Инсанның қулағы 3 бөлимнен ибарат: сыртқы, орта ҳәм ишки. Отит – орта қулақтың исиниў кеселлиги. Оның пайда болыўының тийкарғы себеби орта қулаққа инфекция түсиўи. Кеселликтиң өткир түрин ҳәр қыйлы инфекциялар, пневмококк ямаса гемофиль таяқшалары келтирип шығарады. Мурын, тамақ ҳәм қулақтың жумысы өз-ара байланыслы болғанлығы себепли, ҳәр қандай ЛОР ағзаларының кеселликлери отитке алып келиўи мүмкин.
ТЫНЫМСЫЗ ЖЫЛАЎ ҚУЛАҚ АЎЫРЫЎЫНАН ДӘРЕК БЕРЕДИ
Отит басланғаннан белги бермейди. Ата-аналар көпшилик жағдайларда дәслепки белгилерге итибарсыз қарайды. Бала көп шатақ салып, иштейи жоғалады, ҳәлсиз ҳәм тынышсыз болып қалады. Дене температурасы да көтерилип, қулағынан ириң ағады. Қатты аўырған ўақытта ҳеш нәрсеге алданбай, қышқырып жылайды. Бул ўақытта кеселлик жоқары дәрежеге көтерилип алған болады. Гейде бул кеселликке бас аўырыўы, кеўил айныўы, қусыў, иш өтиўи сыяқлы белгилер қосылыўы мүмкин. Емизиўли балаларда орта қулақтағы басымның көтерилиўи есабынан менингизм белгилери жүзеге келеди, яғный нәресте басын артқа таслап жылайды.
БАЛАЛАРДЫҢ ЛОР АҒЗАЛАРЫ ӨЗИНЕ ТӘН
Өткир отит бир жасқа шекем болған балаларда көп ушырасады. Үш жасқа толаман дегенше бул кеселликке нәрестелердиң 90 проценти жолығып үлгереди. Буған баладағы ЛОР ағзаларының анатомиялық дүзилиси себеп болады. Нәрестелерде мурын жолы тар, қулақ пенен тутастыратуғын еситиў найшасы болса үш жасқа шекем келте ҳәм кең болып, аўызы ашық турады. Бул болса мурын қуўыслығы ҳәм орта қулақтағы микроорганизмлердиң бир-бири менен тығыз байланыслылығы себепли инфекциялардың тарқалаўына қолайлы шараят жаратады. Нәтийжеде орта қулақтың созылмалы ириңли исиниўин келтирип шығарады, микроб ҳәм инфекциялардың түсиўи аңсат болғанлығы ушын отитке жолығыўға бейимлилик жүзеге келеди.
АНТИБИОТИК АРҚАЛЫ ЕМЛЕЎ ШӘРТ ПЕ?
Емлеў мақсетинде антибиотиклер буйырылады. Биринши басқышта қулаққа тамызылатуғын тамшылы дәрилерден пайдаланылады. Олар аўырыў ҳәм исикти қалдырып, баланың жағдайын жақсылайды. Тамшылы дәри тек ғана қулаққа емес, ал мурынға да тамызылады. Сонда бул еки ағзаны байланыстыратуғын жоллар тазаланып, толық нәтийжеге ерисиледи.
Еки жастан үлкен, тек ғана бир қулағы аўырып атырған, кеселлик белгилери әпиўайы болған балалар антибиотиксиз емленеди ҳәм қайта тексериў арқалы жағдайды бақлап турыў талап етиледи.
КОМПРЕСС ПАЙДА БЕРЕДИ
Исиниў процессин сапластырыў мақсетинде ыссы компресслерден пайдаланылады. Спиртке батырылған пахта қулақтың тесигине тығылып, үстинен бинт пенен жабылады. Пахта ҳәм бинттен аз муғдарда алыў, емлеў усылын жеңил ҳәрекетлер менен әмелге асырыў талап етиледи. Өйткени, қулақ – оғада нәзик ағза.
Және бир компрессте сийле төртмүйешли етип қабатланып, спирт ҳәм май араласпасына батырылады. Соңынан ортасы кесилип, қулаққа кийгизилип қойылады. Бунда қулақтың ишине емес, ал әтирапына жергиликли тәсир көрсетилип, кеселлик сапластырылады.
ҚУЛАҚ АЎЫРЫЎЫ СӨЙЛЕЎГЕ ТӘСИР ЕТЕДИ
Отит балаларда көп ушырасатуғын кеселлик болғанлығына қарамастан, ўақтында толық емленбесе, аўыр асқыныўлар қалдырады. Соның ишинде, баланың улыўмалық раўажланыўы және сөйлеў қәбилетине унамсыз тәсир етиўи мүмкин. Асқыныўы сыпатында баланың еситиў қәбилети төменлейди, бетиндеги нервлер зыянланады, менингит қәўпи жүзеге келеди.
ПРОФИЛАКТИКАСЫ ҚАНДАЙ?
Баланы тек ғана ана сүти арқалы азықландырыў отитке жолығыў қәўпин 13 процентке қысқартады. Алты айға шекем толық анасының сүти менен азықланған, еки жасқа шекем даўамлы емген бала өмир бойы отитке шыдамлы болады.
ҚУЛАҚ АЎЫРЫЎЫНЫҢ КЕСЕЛЛИК ПЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ БОЛМАҒАН СЕБЕПЛЕРИ
Айырым жағдайларда баланың қулағы наўқасланбаса да аўырады. Буған тийкарынан төмендеги факторлар себепши болады:
– қулаққа майда нәрселердиң ҳәм ойыншық бөлеклериниң кирип қалыўы. Бунда тынышсызланыў ҳәм температура болмайды;
– қулаққа суў кириўи. Қолайсызлық ҳәм еситиў қәбилетиниң төменлеўи бақланады, бирақ ўақтыншалық жағдай;
– қулақтың тығылып қалыўы. Әдеттеги ажыралмалар сыртқа шығып кете алмаса, қышыйды, аўырады. ЛОР шыпакери аңсатлық пенен тазалап қойыўы мүмкин;
– аязлаў, күнниң суўығында жалаңбас жүриў. Исиниў себепли қулақ пердеси қызарады ҳәм аўырады.
ҚУЛАҚ АЎЫРЫЎЫНДА БИРИНШИ ЖӘРДЕМ
Әлбетте, отитти шыпакер емлейди. Бирақ, шыпакерге алып бараман дегенше баланың жағдайын жеңиллестириў ушын оған қыстаўлы жәрдем көрсетиў керек. Мәслен:
– балаға қандай да бир аўырыў қалдыратуғын дәри бериў;
– қулаққа спиртли компресс ислеў;
– қулақ аўырыўы себебинен көтерилген дене температурасын тәбийғый усыллар менен түсириўге ҳәрекет етиў, мәселен, есик ҳәм айналарды ашып, балаға көп суў ишкизиў, баланы жеңил кийиндириў;
– егер бурын пайдаланылған тамшылы дәри болса, тамызыў;
– қулақтың тесигин пахта менен бекиткен ҳәм бас кийим кийгизген ҳалда шыпакерге алып барыў лазым.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…