Күлкитерапия

RA-img

   


Қурылыста усталар ислеп атырған екен. Тосаттан олардан бириниң қолында турған гербиши түсип кетипти ҳәм төменде, жерде кетип баратырған адамның басына түсипти. Жолаўшы естен танып қалыпты. Көзди ашып жумғанша «Тез жәрдем» ҳәм милиция жетип келипти. Сонда милиция хызметкерлеринен бири устаға қарап бақырыпты:

— Абайласаңыз болмайды ма? Ақыры, бул адам қосықшы-ғой!

Сондай уста суўық дем алып, депти:

— Үҳ! Бул қосықшылардың көплигин-әй! Гербиш таслаўға да жай қалмапты-а!

*** *** ***

Көп ишетуғын еки жигит ушырасып қалыпты:

– Мен арақ ишиўди тасладым, – деди биреўи. – Енди аўзыма алмайман!

– Ҳаў, неге?

– Ишсем болды, ертесине бет-әлпетим исип кетеди.

– Түсинемен…, мениң ҳаялымның да қолы қатты.

*** *** ***

– Қыйналып кеттим, дуқтыр аға, сиз ҳүжданды операция жолы менен алып таслай аласыз ба?

– Аўа, ала аламан. Тек пулын алдын ала төлейсиз.

*** *** ***

Жайын сатыўшы нәўбеттеги клиентке:

– Мен ҳағынан келейин – дәслеп сизге жайымның кемшиликлерин айтпақшыман.

Арқа тәрепте мусоросвалка бар, қублада мал фермасы жайласқан. Батыс тәрепте балық фабрикасы, ал шығыста болса – шошқа ферма! – депти ол сәл муңайып.

– Вай-бооо?!!! Жайыңыздың қандай да бир абзаллықлары бар ма?

Жайдың ийеси қатты исеним менен жуўап берди:

– Қайсы тәрептен самал есип турғанын сиз анық билесиз!

*** *** ***

Ҳаял күйеўинен сорады:

– Мени қандай сүйип қалғансыз?

– Көрдиңбе, буған өзин де ҳайрансаң!

*** *** ***

– Папа, сиз бир шийша шербет ише аласыз ба?

– Яқ, қызым, шербет арақ емес, оны көп ишиўге болмайды.

*** *** ***

– Ақмақ балам кисемнен және пул алып кетипти, - деди қәҳәрленген әке.

– Не ушын ол алған деп ойлайсыз? – баласының тәрепин алыпты ана, - мүмкин мен алған шығарман?!

– Ҳешқандай! Кисемде азғантай пул қалып кетипти…

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар