Кемпир апа:
‒ Тайыншағым, жөтелгениңде қолыңды аўзыңа тутып тур, яқшы ма?
Ақлық:
‒ Қорықпаң, апа, мениң тислерим сизикине уқсап атылып шығып кетпейди.
*** *** ***
Шыпакер қабыллаўында:
‒ Аўзыңызды ашып «а» дең!
‒ Бас ҳәрип пенен бе яки киши?
*** *** ***
‒ Дәўран, Наполеон өлгеннен кейин қандай ўақыялар жүз берген? ‒ деп сорады муғаллим.
‒ Оны апарып көмген-ғо, муғаллим.
*** *** ***
‒ Аға, мен үлкейсем, тап сиздей шырайлы боламан ба?
‒ Сен үлкейсең, мамаңдай шырайлы боласаң, қызым!
‒ Я-яқ, мамамдай болыў ушын көп аўқат керек!! Мен көрдим, мамам алдын жүзин, кейин көзлерин, кейин болса ернин бояйды… Сиз болсаңыз, уйқыдан турып, жүзиңизди жуўсаңыз болды, шырайлы боласыз-қаласыз!
*** *** ***
Қонақта отырғанда анасы баласынан сорады:
‒ Саған ыдыстағы қайсы алманы әперейин?
‒ Ең үлкенин!
‒ Сен әдеплилик етип, кишкентайын деўиң керек.
‒ Сонда не, әдепли болыўым ушын жалған сөйлеўим керек пе?
*** *** ***
Түнде ҳаялы әпендини түртип, деди:
‒ Тур, ҳәўлиде кимдур жүргенге усайды.
‒ Өзиң қарап кел.
‒ Мен еки қабатпан, қорқаман!
‒ Еки қабат болып сен қорқасаң-дә, бир қабат болып мен қорықпайман ба?
*** *** ***
Бир адам шыпакердиң кабыллаўына келди:
– Доктор, жәрдем бериң, ярым гереңмен!
– Бундай болыўы мүмкин емес!
Қулақ я герең, ямаса герең емес болады.
Доктор бир мүйешке барып сыбырлапты:
– Қырқ төрт!
Наўқас жуўап қайтарды:
– Жигирма еки!
*** *** ***
– Доктор, мени ийт тислеп алды!
– Тилекке қарсы, ҳешқандай жәрдем бере алмайман. Ҳәзир улыўма дәримиз жоқ!
– Бир нәрсе ислеўдиң илажы жоқ па?
– Яқшы, ийтти таўып, услап алып келиң. Оған жақсылап бақыраман!
*** *** ***
Газета хабаршысы жиллихананың бас шыпакеринен сорап атыр.
– Қандай тест емлеўханадан шығыў ушын тийкар болады?
– Ваннаға толтырып суў қуямыз, қасына бир шай қасық пенен үлкен кружка қоямыз ҳәм ваннаны суўдан босатыўды сораймыз.
Хабаршы күлип жуўап берди:
– Ҳәрқандай саў адам кружканы алады.
– Яқ, – деди директор, – саў адам ваннаның тығынын алады.
*** *** ***
Психолог қабыллаўында:
– Күйеўиме азаннан кешке шекем сөйлеймен, ол болса итибар да бермейди. Бул қандай да бир кеселлик емес пе?
– Бул кеселлик емес, нағыз талант!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…