағыз сабақлар тамам болған ўақыт хана толы. Ол жердеги балаларды гүзеттим. Жеңип шығып атырған балалардың күлкиси басқаша еди – тап қорқынышлы жаўынгер фильмлердеги унамсыз қаҳарманларды еслетеди. Ойынды тамамлап шығып баратырғанлар нәзеринде менменлик, бийпәрўалықты уғыў мүмкин. Аўызларынан тек «пышақ», «пистолет», «автомат», «өлтир» сыяқлы суўық сөзлер аңсат ғана шығып атыр.

Компьютер ойынларына берилип кеткен баланың оқыўы ҳәрдайым төмен болады. Ол сабақларға итибар қаратпайды. Класласлары менен мүнәсибетин де унамлы деў қыйын. Бундайларда жуўапкершиликтен гөре өзиникин мақуллатыўға урыныў, менменлик ҳәм өзинен әззилерди кемситиў сезими жоқары болады. Гейде усындайлар менен өз алдына ислесиўге, ата-анасына қайта-қайта ескертиў бериўге туўра келеди.

ӘКЕ ӨРНЕК БОЛСА…

Дурыс, ул балалардың ҳәммеси де спорт пенен шуғылланып, спортшы болмаўы мүмкин. Бирақ саламат дене ҳәм ақыл ушын әкениң үлгиси болыўы керек. Баласына балалықтан дене тәрбия ислеўди үйретиў, оқыўдан бос ўақтын «Playstation»да емес, үйде спорт пенен, мысалы, ҳеш болмаса шахмат, шашка ойнап өткериўди үйретиўи мүмкин-ғо. Шахмат та, шашка да ақылды, ойлаўды өсиреди, керек болса өмир ҳаққында билим береди.

Әке улы менен сабақ таярлаў даўамында үйде түрли пайдалы ойынлар ойнаўға, өмир сабақларынан үйретиўге еринбеўи керек. Ақыры компьютер болмаған заманларда әкелеримиз усындай жол тутқан-ғо! Есимизден шығармайық: еле өмирлик көзқараслары қәлиплесип үлгермеген улларымызды виртуал дүньяда жалғыз қалдырыўға болмайды. Кери жағдайда, олардың қәлбин жаўызлық негизли ойынлар ийелеп алыўы ҳәм келешекте бул жүдә унамсыз ақыбетлерге алып келиўи турған гәп!

НЕГЕ ТЕК УЛ БАЛАЛАР?

«Playstation»ға тек ул балалар киреди. Неге? Себеби оларда тәбиятынан жаўынгерлик руўхы жоқары болады. Бул қәсийетти философлардан бири айтқанындай, «Ул бала – әскер» деп түсиндириў мүмкин.

Халқымыз ул тәрбиясында бир нәрсеге үлкен итибар қаратады: мәрт, ўатансүйиўши, батыр жигит болыўына хызмет ететуғын ойынлар ойнаўды үйретеди, оған усы руўхта тәрбия береди. Бирақ ҳәзир бул тәрбия усылын компьютер ойынларына исенип, техника деген сезимсиз буйымға тапсырып қойып атырғанымыз жоқ па? Ҳақыйқый ер жигитлик қәсийетлери балаға миллий ойынларымыз, китап ҳәм қәдириятларымыз арқалы сиңдирилмей ме?

Ул балалардағы жаўынгерлик қәсийети оларды усындай ойынларға қызықтырады. Бирақ бул қәсийет «Playstation»ларда қәлиплессе, ақыбети не болады?

Түп негизинде жаўызлық, бузғыншылық психологиясы бар ойынлар балаға ҳешқандай пайда бермейди. Қайта руўхыятында өткир социаллық кеселликлер: бийпәрўалық, әдепсизлик, бузғыншылық, жынаятқа мейиллик сыяқлы иллетлерди пайда етеди. Өмирге, инсанлар тәғдирине жеңил қараў сыяқлы унамсыз сезимлер қәлиплеседи. Билесиз бе, бала неге компьютер ойынларына берилип кетеди? Себеби, олар соншелли шеберлик ислеп шығылған, қандай ишине кирип кеткениңизди билмей қаласыз: оларда бала аңсат ғана жеңиске ериседи.

Өзин жеңимпаз сезиў туйғысы болса оны және де руўхландырып, өзине тутқын етеди.Перзентлеримизди әне соннан абайлаўымыз керек. Ертең ол өмир қыйыншылықларын желкесине алыўдан қорқып, әпиўайы қыйыншылықлар алдында да албыраўынан, ақыбетте өз қабығына оралып, жәмийетте де, шаңарақта да орнын табыўға қыйналатуғын бир әбигерге айланып қалыўынан қорқыўымыз керек! Болмаса кеш болыўы мүмкин…

ҚУТҚАРЫЎШЫ ЖОЛ

Ул баладағы жаўынгерлик қәсийети дурыс тәрбияланса, ол мәрт, батыр қорғаўшы болып ер жетеди. Кери жағдайда, ондағы бул қәсийет түрли бузғыншылықларға хызмет етиўи мүмкин.

« – Бул мени де қатты ойландыратуғын мәселе, – деп жазады усы мәселеде бас қатырған бир ана. – Баламды компьютер ойынларынан шалғытыўға көп умтылдық. Бос ўақыт қалдырмаў ушын түрли пән дөгереклерине алып бардық – бәрибир ойынға қызығыўшылығы кетпеди. Берилип кетип ойнамаса да, бос ўақты болыўдан компьютерханаға жуўырады. Ҳәзир басымыз қатқан. Не ислесек болады?

Ҳақыйқатында да, балаларды комьютер ойынлары гирдабынан қалай алып шығыў мүмкин? Мәселениң әпиўайы шешимлеринен бири – бул спорт. Себеби спорт ул баланың жаўынгерлик сезимин қандырыў менен бирге оны ҳәр тәреплеме жетилисиўине хызмет етеди. Итибар берсек, спорттың барлық түрлеринде жаўынгерликти тәрбиялаўшы тәреплер бар. Спорт пенен шуғылланып атырған бала тек ғана комьютер ойынлары емес, ал басқа жеңил-желпи ҳәўесеклерге де шалғымайды. Шуғылланыўды баслағанынан көп өтпей, ҳәрқандай баланың физикалық жағдайы да, минез-қулқы да өзгереди. Спорт балада, дәслеп, ар-намыс сезимин жетилистиреди. Биз балаларды топарларға, гүреске түсиремиз. Олар өз топары абырайын қорғаў ушын барынша гүреседи. Бундай руўхта үлкейген бала ертең шаңарағы, Ўатаны арнамысын өзиники деп биледи ҳәм оны қорғайды.

Шынығыўлар бала шыдамлылығын беккемлейди. Өмир қыйыншылықларына жуўапкершилик пенен қараўды үйретеди. Ол ертең спортты емес, басқа тараўды таңлаған жағдайда да жумысына жуўапкершилик пенен қарайды. Мийнеттен қашпайды, керисинше, жуўапкершиликти өз желкесине алыўға тайын турады.Спорт пенен шуғылланатуғын баланың өзин услаўында да жигитлерге тән салмақлылық қәлиплеседи. Ҳәрбир иске жуўапкерли жантасады ҳәм оны ақырына дейин жеткермей қоймайды. Өзинен әззилерди қорғайды, көмеклеседи.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар