ОНКОЛОГИК КЕСЕЛЛИКЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛЫЎ УШЫН НЕ ЖЕЎ КЕРЕК?

RA-img

   


Жүзимниң тойғын-қызыл сортлары яки қызыл мусаллас (күнине 1 кеседен көп емес) ракке қарсы гүресиўге жәрдем береди. Кентукки (АҚШ) университети алымларының анықлаўынша, тоқ реңли жүзимниң дәнеси менен қабығы лейкемияға қарсы гүресиўде асқатады. Олардың иске асырған тәжирийбеси ўақтында наўқасларға жүзим дәнесинен таярланған экстракт қабыл қылыўға көрсетпе берилди. Мәлим болыўынша, экстракт қурамындағы ресвератрол рак клеткаларының набыт болыўына алып келиўши белокты активлестиреди. Калифорния университети өткизген изертлеўге көре, ресвератрол асқазан раги қәўпин кемейттиреди ҳәм, ҳәтте, әллеқашан раўажланған өспелерди де даўалайды екен.

Помидор өңеш, өкпе, көкирек, асқазан, асқазан асты бези, простата бези ҳәм жуўан және туўры ишектеги зыянлы өспелердиң қәўпин кемейттириўге жәрдем береди. Олардың күши сонда, — қурамында ликопен каротиноиди жүдә көп. Италиялық алымлар ишек рагинен қыйналып атырған 2700 наўқастың диетасын қадағалады ҳәм оларды ҳәр күни помидор жейтуғын 2900 дени саў адамның аўқатланыўы менен салыстырды. Мәлим болыўынша, помидорлы диетаны сақлайтуғынлар бул палызды кем жейтуғынларға қарағанда 30-40% кемирек ишек раги менен кеселленеди.

Гарвард медицина мектебинде 6 жыл даўамында 47 мың еркек үйренилди. Олар арасында қәўипли топарға кириўшилер де болған. Бир топар ҳәр күни помидор жесе, екинши топар улыўма жемеген. Нәтийжеде помидорхорлардың простата бези раги менен кеселленип қалыў итималы 21-34 пайызға қысқарған.

Филадельфия ҳәм Детройт (АҚШ) онкологлары өткизген изертлеўге көре, операциядан алдын ликопен қабыл қылған, простата бези рагинен қыйналып атырған наўкаслардың өспеси алып тасланғанда, оның көлеми кишкене екенлиги гүзетилди ҳәмде метастаз кемирек жүз бергени анықланды. Тәжирийбедеги топар күнине шама менен 460 грамм помидор жеген. Буның үстине, оны тек ғана қамлығынша жемеген: помидорды қуўырғанда да, қайнатқанда да яки пуўға писиргенде де, ликопен өзиниң пайдалы қәсийетин жойытпайды. Бирақ, ликопен май менен ғана сиңеди.

Апельсин ҳәм мандаринде өкпе рагинен қорғаўшы тәбийий затлар анықланған. Америкалық алымлар усы мийўелерден 22 актив затты ажыратып алған. Олардан тангеретин, нобилетин ҳәм синенсетин рак клеткаларының көбейиўине жол қоймайды. 1 стакан жаңа сығылған апельсин шербети клеткаларды зыянлы өспелерден сақлаўшы аскорбин кислотасына болған организмниң бир күнлик талабын қандырыўга жетеди.

Америкалық алымлардың анықлаўынша, қанында Е витамини көп болған ҳаяллар сүт бези раги менен кем кеселленеди. Сонлықтан, Гарвард университети профессоры Ричард Ходи қурамында усы витамин мол болған зайтун майын көп тутыныўды айрықша айтып өтеди. Оның пикирише, Е витамини сүт бези рагиниң пайда болыў итималын 25 пайызға кемейттиреди.

Алымлардың тыстыйықлаўыша, капустаның ҳәмме түрлери (әсиресе, брокколи) ҳәм шалғам (оның қурамында сульфорафан бар) өспелердиң өсиўин тоқтатыўға жәрдем береди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар