ХАРАКТЕР, ИММУНИТЕТ ҲӘМ КЕСЕЛЛИКЛЕР

RA-img

Иммунитет адамдағы мақсетке бағдарланғанлық, оптимизм,  мийнет  сүйгишлик,  қалыс  хызмет,  ашық минезлилик,  кеширимлилик  ҳәм тағы басқа унамлы қәсийетлердиң тәсирлеринен беккемленеди.


1. Мақсетке  бағдарланғанлық  иммун  системасының беккем клеткаларды ислеп шығарыў қәбилетин күшейтеди.

Бийҳүўда  ўақыт  өткериўлер,  жалқаўлық,  ис-қосжақпаслық  иммун  системасының  клеткаларды ислеп  шығарыўшы  функционаллық  активлигин ҳәлсиретеди.

 

2. Оптимизм иммунитеттиң күшин асырады. Пессимизм иммунитетти әззилетеди.

Депрессия  иммунитетти  басып-женшип  таслайды.

 

3. Мийнет сүйгишликтен иммунитет қуўатланады.

Бийкаршы  жүриўлер иммунитетти дәрмансызландырады.

Жүдә берилип мийнет етиўлер иммун клеткаларының активлигин бузады.

 

4. Қалыс  хызмет  өзине  тән  түрде  иммунитетти күшейтеди.

Ашкөзлик  иммун  клеткаларының  шектен  тыс агрессиясын  келтирип  шығарады;  бул,  өз  гезегинде организмде  аутоиммун  процесслерди  жүзеге  келтиреди.

Жуўапкерсизлик  өзине  сай  түрде  иммунитеттиң төменлеўине алып келеди.

 

5. Ашық жүзлилик иммун органларға зорықпай ислеў имканиятын жаратады.

Жабыңқы болып жүриўлер иммунлық хызметлерди төменлетеди.

Арсызлық, бетсизлик иммун системасын шектен тыс қоздырады.

 

6. Кеширимли  болыў  иммунитеттиң  исиниў  процесслерине қарсы гүресиўин күшейтеди. Өкпелегишлик ҳәм ашыўшақлық иммунитетти  төменлетеди,  мүмкин  болған  барлық  созылмалы ҳәм жуқпалы  процесслердиң организмде кешиўлерин көбейтеди.

 

7. Бийкаршы жүриўлерден лимфатикалық система жәбир тартады ҳәм ақыбетте  иммунитет төменлейди.

 

8. Шектен тыс шаршаў жақтырмаған мийнетиңди ислегенде жүз береди. Соң  лимфоцитлердиң ислеп  шығылыўы  бузылады ҳәм иммунитет ҳәлсирейди  —  организмдеги аўҳалдың раўажланыў избе-излиги әне усындай.

 

9. Ашкөзлик, «мал-дүньяға жүдә жақын болыў» – иммунитеттиң мүмкин болған барлық бузылыўларына алып келеди.

 

Жуўмақлап айтқанда, саў-саламат болыў ҳәм бәрқулла иммунитеттиң жоқары болыўына ерисиў ушын минез-қулқымызда жақсы пазыйлетлерди көбейтиўимиз лазым.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар