Ҳаял шашларының күши...

Саза журналы
RA-img

Әййемги заманлардан ҳаяллар узын шашлы болған екен. Шашлар қаншелли узын болса – ҳаял-қызға соншелли жақсы болады. Шашлардың арқалы энергия жыйналады яки шашылады. Сонлықтан, заманагөй ҳаялларда шашларын ҳәзирги күнлеринде де пайдалы тәрептен қолланыўына болады. Мәселен:


- Узақ ўақытлардан бери күтип журген ўақыяңыз болыўдан алдын шашларды қыймаў лазым – болмаса кесенти тийеди.


- Шашларға турақлы түрде күтим берип турыў, оларды күнде тарап турыў керек. Буны асығыслық пенен емес, ал ҳәр қыйлы позитив аффирмацияларды  айтқан ҳалда әмелге асырған мақул.

- Ўақты-ўақты менен шашларды бурым қылып өрип турыў керек. Бул күшиңизди үнемлеўге жәрдем бериўи мүмкин. Адамлар көп жыйналатуғын жерлерге – базарға, емлеўханаға, саўда орайларына барған ўақытта, шашларыңызды жыйнап қойғаныңыз мақул.

- Қысқа топ, домалақ қылып жыйналған шашлар ҳаялларда кишипейилликти раўажландырады, ал «қуйрық»тай узын өрилген шашлар белсендилик бағышлайды ҳәм күш береди.

- Егер шашларыңыз түсип басласа, шежире, яғный урыў-аймағыңыз менен байланысты қайта көриў керек. Себеби Әлемниң ўазыйпаларынан бири бизлерди урыў-аймағымыз энергиясы менен тәмийинлеў болып та табылады. Ҳаял адамларда шаш түсиўи – бул еркеклер менен яки әкеси менен машқалалар бар дегени.

- Өзиңиздиң шашларыңызға баҳасы жоқ инам етилген саўғадай қатнаста болың. Егер жақсы көрген адамыңыз алдында шашыңызды жайсаңыз, буны өзиңизди периштедей сезген ҳалда әмелге асырың.

- Есте сақлаң, шашларыңызды күтинип, оларды қәлпине келтире отырып, сиз үйиңизге берекет ҳәм тоқлық шақырасыз.

- Егер сизди турақлы түсинбеўшиликлер ҳәм ҳәлсиреўлер қыйнай берсе – шашыңызды өсириң.

- Егер сиз өзиңиздиң сораўларыңызға жуўап яки қандай да бир ишара алғыңыз келсе, уйқыдан алдын шашларыңызды бурым қылып өрип жатың. Азанда шашларыңызды әдеттеги қәлпине келтирип, жумысыңызға бара бериң. Жуўап келеди.

- Соны билиң, ҳаял өзиниң шашларын тәртипли сақласа, оны илажы барынша узын қылып өстирип, оны тийисли дәрежеде күте алса, ол соған жараса ҳаяллық энергия ҳәм қорғаныў алады. Шашы узын ҳаял адамда әдеттегидей интуиция жақсы раўажланады.

- Ең баслысы, – есте сақлаң, сиз шашыңыздың бир желбиреўи менен кимлердиңдур жүрегинде муҳаббат яки ышқы сезимлерин оятыўыңыз мүмкин....

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар