Баланың руўҳыйлығын анализ қылыў ушын, әўели, оған сүўрет салыўы ушын реңли қәлемлер сатып алып бер. Қәлемлерди қай дәрежеде басып ислетиўине ямаса сызықлардың, белгилердиң көплигине, сондай-ақ үлкен-кишилигине қарап, оның ишки дүньясын, қыйнап атырған машқалаларын билип алыўыңа болады.
Балаңның кейпияты жөнкилли, жайпарахат (яғный, жақсы да, жаман да емес) болғанда сүўрет салыўды усын. Өйткени, қуўанышлы ямаса қайғылы ҳәдийселерден соң оның пикири шалғып кетеди, салған сүўрети оның характерин белгилемейтуғын болады.
Бир мәрте салған сүўретине қарап-ақ дәрриў жуўмақ шығарма. Себеби, перзентиңниң сызған нәрселери — ол ушын әдеттеги салып жүргенлери болыўы мүмкин. Бир тоқтамға келиў ушын сүўрет салыўын ҳәпте даўамында 2-3 мәрте қайталаттыр. Абайла, перзентиңниң дөретпеси — сызып-сызып, қолы жатлыққан нәрсеси емеслигине исениш ҳасыл қыл. Айтайық, 3 жасар жигербентиң сүўрет салып атырған болсын. Сен оның жанында бол. Лекин, оның творчествосына суғылыспа: нени ямаса кимди сызыў кереклигин өзи билсин. Үйретпе, түрли саўаллар менен алағада етпе. Жақсысы, тыныш ғана бақлап тур. Итибар бер, ол альбомға биринши болып кимниң сүўретин сызды (сениң бе, күйеўиңниң бе) ҳәм не ушын?
Әдетте, бундай жастағы бала көбинесе анасының сүўретин салады. Мынадай да жағдай болады: әке хызмет бабы менен командировкаға кеткен болса, бала сениң емес, ал оның сүўретин сызыўы мүмкин. Бундайда «Ҳе, балаға әкелик мийрим жетиспей атыр» деген қорытынды жасасаң, шынлықтан узақласқан боласаң. Перзент тек шаңарақ ағзаларының саны бир адамға кемигенин айтып турған болады. Сүўрет салыўды тамамлағаннан кейин балаңнан сүўреттеги киси ким ямаса нәрсе не екенлигин сора.
Балаңның сүўретлерин анализлегенде ондағы элементлерге (көз, ерин, бас, аяқ-қол ҳәм т.б.) дыққат пенен итибар бер.
КӨЗ – организмниң тийкарғы ағзаларынан бири. Перзентиң сүўретлеринде адамлардың көзлерин үлкен-үлкен етип сала берсе, демек, онда ишки дүньясында қорқыныш ҳәм тынышсызлық бар. Буны дер гезинде анықлап, оны панаҳыңа ал, қорға. Егер, ҳәрдайым тек ғана анасының, яғный сениң көзлериңди нәҳән етип сала берсе, демек, оның пикиринше, сениң өзиң жәрдемге мүтәж болып шығасаң.
Күйеўиң менен болып өткен көп даў-жәнжеллерден нәрестениң санасында усындай образ дөреген екен.
ЕРИН – қаҳарманның кейпиятын аңлатыўда хызмет қылады. Бала әллеқандай кисини күлимсиреп турғанын сызған болса, — демек, оның кейпияты жоқары. Сүўреттеги адамның аўызы үлкен ямаса ерин шетиндеги сызықлары қалың болса, «перзентим биреўден дәкки жеген екен» деп түсин. Егер үлкен әжағасы баланы көп тергейберсе ҳәм қопал мүнәсибетте болса, оның сүўретин аўызсыз салып жибериўи мүмкин, өйткени бул орган дөретиўшилик процеси ўақтында оған жүдә жағымсыз түйилгенликтен, қалдырып кеткен болады.
БАС – ақыл белгиси. Балалар өз сүўретлеринде ақыллы деп санаған кисилериниң басларын денесинен үлкенирек етип салады.
