Америкалы белгили физиотерапевт Пол Брэгг түрли мәмлекетлерде болып, саламат турмыс тәризи тийкарларын үйренер екен. Туркияда 154 жаслы Зора Агха менен ушырасады. Бул адам жаслығында Истамбулдағы ири темир жол вокзалында жүк тасыўшы болып ислеген.
Пүткил жумыс искерлиги даўамында аўыр мийнеттен қоллары қабарған кексениң елеге дейин физикалық тетик ҳәм саламат екенлиги шыпакерде терең тәсирлер оятты. «154 жасында да көриў, еситиў қәбилети ҳәм физикалық күши жас жигитлердиң ҳәўесин келтиретуғын дәрежеде еди. Оның бары-жоғы еки тиси түскен, қалғанларының аппақ екенлиги мени ҳайран қалдырды», деп жазған еди Пол Брэгг.
Ал, Зора Агханың узақ жасаўының сыры неде еди? Белгили болыўынша, оның аўқатланыўы жүдә әпиўайы болған. Аўқатқа улыўма ҳайўан майларын ислетпеген, ҳәптесине 2 данадан артық мәйек қабыл етпеген. Аўқат ҳәм салатлар таярлаўда тек өсимлик майынан пайдаланған. Сондай-ақ, ол ҳешқашан рафинадланған ҳәм жасалма жол менен таярланған өнимлерди қабыл етпеген. Өмиринде бир тислем де ақ нан, қумшекер ҳәм қант қабыл етпеген, бир уртлам да спиртли ишимлик ишпеген.
Турақлы түрде қуяшта қурғатылған қара нан ҳәм көп муғдарда мийўе-палыз өнимлерин жеген. Ең сүйикли аўқаты болса қурма болған, күнине үш-төрт дана қурма қабыл еткен. Шөлин қандырыў ушын таза суў ҳәм назбай демлемеси ишкен екен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…