ҚУЛАҚ – Көпшилик жағдайларда мектеп жасындағы балалар өз қаҳарманларын қулақсыз сызыўға, шаштың арасында қалдырып кетиўге әдетленген болады. Бундай «умытшақлыққа» оншалық кеўил аўдармаң. Бирақ, дыққат етиң, егер перзентиң шаңарақтағы ҳәммени де қулақ пенен, тек әжапасын қулақсыз сызған болса, онда «қызымды критиканы қабыл қыла алмайтуғынлардың топарына киргизген екен» деп билгейсең.
ҚОЛ – ушырасыў белгиси. Егер перзентиң сүўретиндеги қаҳарманларының қолларын бир-бирине усластырып, тарақ алдырып, бармақларын илиндирип салған болса, қуўана бериң — демек, балаң ҳәмме менен дослық мүнәсибетте болып атыр. Керисинше болса — қоллар бир-биринен алшақ турса — онда, имканы барынша себебин анықлап, жағдайды туўрылаўға ҳәрекет ет. Қоллар кишкене, келте ямаса жеңге ямаса қалтаға беркитилип сызылған болса, бул — әззиликтиң, босаңлықтың белгиси, яғный «ҳеш нәрсе қылалмайман, мениң қолымнан ҳештеңе келмейди» дегенди аңлатады.
Көпшилик жағдайларда жатырқағыш балалар өзлериниң қолларын сондай етип салады. Психологлардың анықлаўы бойынша, қоллардың жоқарыға көтерилген ҳалда салыныўы — жақсылық белгиси емес. Неге десеңиз — жәнжелди аңлатады. Өзлерин усындай позицияда салған балалар жулпыс, урныққыр келеди, басқалардың қорқыўын жүдә қәлейди.
АЯҚ – сүйениш белгиси. Сүўретте пол, жол, жер, гилем тирек орны болса, буны жақсылыққа жорыў керек. Егер бала өзин усындай буйымлар, мәкан үстинде турған қылып салса, демек, ол өз күшине исенеди екен.
Анық, өткир қырлы формалар психологияда басқыншылық белгиси деп қаралады. Тис, тырнақ, тикен, қырлы тахтай, шүллик таяқ — солар қатарынан. Лекин, шешим шығарыўдан алдын сүўретленген көринислерге жақсылап итибар бер. Бәлким, олар перзентиңниң сүўретинде «кирпитикен синдромы» болып, агрессияны емес, ал басқалардан қорғаныў ўазыйпасын атқарып турған шығар?
Қорқынышлы, сықылсыз көринислер. Бала өзин жалғыз сезинбекте. Ол үлкенлердиң қорғаўына мүтәж.
Егер сүўрет объекти беттиң бир мүйешинде ямаса ҳәдден тыс кишкене болса, — бул жақсы емес. Беттиң көпшилик бөлеги бос турса, бул — баланың өз-өзине төмен баҳа бериўин аңлатады. Ол өзин мудамы пәс ҳәм күшсиз есаплайды. Ата-анасы оған ҳәдден тыс қатаң шығар? Демек, бундай баланы қоллап-қуўатлаў, өзине болған исенимин арттырыў керек.
Қаҳарманның сүўрети қағаздың ортасына салынса — бала нормаль раўажланып киятырған болады.
Қуяшы, гүллери, қуслары бар сүўрет кеўилдиң тынышлығынан ҳәм жақсы кейпияттан дерек береди.
Жабылған сандық, қаўсырылған есик, қақпағы басылған қазан қусаған сүўретлер балада сыр, қупыя бар екенин аңлатады. Бала ушын бундай позициядағы предметлер «Мүмкин емес! Кирме! Ашпа!» деген мәнис кәсип етеди.
Перзентиңниң сүўретлерин таслап жиберме. Бир папкаға тақлап, жыйнай бериўден шаршама. Араарасында оларды көзден кеширип тур. Ҳәр қараған сайын перзентиңди терең түсинип бара бересең, жүрегине гилт табасаң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…